Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 03:36:39, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЕҢ ИСБИЛЕРМЕН ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАР АНЫҚЛАНДЫ

Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында елимиз ғәрезсизлигиниң 31 жыллығынан бағышланып, «Жаңа Өзбекстанда ел әзиз, инсан әзиз» сүрени астында «Исбилермен ҳаял» таңлаўының аймақлық басқышы болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы Спикериниң орынбасары, O’zLiDeP Сиясий Кеңеси Атқарыў комитетиниң баслығы А.Ҳайтов соңғы жыллары мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған түпкиликли реформалар, өзгерислер менен жаңаланыўларға, әсиресе ҳаял-қызларымыздың барлық тараўлардағы белсендилигине, соның ишинде исбилерменлик ҳәм фермерликте айтарлықтай нәтийжелерге ерисип атырғанлығына, усының нәтийжесинде мыңлағын жаңа жумыс орынларын жаратыўға мүнәсип үлес қосып атырғанлығына тоқтап өтти ҳәм қатнасыўшыларға әўмет тиледи.

Быйылғы таңлаўда республикамыздың қала ҳәм районларынан келген 20 ҳаял-қыз өз-ара беллести.

Төрешилер қурамы тәрепинен ҳәр бир қатнасыўшының жумысы, билим тәжирийбеси, экспорт потенциалы, өнимлердиң өтимлилиги, жарытылған жумыс орынлары, ҳуқықый билими, партия ҳәм жәмийетлик жумыслардағы белсендилиги, келешектеги режелери есапқа алынған ҳалда  ең мүнәсип деп табылған исбилермен ҳаял-қызлар анықланды.

Таңлаўдың жуўмағы бойынша биринши орын Тақыятас районындағы «Intizar Dinara» шаңарақлық кәрханасының басшысы Сайёра Аллаяроваға несип етти ҳәм жеңимпаз деп табылды.

-Бундай таңлаўлар өз-ара тәжирийбе алмасыўда, жумыс көлемин кеңейтиўимизде бизлерге күш-қуўат береди,-дейди жеңимпаз С.Аллаярова.-2014-жылдан берли исбилерменлик пенен шуғылланып киятырман. Жумысты тигиў цехы менен баслаған болсам, бүгинги күни 8 бағдар бойынша жумыс алып барып атырмыз. 2016-жылы нәсилли қоянларды жеңиллетилген кредит есабынан сатып алып,  ҳәзир республикамыздың барлық қала ҳәм районларына кооперация тийкарында тарқатып киятырмыз. Буннан тысқары, нан өнимлери, өндирис, пал ҳәррешилик, бағшылық, қусшылық, гүл өсириў бағдарында жумыс алып барып, тийкарынан ҳаял-қызлар ушын 200 ден зыят жаңа жумыс орны жаратылды.

Таңлаўда екинши орынды Нөкис районындағы «Мажид Жүзимгүл» фермер хожалығының баслығы Жүзимгүл Бекбергенова, үшинши орынды Әмиўдәрья районындағы «Турсынбаев Шахжаҳан» фермер хожалығының баслығы Гүләсел Досжанова ийеледи.

Жөңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелерине диплом және баҳалы саўғалар тапсырылды. Сондай-ақ бес номинация бойынша жеңимпазлар сыйлықланды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF