НӨКИС ҚАЛАСЫ МЕКТЕПЛЕРИНЕ САЎҒАЛАР ТАПСЫРЫЛДЫ
Жаңа оқыў жылы алдынан республикамыздағы улыўма билим бериў мектеплерине оқыў қуралларын тапсырыў дәстүрге айланбақта.
Усы жыл 23-август күни Нөкис қаласындағы улыўма билим бериў мектеплерине Ташкент қаласы ҳәкимлиги, қәўендер мәкемелер тәрепинен компьютер топламы, ноутбук ҳәм мектеп формаларын тапсырыўға бағышланған мәресим болып өтти.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары А.Данияров, Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министриниң орынбасары В.Ражапов, Жаслар ислери агентлиги директорының орынбасары Ф.Аблаяров шығып сөйлеп, жыйналғанларды Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 31 жыллық байрамы менен қутлықлады.
Атап өтилгениндей, Президентимиздиң басламасы менен елимизде мектеп билимлендириўин раўажландырыў, олардың материаллық-техникалық базасын раўажландырыў, муғаллимлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бағдарында кең көлемли жумыслар алып барылмақта. Бул тосыннан емес әлбетте. Себеби, перзентлеримиз мектептен қаншелли билимли болып шықса, жоқары технологияларға тийкарланған экономика тармақлары сонша тез раўажланады, көплеген социаллық машқалаларды шешиўге имканият жаратылады. Президентимиздиң атап өткениндей, Жаңа Өзбекстанның босағасы мектептен басланады.
-Бул илаж елимиз ғәрезсизлигиниң 31 жыллығы алдынан устазларға, оқыўшыларға ҳәм олардың ата-аналарына әжайып саўға болды,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министри Ахмед Нарымбетов.-Мәмлекетимизде жаслардың билим ҳәм кәсип-өнер ийелеўи, олар ушын мүнәсип жумыс ҳәм турмыс шараятын жаратыў мәселеси ҳүкиметимиздиң ҳәмийше дыққат-итибарында болып келмекте. Президентимиз «Мениң ең үлкен исенген күшим, мәмлекетимиздиң ең үлкен байлығы-бул жаслар» деп, оларға жоқары баҳа берди. Тапсырылып атырған саўғалар мектеплерде жаслардың терең билим алыўы ушын шараят жаратыўға, олар арасында IT ҳәм «Бир миллион программист» жойбарын раўажландырыўға хызмет етеди.
Илаждан соң Президент саўғалары жүкленген автомашиналар кәрўаны мектеплерге қарай жол алды. Усы күнниң өзинде Нөкис қаласындағы 51 улыўма билим бериў мектебине жәми 723 дана компьютер комплекти, ноутбук, 4 мың дана мектеп формасы тапсырылды.
Жаслар менен ислесиўдиң жаңаша басқарыў механизмлерин енгизиў, олардың машқалаларын тиккелей пуқаралар жыйынларының өзинде шешиў, билимлендириў мәкемелеринде руўхый-ағартыўшылық ҳәм тәрбиялық жумыслардың нәтийжелилигин арттырыўда жаслар жетекшилериниң хызмети айрықша болмақта. Илажда Нөкис қаласындағы 64 мәкан пуқаралар жыйынында жумыс алып барып атырған жаслар жетекшисине төрт сектор ўәкиллери тәрепинен ноутбук саўға етилди.
Мийманлар Нөкис қаласындағы Информатика ҳәм мәлимлеме технологияларына қәнигелестирилген 2-санлы таяныш мектебинде болып, жаңа оқыў жылына таярлықтың барысы менен танысты. Қәўендер мәкемелер тәрепинен оқыў орнына компьютер топламлары, ноутбук ҳәм мектеп формалары тапсырылды.
Мектеп билимлендириўине ҳәм жасларымызға болған итибар, көрсетилип атырған ғамқорлық ең уллы, ең әзиз байрам алдынан халқымыздың кейпиятын көтермекте. Себеби, елимизде ел әзиз, инсан әзиз.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
М.ҲӘБИБУЛЛАЕВтың түсирген сүўрети