ПИДАЙЫ ИНСАН ҲАҚҚЫНДАҒЫ ҲҮЖЖЕТЛИ ФИЛЬМ
Әмиўдәрья районындағы Мәденият бөлиминде Өзбекстан кинематография агентлигиниң буйыртпасы тийкарында «Dilshoh media» киностудиясы тәрепинен сүўретке алынған районның бурынғы ҳәкими, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик искер, марҳум Ражапбай Йўлдашев ҳаққындағы «Ел перзенти» ҳүжжетли фильминиң премьерасы болып өтти.
Район ҳәкимлиги мәлимлеме хызметиниң мәлим етиўинше, «Жаңа Өзбекстанда ел әзиз, инсан әзиз» сүрени астында өткерилип атырған «Мәнаўият фестивалы» шеңберинде шөлкемлестирилген илаж алдында қатнасыўшылар Ражапбай Йўлдашевтың өмири ҳәм мийнет жолына бағышланған фотосүўретлер көргизбеси менен танысты.
Премьерада Өзбекстан кинематография агентлиги, «Dilshoh media» киностудиясының хызметкерлери, Ташкент қаласынан келген кино ҳәм театр, көркем өнер усталары, фильм қаҳарманының шаңарақ ағзалары, дослары, район зыялылары, кең жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Фильмде Ражапбай Йўлдашевтың дослары ҳәм жақынлары, кәсиплеслери, бирге жумыс ислеген мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик искерлер қаҳарманның өмири, жумысы, инсаныйлық пазыйлетлери ҳаққындағы пикирлерин айтып өтти. Сондай-ақ, жумыс барысындағы ең машақатлы ҳәм жуўапкерли мәўритлер дөретиўшилер тәрепинен шеберлик пенен сахналастырылған.
Презентацияда дәслеп фильм дөретиўшилери, район зыялылары, фильм қаҳарманының шаңарақ ағзалары сөзге шығып, Ражапбай Йўлдашевтың елдиң абатлығы ҳәм халықтың абаданлығы жолындағы хызметлерин еске түсирди.
Атап өтилгениндей, Ражапбай Йўлдашев 1998-жылы Әмиўдәрья районының ҳәкими лаўазымына тайынланғаннан соң район турмысында унамлы өзгерислер жүз берди. Ол басшылық еткен жыллары халықтың бәнтлик дәрежеси артты. Оның басшылығында аўыл хожалығында экономикалық реформаларды тереңлестириў, ширкет хожалықларын фермер хожалықларына айландырыў, ҳақыйқый мүлк ийелерин табыў бағдарында кең көлемли илажлар әмелге асырылды. 1998-жылға шекем районда бирде-бир өним экспортқа шығарылмаған болса, 2016-жылға келип оннан аслам кәрхана тәрепинен 15 түрдеги өнимниң экспорты жолға қойылды. Нәтийжеде район социаллық-экономикалық, руўхый-ағартыўшылық ҳәм басқа тараўларда тек Қарақалпақстан Республикасы емес, ал, мәмлекетимиздиң басқа районлары арасында өз орнына ийе болды. Усы мийнетлери ҳүкиметимиз тәрепинен мүнәсип баҳаланып, 1999-жылы «Шуҳрат» медалы, 2003-жылы Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен экономист ҳүрметли атағы, 2014-жылы «Меҳнат шуҳрати» ордени менен сыйлықланды.
Илажда кино ҳәм театр, көркем өнер шеберлери сөзге шығып, «Мәнаўият фестивалы»н өткериўдиң тийкарғы мақсети, Жаңа Өзбекстанда инсан қәдирин улығлаў жолында әмелге асырылып атырған жумысларды үгит-нәсиятлаў екенлигин атап өтти. Ўатан ҳәм халық мәпи жолында мийнет еткен инсанлардың естелиги умытылмайды. Солардың бири, Ражапбай Йўлдашев истиң көзин билетуғын шөлкемлестириўши, халықтың тәшўишин өз тәшўиши деп билетуғын ҳақыйқый басшы еди.
Премьерада Ражапбай Йўлдашевтың перзенти, район ҳәкими Султанбай Йўлдашев сөзге шығып, пидайы инсанлардың естелигин мәңгилестириў жолындағы көрсетип атырған ғамқорлығы ушын Президентимизге, сондай-ақ, фильм дөретиўшилерине миннетдаршылық билдирди.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.