Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 01:32:09, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТУРАҚ ЖАЙЛАР UZKAD МӘЛИМЛЕМЕ СИСТЕМАСЫНА КИРГИЗИЛМЕКТЕ

Хабарыңыз бар, Қарақалпақстан Республикасы Жәҳән банки қатнасыўындағы «Көшпес мүлк ҳәм кадастр системасын дизимге алыў системасын модернизациялаў» жойбары шеңберинде Uzkad мәлимлеме сис­темасына аўыл хожалығы бағдарындағы жерден пайдаланыўшылардың жер майданларын киргизиў жумысларыалып барылған еди.

Ҳәзирги күнде бул системаға көп қабатлы турақ жайларды киргизиў жумыслары даўам етпекте. Атап өтиў орынлы, қала ҳәм районларда 1761 көп қабатлы турақ жайлар болса соннан 1149 турақ жайлар киргизилди ҳәм басқа турақ жайлар бойынша жумысларалып барылмақта. Мине, усы мәселелер дөгерегинде жақында мәмлекетлик кадастр­лар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы мәжилислер залында ғалаба хабар қураллары қатнасыўында баспасөз конференциясы болып өтти.

Тараў қәнигелериниң атап өткениндей, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 29-декабрьдеги қарарына муўапық көшпес мүлкке болған ҳуқықларды мәмлекетлик дизимнен өткериў бойынша әмелге асырылған жумыслар ҳаққында кең түрде айтып өтти. Атап өтилгениндей, 2022-жылдаң усы күнге шекем көшпес мүлк        объ­ект­лерин мәмлекетлик дизимнен өткериў бойынша 39747 арза, буйыртпалар келип түскен, соннан 733 арза бу­йыртпа Мәмлекетлик хызметлер орайлары тәрепинен бийкар етилген, 2884 буйырт­па белгили себеплерге көре бийкар етилген және де 178 буйыртпалар белгиленген тәртиби бойынша көрип шығыў процесинде, 1408 буйыртпа төлем төлеў процесинде, 34544 көшпес мүлк объекти ҳәм 1605 ипотека ҳәм ижара шәртнамалары мәмлекетлик дизимнен өткерилген.

Сондай-ақ, Президентимиз тәрепинен өткерилген видеоселектор мәжилисинде берилген тапсырмалар тийкарында, яғный, кадастр жоқ болған турақ жайлар бойынша бүгинги күнде архив ҳүжжетлерди үйренип шығыў ҳәм Uzkad системасына киргизиў бойынша жумыслар алып барылмақта.

Атап айтқанда, 60 952 көшпес мүлк объекти мәмлекетлик дизимнен өткерилмеген, 943 объект көрип шығылды.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 19-апрель күни «2021-2022-жылларда Қарақалпақстан Республикасының Нөкис қаласындағы шараяты аўыр аймақларда социаллық-экономикалық, турмыслық ҳәм инфрасистема жағдайы менен байланыслы машқалаларды сапластырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.

Усы қарарда көрсетилген Нөкис қаласындағы «Қоскөл-1,-2,-3,-4», «Шымбай гүзары», «Боз аўыл», «Қызыл қум», «Әмиўдәрья», «Қутлы мәкан», «Саманбай», «Ақ жағыс», «Айдынжол», «Телеорай» мәкан пуқаралар жыйынларында өзбасымшалық пенен тәртипсиз қурылған турақ жайларды үйренип шығыў ҳәм кадастр ҳүжжетлерин рәсмийлестириў ушын исши топар дүзилип, Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы Нөкис қаласы филиалы қәнигелери тәрепинен хатлаў жумыслары әмелге асырылмақта.

— Бүгинги күнде атап өтилген мәкан пуқаралары жыйынларында анықланған өзбасымшалық пенен тәртипсиз қурылған кадастр ҳүжжети болмаған 4022 турақ жай бойынша топ­ланған мағлыўматлар исшитопар тәрепинен көрип шығылып, 3979 турақ жайға мүлк ҳуқықын бериўши ти­йисли жуўмақ таярланды.

Усы жуўмақ пенен мәмлекетлик хызметлер орайы арқалы берилген арзаларға тийкарланып қарарда көрсетилгениндей, пуқаралар ушын бийпул жергиликли бюджет есабынан 3364 турақ жай мәмлекетлик дизимнен өткерилди ҳәм 3654 турақ жайларға кадастр паспорты таярлап берилди, - дейди усы басқарманың юридикалық бюро баслығы Төребек Гаипов.

Қатнасыўшылар қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

З.ЕРЕКЕЕВА,

арнаўлы хабаршымыз.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF