«ЭЛЕКТРОН ҲҮКИМЕТ» СИСТЕМАСЫНАН ПАЙДАЛАНЫІДЫҢ ҚОЛАЙЛЫЛЫҚЛАРЫ
Соңғы жылларда халыққа мәмлекетлик хызметлер көрсетиў системасы жаңаланып, исбилерменлик орталығын түп-тийкарынан жақсылаў, артықша бюрократиялық тосқынлықларды сапластырыў бойынша избе-из илажлар әмелге асырылып атыр.
Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 21-апрельдеги «Мәмлекетлик хызметлер көрсетиўди әпиўайыластырыў, бюрократиялық тосқынлықларды қысқартыў ҳәм мәмлекетлик хызметлер көрсетиў миллий системасын раўажландырыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы қабыл етилди.
Усы пәрман менен халыққа мәмлекетлик хызметлерди қолайлы ҳәм әпиўайы формада көрсетиў ҳәм пуқаралардың артықша әўерешиликлериниң алдын алыў, мәмлекет уйымлары мәлимлеме системасында бар болған мағлыўматларды исенимли қорғаў бойынша жумысларды избе-из даўам еттириў зәрүр екенлиги ҳәм физикалық, юридикалық шахслар ушын мәмлекетлик хызметлер көрсетиў көлемин арттырыў, пуқаралардың аралықтан турып, электрон мәмлекетлик хызметлерден ғәрезсиз пайдаланыў мүмкиншиликлерин кеңейтиў, ҳәмме ушын тең шараятларды жаратыў арқалы инклюзив орталықты қәлиплестириў мақсетинде бир қанша илажларды әмелге асырыў белгиленген:
2022-жыл 1-августтан баслап, мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыў ушын шахсты идентификациялаўдың әмелдеги система ҳәм қуралларына қосымша түрде физикалық шахсты идентификациялаўдың Мобил-ID системасын енгизиў;
Мобил-ID системасы «Электрон ҳүкимет» системасынан пайдаланыўшыларды идентификациялаў, яғный, шахсты оның мобил телефон номери арқалы идентификациялаўды нәзерде тутады;
шахсты Мобил-ID системасы жәрдеминде идентификациялаў пуқараның қәлеўине көре мәмлекетлик хызметлер орайы ямаса нотариал мәкеме тәрепинен ямаса бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталының мобил қосымшасы арқалы әмелге асырылады;
Мобил-ID системасы жәрдеминде идентификациядан өтиў ушын пуқара тәрепинен тиккелей Орай ямаса нотариал мәкемеге мүрәжат етилгенде шахсты тастыйықлаўшы ҳүжжеттиң тийкары усынылады ҳәм Орай ямаса нотариал мәкеме хызметкери тәрепинен пуқараның жүзи цифрлы форматта сүўретке түсириледи ҳәм электрон формада бармақ изи алынып, мобил телефон номери бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталындағы жеке кабинетке байланысады;
Мобил-ID системасы жәрдеминде идентификациядан өтиў ушын пуқара тәрепинен бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталының мобил қосымшасынан пайдаланылғанда аралықтан биометрикалы идентификациялаў (Faсe-ID) усылы ямаса ID-картадағы электрон цифрлы қолтаңбасы қолланылады ҳәм мобил телефон номери бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталындағы жеке кабинетке бийпул байланысады;
тиккелей Орайлар ямаса нотариал мәкеме арқалы пуқараларды Мобил-ID системасына идентификация етиў 2022-жыл 31-декабрьге шекем төлем өндирилместен, 2023-жыл 1-январьдан баслап базалық есаплаў муғдарының 2 проценти муғдарында бир мәртелик төлем өндирилген ҳалда әмелге асырылады;
Мобил-ID системасы пайдаланыўшылары электрон цифрлы қолтаңбаны қолланбаған ҳалда барлық мәмлекетлик хызметлерден (буннан финанслық хызметлер тысқары) пайдаланыўы мүмкин;
пуқараның бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталындағы жеке кабинетине жиберилетуғын барлық хабарнамалар оның қәлеўине көре ҳәм белгиленген төлем төлеўлер тийкарында Мобил-ID системасы арқалы идентификацияланған мобил телефон номерине СМС-хабар формасында жибериледи.
Бул пәрман менен республикамызда мәмлекетлик хызметлер көрсетиўде бюрократизм ҳәм басқарыў тараўындағы тосқынлықларды сапластырыў, гөнерген ҳәм заман талабына сай келмейтуғын тәртип-қағыйдаларды түп-тийкарынан қысқартыўға қаратылған системалы жумысларды әмелге асырыў, атап айтқанда, халық ҳәм исбилерменлик субъектлери тәрепинен 73 түрдеги мағлыўматнама ҳәм ҳүжжетлер усыныў тәртиби бийкар етилип, мәмлекетлик шөлкемлер тәрепинен бул мағлыўматларды «Электрон ҳүкимет» системасы мәкемелер аралық интеграциялаўшы платформасынан пайдаланған ҳалда алыў системасы енгизилди.
Жуўмақластырып айтқанда, қабыл етилип атырған қағыйдалар, ең алды менен инсан ҳуқық ҳәм еркинликлери, олардың мәплерин қорғаў, мүнәсип жасаў шараятын тәмийинлеў болып есапланады.
Т.ТЛЕУБАЕВ.
Тахтакөпир районы юридикалық хызмет көрсетиў орайы бас юрисконсульты.