НӨКИСТЕ «INNOWEEK- 2022» АЙМАҚЛЫҚ КӨРГИЗБЕСИ БОЛЫП ӨТТИ
Нөкисте Жаслар технопарки имаратының ашылыў мәресими ҳәм «InnoWeek-2022» инновациялық қолланбалар аймақлық көргизбеси болып өтти.
Ашылыў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Б.Ҳабибуллаев, Инновацияларды енгизиў ҳәм технологиялар трансфери Миллий офиси Бас директоры О.Туйчиев ҳәм басқалар сөзге шығып, жаңа имараттың ҳәм көргизбениң ашылыўы менен қутлықлады.
Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 22-майдағы «Республикамыз аймақларында жаслар технопарклерин шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық жасларды илимий жумысларға кеңнен тартыў, жас талант ийелерин таярлап бериў, илимий жумыслардың тийкарғы бағдарларын буннан былай да раўажландырыў мақсетинде елимиздиң ҳәр бир аймағында басқышпа-басқыш усындай технопарклерди шөлкемлестириў тапсырылды.
«Нөкис Жаслар технопарки» жуўапкершилиги шекленген жәмийетин шөлкемлестириў ҳаққында Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлигиниң буйрығы шығарылып, мсәмлекетлик дизимнен өткерилди.
Илимди қаржыландырыў ҳәм инновацияларды қоллап-қуўатлаў фондының қаржылары есабынан технопарклер имаратын қурыў ҳәм қайта оңлаў, материаллық-техникалық базасын беккемлеў, сондай-ақ, заманагөй әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў мақсетинде тийисли қаржылар ажыратылды.
Атап айтқанда, принтерлер, пневматикалық оқыў стендлери, лазер кескиш, фрезер ислеп бериўши орай, электр кепсерлегиш, лаборатория үскенелери, компьютер техникалары, мебель ҳәм басқа да заманагөй үскенелер менен тәмийинленди. Буннан тысқары 10 жас жумысқа қабыл етилип, жаслар технопаркиниң ўазыйпалары тастыйықланды. Бул жерде қәбилетли жасларды тартыў арқалы перспективалы жойбарлар қәлиплестирилип, Инновациялық раўажланыў министрлиги тәрепинен жәрияланған таңлаўларға усыныс етип барылады.
Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси, Инновациялар миллий офиси ҳәм бир қатар шөлкемлер менен биргеликте шөлкемлестирилген «InnoWeek- 2022» инновациялық қолланбалар аймақлық көргизбесиниң ашылыўы илимий-изертлеў ҳәм инновация жумысын хошаметлеў, бул бағдардағы жетискенликлерди әмелиятқа енгизиўдиң нәтийжели механизмлерин жаратыў, жоқары оқыў орынлары ҳәм илим-изертлеў институтлары жанында қәнигелестирилген илимий-эксперименталлық лабораториялар, жоқары технологиялық орайлар ҳәм технопарклер шөлкемлестириўге хызмет етеди.
Илаж соңында аймағымыздағы машқалалардың илимий шешимин тәмийинлеўге қаратылған миллий таңлаўға келип түскен жойбарларды Илимий-техникалық кеңесте ашық додалаў болып өтти. Онда Инновациялық раўажланыў министрлиги тәрепинен Арал теңизиниң қурыған түбиндеги топырақ-климат шараятына бейимлестирилген өсимликлердиң майданын кеңейтиў, топырақтың қурамындағы дузды азайтыў машқалаларының илимий шешимин тәмийинлеўге бар илимий-инновациялық потенциалды тартыў мақсетинде жәрияланған миллий таңлаўға келип түскен 52 әмелий ҳәм инновациялық жойбар көрип шығылды.
Усынылғанлардан 11 жойбар республикамыздағы жоқары оқыў орынлары ҳәм илимий шөлкемлерден, соның ишинде, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Аралбойы инновация орайынан тапсырылған. Кеңестиң қурамына мәмлекетимиздиң абырайлы илимий шөлкемлеринен ҳәм жоқары оқыў орынларынан 23 илимпаз тартылды.
Көргизбеде 14 жоқары билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў мәкемеси, 18 исбилерменлик субъекти ҳәм 40 жас стартап ийеси өзлериниң инновациялық қолланбалары, технологиялары менен қатнасты. Олардың арасынан ең жақсылары таңлап алынып, халықаралық инновациялық идеялар ҳәптелигине жоллама берилди. Сондай-ақ, бир қатарына «Нөкис Жаслар технопарки» мүмкиншиликлеринен пайдаланған ҳалда өз жойбарларын раўажландырыў имканияты берилди.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
М.ҲӘБИБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери