ИТИБАР ҲӘМ ИСЕНИМ — ИЙГИЛИКЛИ ИСЛЕРГЕ ҚАНАТ
Ҳүрметли Президентимиздиң Республикамызға болған нәўбеттеги сапары мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң 31 жыллық байрамы қарсаңында қуўанышлы, қутлы қәдем болды.
Бул сапары да мәмлекетимиз басшысы ҳәр қашанғыдай, халқымыз ушын өз қәлбиндеги шексиз меҳир, ҳүрмет ҳәм исенимин алып келди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси сессиясында Жоқарғы Кеңес Баслығы лаўазымына талабан Аманбай Орынбаевтың Президентимиз усынысы менен алдағы ис-режелери презентациясы тийкарында Қарақалпақстанда исбилерменликти, аўыл хожалығы тараўын ҳәм инфраструктураны раўажландырыў, санаат жойбарларын әмелге асырыў, халықтың кең қатламын социаллық қорғаў бойынша бир қатар усынысларын билдириўи, ең тийкарғысы, презентацияда билдирилген усыныслардың мәмлекетимиз басшысы тәрепинен қоллап-қуўатланыўы кеўлимизди толқынландырғаны ҳақ гәп.
Ҳақыйқатын айтқанда, соңғы 5-6 жыл ишинде Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстанға болған итибар, республиканың гүллеп раўажланыўы ушын әмелге асырылып атырған жойбарлар, ажыратылып атырған қаржылар көлеми, алдын мисли көрилмеген дәрежедеги жаңаланыўларға негиз болмақта.
Халқымыздың көз оңында жаңаланған Мойнақ, Арал теңизиниң қурыған ултанында пайда болған жасыл ояныўлар, қайта тикленген Бозатаў, «Абат аўыл», «Абат мәҳәлле» бағдарламалары негизинде избе-из көркейип атырған аўыл ҳәм мәҳәллелер, социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақлар ҳәм олардың ағзаларына көрсетилип атырған материаллық ҳәм мәнаўий жәрдемлер сөзимиз дәлили.
Президентимиз мине усындай кең көлемде әмелге асырылып атырған ис-илажларға қарамастан, еледе шешилиўи тийис айрым машқалалардың да бар екенлигин атап өтип, республикамыздың жаңа басшысының презентациясында өз сәўлелениўин тапқан жумысларды әмелге асырыў ушын зәрүр болған ресурсларды ажыратыў, ең тийкарғысы халықты разы етиў бойынша тийисли тараўлар басшыларына анық тапсырмалар берди.
Енди усы жерде Президентимиздиң Қарақалпақстанға болған айрықша меҳри, шексиз итибары нәтийжесинде иске асырылатуғын, сессияда атап өтилген жаңалықларға нәзер аўдаратуғын болсақ, мәмлекетимиз басшысына болған қәлбимиздеги алғыс ҳәм рахметлер ерксиз тилимизге көшеди.
Қарақалпақстанда исбилерменликти раўажландырыў мақсетинде аймақ ушын пайда салығы ставкасын 15 проценттен 2,5 процентке түсириў, мал-мүлк ҳәм жер салығы ставкаларын 2 есеге кемейтиў, буннан тысқары, усы жылда шаңарақлық исбилерменлик бағдарламалары ушын режедеги 650 миллиард сумға қосымша түрде 200 миллиард сўм ажыратылыўы белгиленгенлиги, айрықша итибар, анық бағдарланған әмелий ғамқорлықтың белгиси болып табылады.
Бул өз гезегинде аймақта жаңа жумыс орынлары жаратылыўы, ҳәр бир шаңарақтың турмыс дәрежесиниң жақсыланыўына негиз жаратады.
Сондай-ақ, 15-сентябрьден баслап Қарақалпақстандағы пенсия ҳәм напақа алыўшылар, майыплығы болған шахсларға темир жол ҳәм авиабилетлер сатып алыў ушын 50 процентлик жеңилликтиң тиклениўи, кекселеримиз бенен майыплығы болған инсанлар ушын үлкен мийирманлықтың көриниси болды.
2025-жылға шекем қосылған дәрамат салығы бойынша режеден арттырып орынланған түсимлерди Қарақалпақстан бюджетинде қалдырыў, бақша, мектеп ҳәм медицина мәкемелери қурылысына келеси бес жылда қосымша 5 триллион сум ажыратыў, буннан тысқары, пуқараларға жеке тәртиптеги турақ жай қурыў мақсетинде жер участкасын бериў бойынша усыныслар ислеп шығыў ҳаққында берилген тапсырмалар, елимиздиң көркине көрк, халқымыздың дастурханына ырысқы-берекет алып киреди деп исенемен.
Жаслар мәселеси, олардың жетик билим-илим ийелеўи, ҳәмийше мәмлекетимиз басшысының дыққат итибарында болып келмекте.
Мине усы тийкарда Қарақалпақстан жаслары ушын мәмлекетимиздеги барлық жоқары оқыў орынларынан 6,5 мың қабыллаў квотасының белгилениўи, жоқары билим ийелеўге умтылып атырған жасларымыз ушын айрықша имканият есапланады.
Демек, биз бул атап өтилген алдыннан көрсетилип атырған ҳәм буннан кейинде даўам ететуғын ғамқорлық ҳәм имканиятлардан утымлы пайдаланып, Президентимизге болған шексиз алғыс ҳәм ҳүрметимизди аўызбиршиликли түрде ис жүзинде үлкен нәтийжелер менен көрсетиўимиз дәркар.
Раўаж ОТАРБАЕВ,
Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы,
Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси депутаты.