БИР ТОПАР ИСБИЛЕРМЕНЛЕР СЫЙЛЫҚЛАНДЫ
Усы жыл 20-август күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде «Исбилерменлер күни» мүнәсибети менен республикамыздағы бир топар исбилерменлерди сыйлықлаў мәресими болды.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов Президентимиздиң басшылығында мәмлекетимизде исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў, олардың нызамлы мәплери қорғаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларға тоқтап өтти. Ҳәр жылы 20-август елимизде «Исбилерменлер күни»деп жәрияланыўы буның айқын дәлили болып табылады.
Байрам алдынан исбилерменликти раўажландырыўға, мәмлекетимиздиң экономикалық қүдирети ҳәм экспорт потенциалын арттырыўға мүнәсип үлес қосып киятырғн бир топар исбилерменлер Президентимиздиң пәрманы менен ордень ҳәм медальлар менен сыйлықланды. Сондай-ақ, тараўды раўажландырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, инноваицяларды енгизиў, салықларды өз ўақтында төлеп киятырған, бизнестеги жетискенликлери менен үлги болып киятырған исбилерменлерди қол-қуўатлаў мақсетинде «Фаол тадбиркор» көкирек белгиси шөлкемлестирилди.
Илажда бир топар исбилерменлерге Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Ҳүрмет жарлығы ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.
Сыйлықланғанлар атынан Нөкис қаласындағы «Муратбек мебель» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң баслығы М.Тәңирбергенов, Нөкис районындағы «Biogumus» фермер хожалығының баслығы Ш.Ниязымбетов, усы райондағы «Elbek Aqmangit» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң баслығы М.Мадаминова шығып сөйлеп, исбилерменлерге көрсетип атырған итибары және ғамқорлығы ушын Президентимизге миннатдаршылық билдирди. -Жумысымызды 2001-жылы баслаған болсақ, бүгинги күни 90 жумыс орны жаратылды,-дейди «Biogumus» фермер хожалығының баслығы Шерзод Ниязымбетов.-Тийкарынан органикалық, тәбийғый кептирилген помидор өнимлери Италия, Франция, Израилm мәмлекетлерине, усы жылдан баслап Японияға экспортқа жиберилмекте. Ҳәзирги ўақытта Германия, Қытай мәмлекетлеринен заманагөй үскенелер алып келинип, музлатқыш қурылмақта. Келешекте басқа да өнимлерди экспорт етиўди режелестирип отырмыз.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.