Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 03:58:38, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

АЙМАҚЛЫҚ ТАРМАҚЛАР АРАЛЫҚ САНААТ ЯРМАРКАСЫ БОЛЫП ӨТТИ

Нөкисте еки күн даўамында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси, Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Электрон кооперация порталы тәрепинен аймақлық тармақлар аралық санаат ярмаркасы болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң усы жыл 26-марттағы «2022-жылда аймақлық  ҳәм республикалық тармақлар аралық санаат ярмаркаларын шөлкемлестириў ҳәм өткериў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында өткерилген илажға елимиздиң көпшилик аймақларынан санаат ҳәм өндирис кәрханалары өзлериниң өнимлери және хызметлери менен қатнасты.

Атап өтилгениндей, соңғы жыллары елимизде экономика тармағын либералластырыў, исбилерменлик орталығын жақсылаў, қолайлы инвестиция шараятын жаратыў, санаат структурасын диверсификациялаў, экспортты қоллап-қуўатлаў, импорттың орнын басатуғын өнимлерди ислеп шығарыўды кеңейтиў мәмлекетимиз сиясатының әҳмийетли бағдарына айланды.

Елимизде әмелге асырылып атырған санаат кооперациясын раўажландырыў ҳәм өним ислеп шығарыўды жергиликлилестириў, импорттың орнын басыўшы экспортқа қолайлы өнимлерди ислеп шығарыўды раўажландырыўға қаратылған сиясат бүгинги күни әҳмийетли болып қалмақта. Соның ушында Президентимиз мәмлекетимиздиң инновациялық потенциалынан буннан былай да нәтийжели пайдаланыў, исбилерменлердиң арасында, ең дәслеп, жоқары технологиялар тийкарында санаат кооперациясын әмелге асырыўдың жаңа формаларын раўажландырыў басламасын ўазыйпа етип қойды.

Аймақлық санаат ярмаркасында республикамыздан, соның менен бирге, ўәлаятлардан санаат өнимлерин ислеп шығарыўшы 200 ден аслам кәрахана өзлериниң мыңға шамалас өним үлгилери, импорттың орнын басыўшы өнимлери, санаат кооперациясы арқалы жергиликлилестириўге усыныс етилип атырған өним түрлери ҳәм перспективалы жойбарлары  менен қатнасты.

Республикамызда санаатты жедел раўажландырыў, өнидиристи жергиликлилестириў, санаатта кооперация байланысларын кеңейтиў және импортты оптималластырыў бағдарында айтарлықта жумыслар алып барылмақта. Атап айтқанда, Қарақалпақстанда санаат өнимлерин ислеп шығарыў көлеми өткен жылы 16,6 триллион сумды қурап, өсим пәти 107,4 процентти қурады. Быйылғы жылы 18,3 триллион сумлық санаат өнимлерин ислеп шығарыў мақсет етилген.

Бүгинги күни республикамызда 180 нен зыят сырт ел инвестициясы қатнасындағы және 3400 ге шамалас санаат кәрханасы жумыс алып бармақта. Тийкарғы раўажланған тараўлар бул нефьт-химия, жеңил, азық-аўқат, қурылыс материаллары ҳәм фармацевтика санаатлары болып табылады.

-Ярмарканы өткериўден мақсет, ислеп шығарыўшылар менен мәмлекет буйыртпашылары арасында санаат кооперациясы байланысларын беккемлеў, ири кәрханалар менен киши ҳәм орта бизнес ўәкиллери арасындағы узақ мүддетли байланысларды жолға қойыўдан ибарат,-дейди Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги жанындағы Санлы трансформация орайының жетекши қәнигеси Оғабек Эшчанов.-Сондай-ақ, электрон кооперация биржа порталы арқалы республикамызда ислеп шығарылып атырған жергиликли өнимлерди сатып алыў, аўысық бөлеклер, материаллар, шийки затларды жеткерип бериў бойынша шәртнамалар дүзип, импорттың орнын басыўшы өнимлерди өзлестириў бойынша бирге ислесиў меморандумларына қол қойысылды.

Ярмарка даўамында санаат өнимлери көргизбелери, электрон кооперация биржа порталының хызмети, санаат кооперациясын беккемлеў, киши бизнес субъектлерин санаатқа кеңнен тартыў, исбилерменликти раўажландырыў, тармақ ҳәм аймақлардың санаат потенциалын арттырыўға қаратылған таныстырыўлар, В2В ушырасыўлары сыяқлы илажлар өткерилди.

Илаж соңында белсене қатнасқанларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен естелик саўғалары тапсырылды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF