ЯРЫМ ЖЫЛДА ТАПСЫРЫЛҒАН ТУРАҚ ЖАЙЛАР
Әмелге асырылып атырған реформалар, тийисли қарар ҳәм пәрманларға муўапық, керекли шараятлар жаратылып, инвестициялық орталықтың жақсыланғанлығы нәтийжесинде, быйыл 6 айда республикамыздың тийкарғы капиталын көбейтиў ушын 4 триллион 175,9 миллиард сумнан аслам инвестиция киргизилиўине ерисилген.
Соның ишинде, сырт ел инвестициялары ҳәм кредитлери 1 триллион 363,1 миллиард сумды ямаса 121,3 миллион АҚШ долларын қурайды.
Себеби, мәмлекетимизде инвестициялық сиясатты түп-тийкарынан жетилистириў ҳәм әмелге асырыў процесине заманагөй механизмлерди енгизиў, сондай-ақ, инвестиция процесин жеделлестириў мақсетинде арнаўлы илажлар әмелге асырылып, бул экономика тармақларын, социаллық ҳәм өндирислик инфраструктураны жедел раўажландырыў және модернизациялаўға хызмет етпекте.
– Республикамызда тийкарғы капиталға киргизилген инвестициялардың 117,3 миллиард сумы электр, газ, пар менен тәмийинлеў ҳәм кондициялаў хызметине жумсалды,-дейди статистика басқармасының инвестиция ҳәм қурылыс статистикасы бөлими баслығы С.Муҳаматдинов. – Сондай-ақ, 651 миллиард сумы өндириске, 602,5 миллиард сумы таў-кән санааты ҳәм ашық кәнлерди өзлестириўге, 312,3 миллиард сумы қурылысқа, 478,1 миллиард сумы аўыл, тоғай ҳәм балық хожалығына, 98,1 миллиард сумы көтере ҳәм усақлап сатыўға, 592,6 миллиард сумы тасыў ҳәм сақлаў хызмет түрлерине жумсалған.
Тийкарғы капиталға өзлестирилген инвестициялардың 68,5 проценти өндирислик, 31,5 проценти өндирислик емес тармақларға бағдарланды.
Өндирислик емес тармақларға киргизилген инвестициялардың 580,7 миллиард сумы турақ жай қурылысына өзлестирилген. Есабат дәўиринде 509,6 мың квадрат метрлик 2627 турақ жай питкерип тапсырылып, соннан 349,6 мың квардрат метрлик 1700 турақ жай аўыллық жерлерге туўра келеди.
Ал, улыўма билим бериў мектеплери ҳәм мектепке шекемги билимлендириў объектлерин қурыў, реконструкциялаў жумысларына 104,4 миллиард сум әтирапында инвестициялар өзлестирилди.
Мәмлекетимизде халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў, өндиристи техникалық ҳәм технологиялық қайта үскенелеў, стратегиялық әҳмийетке ийе болған тиккелей сырт ел инвестицияларын өзлестириў ҳәм ресурслардан дурыс пайдаланыў бағдарындағы жедел инвестициялық сиясатты алып барыў илажлары даўам етпекте.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги