ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАРДЫ АГРОИСБИЛЕРМЕНЛИККЕ ТАРТЫЎҒА ҚАРАТЫЛҒАН ЖОЙБАР
Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Аралбойы халықаралық инновация орайында Германияның халықаралық бирге ислесиў жәмийети (GIZ) ҳәм Өзбекстан «Аграр тараўы ҳаял-қызлары» бирлеспеси тәрепинен шөлкемлестирилген конференция болып өтти.
Германияның халықаралық бирге ислесиў жәмийети ҳәм Өзбекстан «Аграр тараўы ҳаял-қызлары» бирлеспеси тәрепинен «Аралбойы регионындағы ҳаял-қызларды агроисбилерменликке тартыў арқалы потенциалын күшейтиў, шығындылардан инновациялық усылда компост таярлаў, шорланған жерлердиң нәтийжелилигин арттырыў ҳәм аймақтың экологиясын жақсылаў» атамасында грант жойбарына қол қойылған еди.
Атап өтилгениндей, бүгинги күнги әҳмийетли мәселелерден бири болған аўыл хожалығын раўажландырыў арқалы халықтың азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў бағдарында елимизде системалы жумыслар алып барылмақта. Аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўда халықтың қыйтақ жерлери ҳәм жеке жәрдемши хожалықлары айрықша әҳмийетке ийе болып, онда ҳаял-қызлардың орны гиреўли болып табылады.
Жойбарды әмелге асырыўдан мақсет, Аралбойы регионында экологиялық орталықты жақсылаўға көмеклесиў, шорланған жерлерде топырақ өнимдарлығынан ҳәм шығындылардан пайдаланыў арқалы қыйтақ жерлердиң нәтийжелилигин арттырыў, экология ҳәм тәбиятты сақлаўда аймақ халқының жуўапкершилигин арттырыўдан ибарат. Сондай-ақ, жерлердиң өнимдарлығын арттырыўда инновациялық усылларда таярланатуғын компосттан пайдаланыў бойынша көнликпе пайда етиў, алынған тәжирийбени ен жайдырыў, жаңа усылда таярланған компосттан (органикалық төгиннен) пайдаланыўды жолға қойыўдан ибарат.
Германияның халықаралық бирге ислесиў жәмийети ҳәм Өзбекстан «Аграр тараўы ҳаял-қызлары» бирлеспеси тәрепинен региондағы ҳаял-қызларды агроисбилерменликке тартыў, дийқаншылық ҳәм шарўашылық бағдарында заманагөй билим бериў, оларды инновациялық, үнемлеўши технологиялардан, жер, суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў усылларынан хабардар етиў мақсетинде орынларда семинарлар өткерилмекте.
Мәлим болғанындай, экологиялық мәселелер елимиз, әсиресе бизиң регионымыз ушын оғада әҳмийетли есапланады. Соның ушын илажларда экологиялық жағдайды жақсылаўда халықтың қыйтақ жерлери ҳәм жеке жәрдемши хожалықлардың жуўапкершилигин арттырыў бойынша зәрүр билим және мағлыўматлар берилмекте.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы