Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 03:43:53, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ФУТБОЛ — «ДОЙНАҒЫНДА БАРЛАР»ДЫҢ ОЙЫНЫ

Футбол — миллионлар ойы­ны. Ҳақыйқый футбол ышқыпазы ойын басланыўдан ишкен асын қоярға жер таппай, жаны төзбей, ҳәр муқамға дөнеди.

Аўа, бул ойын адамды мәргия шөптей өзине шырмап тартып, сыйқырлап таслайды. Трагедия ҳәм комедияға бай жанлы спектакль десек алжаспаймыз. Дүнья жүзинде миллиардтан аслам адамлар футболға тосыннан ышқыпазлық етпейтуғынлығының сыры усында.

Мәмлекетимизде фут­бол­ға айрықша итибар қаратылып атыр.  Өзбекстанлы былғары топ шеберлери де исенимди ақламақта. Атап айтқанда, дүньяның күшли беслик чемпионатына киретуғын Италияның «Рома» командасы ағзасы Элдор Шамуратовтың италиялы ышқыпазлардың тилине түсиўи гәпимиздиң айқын дәлили. Сондай-ақ, Россия, Саудия Арабстаны, Қытай, Қазақстан ҳәм басқа мәмлекетлердиң чемпионатларында футболшыларымыздың атларын еситкенде таң қалмайтуғын дәрежеге жетискенимиз де атап өтерликтей табыс.

Қарақалпақстан футболы да талантлы футболшылардан қуры алақан емес, деп айтыўға толық ҳақымыз бар. Нағметулла Қутыбаев Өзбекстан миллий сайланды командасы қурамында табыслы ойнап, исенимди ақлай алды. Ол шебер ҳүжимши, тепкен тобы қарсылас команданың торын силкиндиргенде қарсыласлары дәрўазаманларын өкиништен талай мәрте бас шайқатқанлығы күни кешегидей футбол фанатларының ядынан өшкен жоқ. Буннан тысқары, М.Абдуллаев, М.Қутыбаев, Қ.Төреев, Ш.Жумабеков сыяқлы футболшыларымыз Өзбекстан чемпионатында жарық еткендей из қалдыра алды. Ҳәзирги күнде С.Қутыбаев ағаларының изин даўам етип, Өзбекстан супер лигасында «Нефтчи» командасында табыслы ойнап атыр.

Қарақалпақстан Республикасы футбол  шеберлиги мектеби 2018-жылдан баслап, жас былғары топ шеберлерин тәрбиялаў бағдарында жумыс алып бармақта. Қуўанарлысы, мектепте футбол сырларын үйрениўге ҳәр жылы талабан болып, республикамыздың шетки аўылларынан да балалардың жүрек жутып, талабанлыққа таласқаны, олардан нәтийже күтиўге үмит нурларын оятады. Гәптиң тоқ етерин айтқанда, әдиллик, ашық-айдынлық принципинде таңлаў өткерилип, тек ғана «Дойнағында барлар» таңлаў сынақларынан сүринбей өтиўине имканият жара­тыл­ғаны, қәбилетли жаслардың пайдасына шешилетуғынан дәрек береди.

— Быйылғы жаңа оқыў жылына мектебимизге 2011-жылы туўылған жас өспиримлер қабылланады. Яғный, бир топарға 22 тәрбияланыўшы белгиленген сынақтан өткерилип, таңлап алынады. Республикамыздың барлық районларынан 74 бала талабан болып келди. Жасыратуғыны жоқ, таңлаў қатаң қадағалаў астында өткерилип, камераға түсирип алынады. Ашық-айдынлық принципи сақланыўы ушын Өзбекстан Футбол Ассоциациясы тәрепинен бекитилген тәжирийбели тренерлер, қәнигелер қурамында комиссия ағзалары тас­тыйықланған. Бизиң мектебимиздеги таңлаўға Өзбекстан сайланды командалар баслығы У.Тошев қатнасып атыр. Таңлаўдан табыслы өткен тәрбияланыўшылар тренерлер М.Әўез­ния­зов ҳәм С.Палўановтың басшылығында футбол ойын­ларының өзине тән сырларын үйренеди. Мектебимизде шуғылланыўшылар ушын барлық шараятлар жаратылған. Быйылғы қабылланатуғын тәрбияланыўшыларымыз арасынан елимизге танылатуғын футболшылар жетилисип шығатуғынлығына исенемиз,-дейди мектеп директоры М.Абдуллаев.

Бала десе жаны төзбейтуғын бир топар ата-аналар перзентлерин таңлаўда қоллап-қуўатлаў ушын бирге келипти. Тахтакөпирли Тәңирберген аға Бақбергеновты гүрриңге тарттық:

— Ақлығым Мансурды алып келдим. Кишкенелигинен топ тебиўге ықласлы. Таңлаўды еситкеннен, қулшынып турғанлығын көрип, жолға шыға бердик. Әўмети келетуғынлығына исенемен,-дейди салдамлы түрде.

«Реал» клубының футболкасын кийген болажақ футболшының пикирин билиўге қызықтық. Ол өзин Нөкис қаласындағы 25-санлы мектептиң оқыўшысы Нурполат Беканов деп таныс­тырды. — Футбол менен еки жылдан берли шуғылланаман. Биринши тренерим Ислам Уснатдиновтың усынысына бола усы мектепте оқыўды алдыма мақсет етип қойыппан. Маған «Реал» клубы унайды. К.Роналдудың топты алып жүриўи, алдамшы ҳәрекетлери, жәриймадан топ тебиўлери унайды. Ол Мессиден жақсы ойнайды, - дегени бизге кумирине бүйир бур­ғанын аңлатты. Оған әўмет тилеп қалдық.

Футбол мектебиниң жасалма қапламалы стадионында тәжирийбели қәнигелердиң басшылығында сынақтан өтип атырған жас футболшылардың ҳәрекетлерин көрип, олардан көп нәрсе күтиўге болатуғынлығын аңладық.

Әжеп емес, келешекте олар дүньяның күшли чемпионатларында топ теўип, елимиз даңқын таратса деген жақсы нийет тилеп, жолымызды даўам еттик.

 

Қ.РЕЙМОВ,

өз хабаршымыз.

СҮЎРЕТЛЕРЕ: Таңлаў барысынан көринислер.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF