ПРЕЗИДЕНТТИҢ «ХАЛЫҚТЫ РАЗЫ ЕТИЎ КЕРЕК» ДЕГЕН СӨЗЛЕРИ ҚАШАН ӘМЕЛДЕ ӨЗ ТАСТЫЙЫҒЫН ТАБАДЫ?
Усы жылдың 19-май күни редакциямызға Кегейли районы, Халқабад посёлкасы орайындағы 2-санлы кәсип-өнер мектебиниң бир топар муғаллимлери ҳәм техникалық хызметкерлеринен мүрәжат келип түсти.
Мүрәжаттың қысқаша мазмуны төмендегише: «Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 6-сентябрьдеги «Профессионал билимлендириў системасын буннан былай да жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПП-5812-санлы Пәрманы менен Халқабад санаат-транспорт кәсип-өнер колледжи базасында Кегейли районы 2-санлы кәсип-өнер мектеби шөлкемлестирилген еди. Пәрманға муўапық, аймақтағы кем тәмийинленген ҳәм бағыўшысынан айрылған шаңарақ перзентлери кәсип-өнер мектебимизде билим алып атыр. Мектебимиз Кегейли районы орайынан 20 километр қашықлықта жайласқан. Мектебимизге Кегейли районының «Жалпақ жап», «Көк-өзек», «Жүзимбағ», «Қумшүңгил» АПЖларынан, Нөкис районына қараслы «Өрнек», «Тақыркөл» АПЖларынан, Қараөзек районының «Қойбағ» АПЖ ҳәм Шымбай районының «Тазғара» АПЖларынан оқыўшылар 30-40 километр аралықтан оқыўға қатнап оқыйды. 2022-2023-жаңа оқыў жылына мектеп аймағымыздағы 20 улыўма орта билим бериў мектеплериниң 9-класс питкериўшилеринен 250ден аслам оқыўшылар кәсип-өнер мектебимиздеги шөлкемлестирилген қәнигеликлер бойынша оқыўға тилек билдирди. Быйылғы оқыў жылында районымыздағы 38 улыўма орта билим бериў мектеплерин 1200ден аслам оқыўшы питкерип шығатуғын болса, ал, 2-санлы кәсип-өнери мектеби аймағында 20 улыўма орта билим бериў мектеби жайласқан болып, 800 оқыўшы 9-классты питкерип шығады. Соннан 250 оқыўшы мектебимизде оқыўға тилек билдирди. Ҳәзирги ўақытта усы мектептиң 1-басқышындағы 193 оқыўшы жаңадан ашылып атырған Кегейли районы орайындағы 1-санлы кәсип-өнер мектебине көширилиўине наразы болып, оқыўға қатнаў шараяты жоқ екенин айтып, 2-санлы кәсип-өнер мектебимизде оқыўын даўам еттириўин қәлейди.
Мектебимиздиң ҳәр бир жаңа оқыў жылында оқыўға оқыўшыларды қамтып алыў көрсеткишлери район орайындағы 1-санлы кәсип-өнер мектебине салыстырғанда 2 есе жоқары. Сондай-ақ, мектептиң материаллық-техникалық базасы да жоқары дәрежеде.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 14-апрельдеги «Президент билимлендириў мәкемелери агентлиги системасындағы қәнигелестирилген мектеплер тармағын кеңейтиў ҳаққында»ғы ПП-106-санлы пәрманына муўапық, мектебимиздиң жумысы тоқтатылып, оның тийкарында Президент билимлендириў мәкемелери агентлиги қарамағындағы Кегейли районы қәнигелестирилген мектеби шөлкемлестирилип атыр. Жоқарыдағыларды инабатқа алып, усы оқыў дәргайында ислеп атырған (100ден аслам) хызметкерлер, билим алып атырған оқыўшылар ҳәм олардың ата-аналарының тилек-талапларын есапқа алып, Халқабад посёлкасы орайындағы 2-санлы кәсип өнер мектебимиз сапластырылмай, келешекте өз ҳәрекетин даўам еттириўине әмелий жәрдем бериўиңизди соранамыз».
Әлбетте, бул кәсип-өнер мектеби жәмәәтиниң усы мәселе бойынша жазылған биринши арзасы емес. Буннан алдын да усындай арза Кегейли районы ҳәкимине жазылған ҳәм район ҳәкими орынбасары Б.Давлетовтан төмендеги жуўап келген: «Ашылыўы режелестирилип атырған қәнигелестирилген мектеп район орайынан узақ болғаны себепли оқыўшылар ҳәм оқытыўшыларға бир қанша қыйыншылықлар келтирип шығармақта.
Сол себепли Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесине 2-санлы кәсип-өнер мектебинде ашылыўы режелестирилип атырған қәнигелестирилген мектепти район орайындағы хызмет көрсетиў техникумына өзгертип бериў бойынша усыныс хат шығарылғанлығын мағлыўмат ретинде жоллаймыз».
