ЖАҢА ТАРМАҚЛАР ХАЛЫҚТЫҢ ИЙГИЛИГИ УШЫН
Республикамыздың қала ҳәм районларында барлық тараўлар сыяқлы электр тәмийнаты системасында да кең көлемли қурылыс-модернизация жумыслары алып барылмақта.
Президентимиздиң соңғы жыллары аймаққа айрықша итибары нәтийжесинде әмелге асырылып атырған жумыслардың көлеми алдыңғы жылларға салыстырғанда сезилерли дәрежеде кеңейген болып, тийкарғы итибар ескирген, бүгинги күнниң талабына жуўап бермейтуғын тармақларды, трансформатор пунктлерин алмастырыўға, халықты сапалы ҳәм үзликсиз электр энергеиясы менен тәмийинлеўге қаратылған.
Бул жумыслардың «Аймақлық электр тармақлары» акционерлик жәмийети ҳәкимшилиги тәрепинен қоллап-қуўатланыўы болса бул процесслерди жеделлестириўге хызмет етпекте. Қурылыс-оңлаў жумыслары ушын керекли үскенелер Ташкент қаласынан избе-из жеткерилип берилмекте. Гезектеги жетип келген материаллар да аймағымыздың абат болыўы ушын жыллар даўамында хызмет етеди.
Президентимиздиң уcы жыл 18-марттағы «2022-2026-жылларда «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламаларын әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында усы күнге шекем 33 мәкан пуқаралар жыйынында 72,1 километр электр узатыў тармағы, 11 дана трансформатор пункти ҳәм 3717 дана жаңадан темир-бетон үстини орнатылды.
Соның ишинде, июль айындағы қосымша үйрениўлер нәтийжесинде Нөкис қаласының социаллық-экономикалық раўажланыў дәрежеси төмен болған 8 мәкан пуқаралар жыйынында халықтың жасаў шараятын жақсылаў бойынша зәрүрли ўазыйпалар белгиленип, бүгинги күни бул жумыслар мәнзилли алып барылмақта.
«Қарақалпақ аймақлық электр тармақлары» акционерлик жәмийети Баспасөз хызметиниң мәлим етиўинше, Усы күнге шекем Қумбыз аўыл, Жәйҳун, Жуўазшы, Жолшылар, Әмиўдәрья, Анасай, Жаңабазар, Узынкөл мәкан пуқаралар жыйынларында электр тармақларын жақсылаў мақсетинде 21,6 электр тармағы жаңадан тартылып, 2 дана жаңа трансформатор пункти орнатылды ҳәм 637 дана темир-бетон үстини тикленди. Бул бағдардағы жумыслар даўам етпекте.
Әмелге асырылып атырған жумыслар «Аймақлық электр тармақлары» акционерлик жәмийети ҳәкимшилиги тәрепинен қадағалаўға алынып, керекли қурылыс-оңлаў материллары ўақтында жеткерип берилмекте. Атап айтқанда, Нөкис қаласындағы «Аўыр аймақ» дизимине киргизилген мәкан пуқаралар жыйынлары ушын алып келинген 40,6 километр сип-кабел ҳәм электр узатыў сымы, 10 дана жаңа трансформатор пунктин орнатыў жумыслары алып барылмақта.
Атап өтилген аймақлардағы машқалаларды сапластырыў жумысларына ҳәзирги ўақытта 11 бригада бириктирилген болып, олар зәрүр техникалар менен тәмийинленген. Бундай жумыслар қаланың 15 мәкан пуқаралар жыйынында алып барылмақта. Буннан гөзленген мақсет, халқымыздың бүгинги күннен разы болып жасаўын тәмийинлеўден ибарат.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы