Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 08:24:14, 29.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«ҚАРА ОЙ»ДАҒЫ БАЙРАМ КЕШЕСИ

Ҳәр бир жарқырап атқан таң бизди ғәрезсизлик байрамына  жақынластырмақта. Мәмлекетимиз ғәрезсизлиги байрамы алдынан Президентимиздиң басшылығында елимизде әмелге асырылып атырған социаллық-экономикалық,  руўхый-ағартыўшылық реформалар, қабыл етилип атырған нызам ҳүжжетлери, мәмлекетлик бағдарламалардың әҳми­йетин кең жәмийетшиликке жеткериў мақсетинде пүткил елимиз бойлап «Жаңа Өзбекстанда ел әзиз, инсан әзиз!» сүрени астында Мәнаўият фес­тивалы өткерилип атыр.

Журтымыздың барлық аймақларында болғаны сыяқлы республикамыздың арқа районы есапланған Тахтакөпир районында да фестиваль жүдә көтериңки руўхта болып өтти.

Район ҳәкими Ж.Адилов басшылығындағы бир топар белсендилер тәрепинен жыллы жүзлилик пенен күтип алынған үгит-нәсиятшылар топары , ел сүйген белгили инсанлар Тахтакөпир районының көплеген аймақларында болып, кең жәмийетшилик ўәкиллери менен ушырасты ҳәм сәўбетлесиўлер өткерди.

Усындай ушырасыўлардың бири райондағы «Қара ой» аўыл пуқаралар жыйынында жайласқан 10-санлы мектепте болып өтти.

Буған районның кең жәми­йетшилиги менен бирге, Ташкент қаласынан келген үгит-нәсиятшылар топарларының ағзалары, белгили мәденият ҳәм көркем-өнер тараўы ўәкиллери, жазыўшы шайырлар ҳәм белсенди жаслар қатнасты. Тийкар­ғысы, бул жерде жыйналғанлар шөлкемлестирилген миллий үрп-әдет дәстүрлер, китаплар көргизбесин тамашалады. Және де кешеде жыйналғанлар ша­йыр Бабур Бабамурадтың мийнет жолы ҳәм дөретиўшилиги менен жақыннан танысты ҳәм журналистикаға қызығыўшы жаслар өзлерин қызықтырған сораўларын берип, тийисли жуўаплар алды.

— Бүгинги өткерилип атыр­ған фестиваль жүдә жақсы шөлкемлестирилген. Бизлер буннан қатты қуўанышлымыз. Ташкенттен келген бир қатар мийманларды сыртынан танығанымыз бенен жүзбе-жүз көрмеген едик. Мине дийдар несип деген, көрисип, жақыннан танысып, сәўбетлестик. Фестиваль биз аймақ турғынлары ушын байрам алды үлкен саўға болып, кеўиллеримизде умытылмас тәсирлер қалдырды, -дейди  10-санлы мектеп директоры Х.Баймурзаева.

Н.ТУРДЫБЕКОВА,

Тахтакөпир районындағы 10-мектеп оқытыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF