МКШ БЕЛСЕНДИ ЎӘКИЛЛЕРИ СЫЙЛЫҚЛАНДЫ
Нөкистеги «Дослық үйи»нде Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 31 жыллығына бағышланып «Жаңа Өзбекстанда ел әзиз, инсан әзиз» атамасында илаж болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев, Өзбекстан мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери миллий ассоциацияcы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы Г.Жоллыбекова жыйналғанларды байрам менен қутлықлады.
Атап өтилгениндей, елимизде ғәрезсизлик жылларында пуқаралық жәмийети институтларын раўажландырыў, олардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў, мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў көлемин арттырыў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Бүгинги күнге келип мәмлекетимизде 9 мыңнан зыят, соның ишинде республикамызда 600 ден аслам мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем жумыс алып бармақта.
Бул жәмийетлик шөлкемлерге мәмлекет тәрепинен ҳәр тәреплеме қолайлы шараят жаратыў мәселелерине айрықша итибар қаратылып, Жаңа Өзбекстанның Раўажланыў стратегиясын 2022-жылда әмелге асырыў бойынша «Жол картасы»ның «Инсан қәдирин раўажландырыў ҳәм еркин пуқаралық жәмийетин буннан былайда раўажландырыў арқалы халықшыл мәмлекет қурыў» деп аталған биринши әҳмийетли бағдарында өз көринисин тапқан.
Келеси бес жыллықта пуқаралық жәмийетин раўажландырыўдың миллий моделин қәлиплестириў, олардың еркин жумыс алып барыўы, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўда белсене қатнасыўы ушын зәрүр шараятлар жаратылып, мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў механизмлери жетилистириледи. Пуқаралық жәмийети институтларының мәмлекетлик уйымлар менен бирге ислесиў дәрежесин, сондай-ақ, олардың аймақларды комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыўға қосып атырған үлесин баҳалаўшы көрсеткишлерди ислеп шығыў, бул бағдардағы жумысларды еле де жеделлестириў сыяқлы әҳмийетли ўазыйпаларға айрықша итибар қаратыў нәзерде тутылмақта.
Президентимиз тәрепинен тастыйықланған 2021-2025-жылларда пуқаралық жәмийетин раўажландырыў концепциясында мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў мақсетинде мәмлекетлик субсидиялар, грантлар ҳәм социаллық буйыртпалар бериў тәртиби әпиўайыластырылмақта. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси жанындағы Жәмийетлик фондқа ажыратылатуғын қаржыларды басқышпа-басқыш арттырып барыў, оларды тийисли тәртипте билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, мәденият, спорт, бәнтлик, социаллық хызметлер, экология, қурылыс, кадастр, транспорт, коммунал хожалығы ҳәм басқа да инфрастуктуралардағы машқалаларды шешиў ушын социаллық буйыртпаларға бағдарлаў белгилеп қойылған.
Илаж соңында бир қатар мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң белсенди ўәкиллерине Ҳүрмет жарлығы ҳәм ақшалай сыйлық тапсырылды.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы