Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 03:15:19, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МӘҲӘЛЛЕ, ШАҢАРАҚ ТАТЫЎ БОЛСА – ЕЛ ТАТЫЎ

2022-жылдың 1-август сәнесиндеги мағлыўматларға қарағанда, республикамызда 424 пуқаралар жыйыны жумыс ислемекте. 458 мың 965 шаңарақта 1 миллион 961 мың 583 адам жасайтуғынлығы дизимге алынған.

Ҳәзирги ўақытта мәҳәллелерде халықтың аўызбиршилигин, тынышлығын тәмийинлеў, бәнтлигине көмеклесиў, аймақлардың инфраструктурасын жақсылаў, мүрәжатларын тыңлап, шешим табыў мәселелери, мәҳәллелерди раўажландырыў бағдарында қабыл етилген қарар, пәрман ҳәм жойбарлардың орынланыўы бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларға үлкен итибар қаратылмақта. Олардың нәтийжелери қандай?

Усы бағдардағы жумысларға мәҳәллелердеги сыйласықлы, пуқаралардың ҳүрмет-иззетине ийе, ерискен жетискенликлери арқалы үлги боларлық инсанларды, тәжирийбели нураныйлар менен кекселерди кеңнен тартыў, солай етип, жаслардың тәрбиясы, оларды дурыс жолға салып, жәмийеттен өз орнын таўып кетиўине жәрдем бериў жумысларын жеделлестириў үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

Бул жумыслардың нәтийжелери ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министри С.Турманов төмендегилерди айтып берди:

– Шынында да, ҳәр бир мәмлекетте, жәмийетте жаслардың қалай тәрбияланғанлығы оның келешегин белгилейтуғынлығы себепли, бизиң мәмлекетимизде де усы мәселеге айрықша итибар қаратылмақта.

Жасларға байланыслы сиясат мәмлекетлик дәрежеде алып барылып, Президентимиздиң басламасы менен Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясында жаслар менен ислесиў, олардың нызамлы мәплерин қорғаў ҳәм оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў реформаларымыздың баслы нормаларынан бири сыпатында белгиленди.

Ҳәзирги ўақытта министрлик тәрепинен тийисли мәкеме ҳәм шөлкемлер менен биргеликте жәмийетте «Абат ҳәм қәўипсиз мәҳәлле» принципиниң толық ҳәм нәтийжели енгизилиўине ҳәр тәреплеме жәрдем бериў мақсетинде бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

Республикамыздағы барлық мәҳәллелерде «Социаллық қоллап-қуўатлаў ҳәм жәмийетлик қадағалаў бойынша комиссия»лар дүзилген. Өткен дәўир ишинде, аймақларда халықтың социаллық-турмыслық машқалаларын шешиўге байланыслы нормативлик-ҳуқықый жумыслардың орынланыўы бойынша 52, электр энергиясы тәмийнаты бойынша 140, газ тәмийнаты бойынша 96, суў тәмийнаты бойынша 80, жол инфраструктурасы бойынша 121, билимлендириў системасына байланыслы 85, денсаўлықты сақлаў системасына байланыслы 73, басқа социаллық мәселелерге байланыслы 37 объектте жәмийетлик қадағалаў орнатылды.

Нәтийжеде, жәмийетлик қадағалаў орнатылған объектлерде социаллық-турмыслық машқалаларды сапластырыўда нызамшылықта белгиленген жәмийетлик қадағалаў формалары тийкарында мәмлекетлик уйымларға 130 мүрәжат ҳәм сораўлар жиберилди. Мәмлекетлик уйымлар тәрепинен өткерилген 16 ашық коллегия мәжилислеринде қатнасып, мәселе қойылды.

Сондай-ақ, 93 жәмийетлик додалаў, 220 жәмийетлик тыңлаў, 85 социаллық-турмыслық машқалаларды сапластырыўға байланыслы жәмийетлик мониторинг жумыслары алып барылды.

Буннан басқа, быйылғы мәмлекетлик бағдарламаға киргизилген 52 мәҳәлле менен 34 аўылда әмелге асырылып атырған абаданластырыў, қурылыс ҳәм дөретиўшилик жумысларының үстинен жәмийетлик қадағалаў орнатылған.

Ҳәзирги ўақытта нураный ҳәм кекселердиң бай турмыслық тәжирийбесинен шаңарақларды беккемлеўде, миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдриятларды қәстерлеў илажларында, жаслардың тәрбиясына байланыслы жумысларда кеңнен пайдаланылмақта.