Жуўаптан район ҳәкимияты мәселеге үстиртин қараған деп, жуўмақ шығарыў мүмкин. Ҳәтте, арзаны оқып көрмеген деген де ой пайда болады. Себеби, арзада мектептиң район орайына көширилиўи оқытыўшы ҳәм оқыўшыларға қыйыншылық туўдырады, делинген болса, ал, жуўапта буған керисинше пикир жүргизилген. Қалыс адам ретинде өзлеримиз де тереңнен ойлап көретуғын болсақ, тәрезиниң тең пәллеси бәрибир мүрәжат ийелериниң тәрепине аўа берди. Пикиримизди дәлиллейтуғын болсақ, мүрәжатта анық фактлерде быйылғы жылы Кегейли районы бойынша 38 улыўма орта билим бериў мектебиниң 9-класын 1200ден аслам оқыўшы, соннан Халқабад посёлкасына жақын жайласқан аймақлардағы 20 улыўма орта билим бериў мектебиниң 9-класын 800 оқыўшы питкереди екен. Ал, енди өзлериңиз ойланып көриң, сонда ҳәкимият қалайынша Халқабадқа қатнаўға қыйналады деген пикирди билдирген? Сонда район орайындағы мектеплерди питкеретуғын 400 оқыўшы Халқабад аймағындағы мектеплерди питкеретуғын 800 оқыўшыдан артық болғаны ма? Бул жерде әпиўайы математика да ҳәкимияттың пикириниң надурыслығын дәлиллеп турыпты.
Сондай-ақ, арзада келтирилиўинше, Халқабадтағы 2-санлы кәсип-өнер мектебине Қараөзек, Шымбай ҳәм Нөкис районларынан оқыўшылар қатнайтуғыны айтылған. Енди буны да математикалық мәселе сыпатында есаплап көрейик. Мысалы, усы оқыўшылар Халқабадқа қатнағанның өзинде де 30-40 километрлик узақ аралықтан қатнайды екен. Ал, енди Кегейли районы ҳәкимлигиниң пикиринше, оқыў орны район орайына көширилетуғын болса, аралық 50-60 километрге созылып кететуғынын, буған кететуғын қәрежетлерди неге ойламаған? Себеби, Қараөзектен келетуғын оқыўшы Кегейлиге барыўы ушын биринши нәўбетте Халқабадқа келеди. Себеби, Қараөзек-Кегейли арасында қатнайтуғын арнаўлы транспорт жоқ. Сол оқыўшы Халқабадтан тағы Кегейлиге барыў ушын 12 километр жол басады. Буның менен де ол мәнзилине жете алмайды. Себеби, жаңадан ашылып атырған оқыў орны район орайында емес, ал, Кегейлиниң «Ақтуба» АПЖның жолының бойында жайласқаны ушын тағы қалалық жөнелисли таксиге миниўге мәжбүр болады. Сонда оқыў орны Халқабадтан район орайына көширилип, оқыўшыларға ҳәм оқытыўшыларға қолайлық туўдырады деген пикир қайдан шықты? Бундай келте пикирди ким ойлап тапқан?
Сондай-ақ, 2-санлы кәсип өнер мектебиниң биринши басқышында оқыйтуғын 193 оқыўшы оқыў орнының көширилиўине қарсы болғаны неге есапқа алынбады? Оның үстине кем тәмийинленген ҳәм бағыўшысынан айрылған шаңарақтан қатнайтуғын оқыўшылардың оқыўға қатнаўы туўралы да бас қатырылмаған.
Бизге келип түскен арза бойынша Кегейли районы ҳәкимиятына хат жолладық. Деген менен, ҳәкимлик басшылары тағы ески усылдан барып, бурынғы жуўапты жиберипти.
Жуўмақлап айтқанда, биз Кегейли районы ҳәкимлигиниң Кегейли районы 2-санлы кәсип-өнер мектебиниң бир топар муғаллимлери ҳәм техникалық хызметкерлериниң жоллаған мүрәжаты бойынша берген жуўабына қанаатланбадық. Себеби, жуўапта мийнет жәмәәтиниң ҳәм оқыўшылардың пикирлери инабатқа алынбағаны аттан анық болып турыпты. Сонлықтан, район ҳәкимлиги мәселени қайтадан терең үйренип шығып, тәрезиниң ҳәр бир тәрепине аўырлықты қойып көрип, ақырғы жуўмаққа келиўин соранып қаламыз. Cебеби, Кегейли районы ҳәкимлигиниң жуўапларында Президентимиздиң «Халықты разы етиў керек» деген әдалатқа толы сөзлериниң әмели көринбей атыр.
Сағынбай ОРАЗЫМБЕТОВ,
өз хабаршымыз.
Кегейли районы.