Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 03:12:45, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БИРЛИК БАР ЖЕРДЕ МӘНЗИЛЛЕР АБАТ БОЛАДЫ

Нөкис қаласындағы «Жаңабазар» мәкан пуқаралар жыйынын абат мәнзилге айландырыў бойынша барлық мәмлекетлик мәкемелер ҳәм шөлкемлер бир жағадан бас шығарып, аймақ халқының жасаў шараятын жақсылаў, пуқаралар жыйынының инфраструктурасын жетилистириў, мәнзилди абат етиў бойынша биргеликте жумыс алып барылмақта.

Нөкис қаласының шетки аймағында бой тиклеген бул мәкан пуқаралар жыйынында өзине жараса машқала ҳәм қыйыншылықлар бар еди. Бүгин бул аймақ мәмлекетлик мәкемелердиң басламасы менен  абат мәнзилге айланбақта. Жоллар тегисленип, асфальтлаў жумыслары алып барылмақта. Халықтың жасаў үйлери тәртипке келтирилмекте. Төбелери бастырылмаған турақ жай ийелерине социаллық жәрдем көрсетилип, шиферланып берилмекте.

Усы аймақтағы «Темир жол жағасы» көшеси Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы ҳәм «Асакабанк» АКБ ға бириктирилген. Қум басып турған көшеде жазы бойы шаң-тозаң көтерилсе, жаўын-қар жаўғанда, бул жерде жүриў жасаўшыларға бираз қыйыншылық туўдырар еди. Көшеге жуўапкер етип бириктирилген бажыхана басқармасы машқалаларды унамлы шешиў, көшениң инфраструктурасын, халықтың жасаў шараятларын жақсылаў бойынша басқа шөлкемлер менен биргеликте жумыс алып барылмақта.

-Узынлығы 850 метрди қурайтуғын бул көше бойында 36 турақ жай жайласқан,-дейди Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы баслығының орынбасары Нурсултан Назарбаев.-Бүгинги күнге шекем қыйтақ жерлер тәртипке келтирилип, 24 турақ жайда оңлаў жумыслары алып барылды.  Халыққа машқала болып келген көше бойы арнаўлы техникалардың жәрдеминде тегисленип, пияда ҳәм автотранспорт қуралларының ҳәрекетлениўи ушын қолайлық жаратылмақта.

Соның менен бирге, халықтың социаллық жағдайы үйренилип, шараяты аўыр болған 7 пуқараның турақ жайы шиферланып берилди.

«Жаңабазар» мәкан пуқаралар жыйынының  бир көшесинде әмелге асырылып атырған абаданластырыў жумыслары усы тақылетте алып барылып атырған болса, жәми 40 көшеден ибарат аймақтың абат мәнзилге айланып атырғанын аңлаў қыйын емес, Итибарлысы унамлы өзгерислерге бөленген аймақ турғынлары бүгинги күнинен разы, жаңаланыўлардан қуўанышлы екенлигин билдирмекте. Себеби, бул ҳәрекетлеридиң негизинде инсан қәдирин улығлаў принципи жәмленген.

Буны усы көшеде жасаўшы ҳажы ана Гүлзар Нәўбетуллаеваның тилеклеринен де билсек болады. Ол қайырлы иске белсене қатнасып, елдиң абатлығы, журттың абаданлығына өзлериниң үлесин қосып атырғанларға ақ пәтиясын берди.

Бирлик, жәмлескенлик бар жерде мәнзиллер абат болады, абат мәнзиллерде жасаўшы халық болса шадлыққа бөленеди. Республикамыздың ҳәр бир аймағында әмелге асырылып атырған қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары халықтың жасаў шараятларын жақсылаў, олардың бүгинги күннен разы болып жасаўына хызмет етиўи менен әҳмийетли.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF