Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 03:26:04, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БАЙРАМ АЛДЫНАН САЎҒА

Халқы ушын хызмет еткен жақсы инсанлар өзлери өлсе де сөзлери өлмейди, деген әжайып пикирлер халқымыз арасында кеңнен таралған.

Бул пикир турмысымызда дәлилленип, даналық пикирге айланған. Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист, Қарақалпақстан халық жазыўшысы, «Эл-юрт ҳурмати», «Фидокорона хизматлари учун» орденлериниң ийеси Ш.Уснатдиновтың «Ибрайым Юсупов» роман-эссеси жақында Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы тәрепинен өзбек тилинде баспадан шығарылды.

Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы баслығы Сирожиддин Сайиид китапқа «Меҳри иссиқ туғишганлик» атамасында сөз басы — алғы сөз жазып, жазыўшының дөретиўшилик мийнетине жыллы пикирлерин билдирген. Жазыўшы Ш.Уснатдиновтың 584 беттен ибарат бул китабын Қарақалпақстан халық шайыры Рустам Мусурмон өзбек тилине аўдарма ислеп, көп мийнет еткен ҳәм оқыўшылар қәўимине усынған. Буннан бурын да жазыўшының «Шайырдың жаслығы» китабы шайыр Музаффар Ахмад тәрепинен өзбек тилине аўдарылып, оқыўшылар қәўимине усынылған еди.

Ели ушын, халқы ушын пидә болған хал­қымыздың сүйикли ша­йыры, Өзбекстан Қаҳарманы И.Юсупов ҳаққындағы жазыўшының китабын өзбек тилине аўдарып, оқыўшылар қәўимине, келешек әўладларға ибрат алыў ушын усыныўы үлкен саўап ислердиң бири болды. Бул ар­қалы бириншиден, келешек жасларымыздың уллы шайыр басып өткен өмир жолы, келешек әўладқа үлги болып хызмет етсе, екинши тәрептен жазыўшы Ш.Уснатдиновтың дөретиўшилиги, оның сөз саплаўдағы шеберликлери дөретиўши инсанларға ибрат мектеби болып хызмет етери сөзсиз. Атап өтиў орынлы, китап И.Юсупов атындағы дөретиўшилик мектебине, И.Юсупов ҳәм Ш.Уснатдиновлар шаңарағына саўға етилди.

Ҳақыйқатында, И.Юсупов дөретиўшилиги көп қырлы. Жаслар, қалаберди, әдебият ықласбентлери, илимпазлар ушын еле үйренилетуғын тәреплери — сөз саплаўдағы шеберликлери, турмыстағы, тәбият қубылысларын терең метафоралар менен инсан кеўлине жеткерип бериўлери кимди болса да тәсийн қалдырмай қоймайды. Ал, оның басып өткен өмир жолы болса келешек әўлад ушын өрнек. Сонлықтан, жазыўшы Ш.Уснатдинов өзиниң жазыўшылық шеберлигиниң шыңына жеткен дәўиринде бул саўаплы иске қол урып, шайыр­ға үлкен естелик орнатты десек болады. Себеби, бул китап арқалы көп инсанлар өрнек алады. Оның өмир жолы тарийх бетлеринде сәўлелениўи арқалы келешек әўладқа жетип барады. Ал, Қарақалпақстан халық шайыры Рустам Мусурмонның аўдармасы арқалы пүткил Өзбекстан халқы шайыр дөретиўшилиги менен таныс болса, Ш.Уснатдиновтың жазыўшылық шеберлигин үйрениўге тийкар болады.

Қулласы, китап сапасы, оқырманларды өзине тартатуғын көркемлиги, оқыўшыны зериктирмейтуғын детальлар менен сүўретлеп бериўи менен де қунлы. Және де шайырдың бирден ойыңа ой қосып, тәсирлендиретуғын қосықларының дөрелиў себеплери де шебер сүўретлеўлер менен ашып берилиўи әҳмийетли ҳәм бул Ғәрезсизлик байрамы қарсаңындағы қарақалпақ хал­қына үлкен саўға болды, десек қәтелеспеймиз.

Шығарманың аўдармасы ҳаққында илимпазлар, оқыўшылар қәўими өз пикирлерин бере берер. Хал­қымыздың сүйикли перзенти И.Юсуповтың Ўатан ҳаққындағы «Пошша торғай» қосығындағы бул қатарларды устазымыз Ш.Уснатдинов жыйынларда көп келтирип өтетуғынын және бир мәрте еслеп өтиўди мақул көрдик.

Сайра достым, әл ҳаўада пыр-пырлап,

Саз бенен сәўбетсиз дәўран болды ма?!

Сен көкте, мен жерде буншелли жырлап,

Сүймегенде оннан Ўатан болды ма?!

 

Б.КАРАМАТДИНОВА.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF