ЖЕТИСКЕНЛИКЛЕР, ИЙГИЛИКЛИ ӘМЕЛЛЕР ЖАҚСЫ КҮНЛЕРДИ БАСЛАП КЕЛЕБЕРЕДИ
Ислам Кәримов атындағы Ташкент халықаралық аэропортының кең майданы байрам руўхында безелген.
Коньяда болып өткен күшли беллесиўлерде 51 алтын, 42 гүмис, 65 бронза, жәми 158 медальлар жыйнағы менен 56 мәмлекет командаларының арасынан 2-орынды ийелеген Өзбекстан спорт делегациясы үлкен жеңислер менен Ўатанға қайтпақта.
Өз жеңислери менен Ўатанымыздың даңқын көтерген спортшыларымызды күтип алыў ушын кең жәмийетшилик, тийисли министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллери, спорт федерацияларының басшылары, спортшылардың ата-аналары, жақынлары, журналистлер, жаслар жыйналған.
Қуўанышлар бир дүнья, Перзентин, шәкиртин, достын, командаласын күтип алыўға таярланып атырғанлар күни кеше мәмлекетимиз басшысының V Ислам тилеклеслиги ойынларында жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери, олардың тренерлерин ақшалай сыйлықлар менен сыйлықлаў ҳаққындағы қарары қаншелли итибарлы болғаны, Өзбекстан спорты халықаралық майданда жаңа жеңисли қәдем таслағаны, усындай мақтанышлы күнлерде Президентимиздиң Ҳаж сапарын әмелге асырғаны, бундай қуўанышлы мәўритлер үнлес түрде өтип атырғанында уллы бир ҳикмет бар екени ҳаққында сәўбетлеспекте.
– Жетискенликлер, ийгиликли әмеллер, жақсы тилеклер бәрқулла жақсы күнлерди баслап келеди. «Азия балалары» ойынларында жас өспирим спортшыларымыздың табысы, шахматшыларымыздың жәҳән олимпиадасындағы айрықша жеңиси, ҳәммеси елимизде турмыстың барлық салаларында жаңаланыў, раўажланыў болып атырғанынан, турмысымызға абаданлық, рең бәреңлик, безеў берип атырғанын дәрек береди.
Президентимиз спортшыларымыз ерискен нәтийжелерге жоқары баҳа берип, Ислам тилеклеслиги ойынларының жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери, олардың тренерлерине ақшалай сыйлықлардың берилиўи ҳаққындағы қарарға қол қойды. Бул 158 спортшы ҳәм соған жақын тренерлер арқалы 200 ден аслам шаңарақларға, сонша мәҳәлле ҳәм аўылларға ырысқы-береке, абаданлық, қуўаныш кирип барады, кейинги жәҳән чемпионатлары, Олимпиада ҳәм континент ойынларындағы нәтийжелеримиз буннан да жоқары болыўына пуқта тийкар таярланбақта, дегени болып табылады. Итибарлысы, бундай тарийхый жетискенликлерди Ғәрезсизлигимиздиң 31 жыллық қуўанышлары алдынан қолға киргизгенимизде де бир пазыйлет бар, – дейди күтип алыў мәресиминде қатнасқан Өзбекстан спорт ветеранлары кеңесиниң баслығы Баҳодир Махситов.
Кернай-сырнай ҳаўазлары жаңлайды. Конья – Ташкент жөнелисинде жеңимпаз спортшыларымызды алып келген UZB-3221 санлы авиалайнер пайтахт аэропортының кең майданына келип қонады. Әжайып көринис фото ҳәм видеопленкаларға мөрленеди. Миллий липастағы қызлар Конья спорт майданларында жеңиске ерискен спортшыларымызға гүллер берди.
Салтанатлы күтип алыў мәресиминде Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик гимни жаңлайды. Өзбекстан Республикасы Президентиниң баспасөз хаткери Шерзод Асадов мәмлекетимиз басшысының жеңимпаз спортшыларға жоллаған қутлықлаўын оқып еситтирди.
Ислам тилеклеслиги ойынларының жеңимпазларынан дзюдошы Музаффар Тўрабоев, 15 жасар жеңил атлетикашы Шарифа Довронова, аўыр атлетика бойынша Өзбекстан сайланды командасының бас тренери Баҳром Мендибоев мәмлекетимиз тәрепинен жаратылған шараятлар себепли қолға киргизилип атырған жетискенликлер келеси жарыслардағы нәтийжелерге хызмет ететуғынын атап өтти.
– Усындай абырайлы ойынларда мүнәсип нәтийжелерди атап өтиўимиз ушын мол шараят жаратып берилди, – дейди Ислам тилеклеслиги ойынларының жеңимпазы ҳәм рекордшысы Акбар Жўраев. – Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң биз, спортшыларға көрсетип атырған ғамқорлығы, айрықша итибары себепли бул жеңиске еристик. Ерискен жетискенликлеримди Ғәрезсизлигимиздиң 31 жыллық байрамына кишкене саўғам, деп билемен.
– Жарысларды толқынланып бақладым, – дейди Шарифаның анасы Насиба Ҳошимова. – Қызым 10 жасынан жеңил атлетика менен шуғылланады. Шүкир, мийнетлери нәтийжесиз болмады. Жас болыўына қарамастан жасы үлкенлер арасындағы жарыста жеңимпаз болды. Байрағымызды бәлент көтергенде көзиме жас келди. Устазлардан миннетдармыз. Қуда қәлесе, және еки жылдан кейин Парижде өтетуғын Олимпиада ойынларында да исенимиңизди ақлайтуғынына исенемен.
Илаж даўамында белгили шайырлар, көркем өнер ғайраткерлери ҳәм сазенделер «Конья – 2021» жарысларының қатнасыўшыларына бағышлап Ўатанға ҳәм елге муҳаббат ҳаққындағы қосық ҳәм намаларын атқарды.
Ислам тилеклеслиги ойынларының жеңимпаз ҳәм сыйлы орын спортшылары, тренерлери ҳәм олардың жақынлары Өзбекстан байрақлары менен безелген еки қабатлы автобуслар пайтахтымыздың гөззал көше ҳәм қыябанлары бойлап Миллий олимпия комитетине қарай жолға шықты. Түркия спорт майданларында Ўатанның абырайын улығлаған халқымыз, кең жәмийетшилик ўәкиллери, мәҳәллелер халқы жол шетинде байрақлар менен күтип алып, қутлықлады.
Түркия спорт майданларында Жаңа Өзбекстан жасларының потенциалын көрсеткен мәрт спортшыларымызды күтип алыў мәресиминде Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Арипов, Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.Абдувахитов қатнасты.
Тўлқин РЎЗИЕВ,
ӨзАның хабаршысы