Министрлик системасындағы ири жойбарлардың бири есапланған «Ҳәр бир нураный – он жасқа устаз» сүрени астында барлық мәҳәллелердеги руўхый жақтан қоллап-қуўатлаўға мүтәж, ишки ислер уйымларында профилактикалық есапта турған 6 мыңнан аслам жас өспиримге 774 нураный бириктирилди. Бүгинги күнде, нураный ҳәм кекселердиң қатнасыўында әмелге асырылған руўхый-ағартыўшылық илажлар, сәўбетлесиўлердиң нәтийжесинде  3319 жастың ҳәр қыйлы машқалалары шешилди.

Сондай-ақ, халық билимлендириў министрлиги менен биргеликте республикамыздағы барлық улыўма билим бериў мектеплерине 2034 нураный бириктирилди. Олардың қатнасыўында усы мектеплерде жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықтың алдын алыў, жаслардың ҳәр қыйлы экстремистлик ағымлардың, ғалабалық мәденияттың унамсыз тәсирине түсип қалыўының алдын алыў мақсетинде үгит-нәсият илажлары, тәрбия саатлары өткерилмекте. Руўхыйлық саатларында нураныйлар тәрепинен оқыўшылардың сабаққа қатнасыўы ҳәм кийиниў мәденияты үйренилип, мектеп админстрациясына, сондай-ақ, ата-аналарға усыныслар берип барылмақта.

Мәҳәллелеринде сыйласықлы, пуқаралардың ҳүрмет-иззетине ийе, ерискен жетискенликлери арқалы үлги боларлық инсанлардың турмыслық тәжирийбесин ғалаба енгизиўге бағдарланған «Үш әўлад ушырасыўы» илажлары өткерилип, бул илажларға 60 мыңға шамалас адамның қатнасыўы тәмийинленди. Социаллық-экономикалық жағдайы жақсы емес, криминоген ҳалаты аўыр болған мәҳәллелерде «Өзбекстан – улыўма үйимиз» сүрени астында ҳәр қыйлы миллет ўәкиллериниң үрп-әдет дәстүрлерин ҳәм қәдириятларын үгит-нәсиятлаўға бағдарланған 360 қа шамалас мәдений илажлар өткерилди.

Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 31 жыллық байрамына бағышланып «Жаңа Өзбекстанда ел әзиз, инсан әзиз» сүрени астында мәнаўият фестивалы өткерилип, орынлардағы усы мазмундағы  илажлар Өзбекстанға белгили көркем өнер ғайраткерлери, шайырлар менен жазыўшылардың қатнасыўында да  даўам етти.

Мәҳәллелерде саламат турмыс тәризин үгит-нәсятлаўға бағдарланған 1200 ден аслам «Саламатлық ушын 5 мың адым!» сүрени астындағы пияда жүриўлер шөлкемлестирилип, онда 26 мыңнан аслам нураныйлар жаслар менен бирге қатнасты.

Усылар менен бир қатарда, министрлик тәрепинен басқалардың қараўына мүтәж жалғыз баслы кекселерди социаллық ҳәм материаллық жақтан қоллап-қуўатлаў, олардың машқалаларын үйрениў және мәпдар мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер менен биргеликте шешиў илажлары да көрилмекте.

Усы мақсетте 1518 жалғыз баслы кексе, соның ишинде, 389 басқалардың жәрдемине мүтәж кекселер ҳәм майыплығы бар инсанларға 491,2 миллион сумлық тийкарғы түрдеги азық-аўқат өнимлери, гигиеналық затлар жеткерип берилди. Ал, 858 кексеге шыпакерлердиң көрсетпелерине тийкарланып 66,4 миллион сумлық дәри-дәрмақлар, 93 майыплығы бар ҳәм жалғыз кекселерге протез-ортопедия буйымлары ҳәм реабилитациялық-техникалық қураллар жеткерип берилди және 1560 пенсионер санаторийлерде бийпул дем алды.

Пуқаралар жыйынларының материаллық-техникалық базасын жақсылаў, тараўға байланыслы заманагөй мәлимлеме-технологияларын енгизиў жумыслары жедел әмелге асырылмақта. Быйыл 7 айда 18 мәҳәллениң жаңа имараты пайдаланыўға тапсырылып, оңлаўға мүтәж 31 мәҳәлле имаратында оңлаў жумыслары алып барылды. Жәми 45 пуқаралар жыйынының материаллық-техникалық базасы беккемленди.

Усы мазмундағы илажлар, руўхый-ағартыўшылық жумыслары Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 31 жыллық байрамына бағышланып, «Жаңа Өзбекстанда ел әзиз, инсан әзиз» сүрени астында өткерилип атырған илажлар менен бир қатарда даўам етпекте.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF