ЖАСЛАРҒА НЕКЕ ШӘРТНАМАСЫ ТУЎРАЛЫ ТҮСИНИКЛЕР БЕРИЛДИ
2020-жылдан берли орынларда «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети ҳәм Өзбекстан Нотариал палатасының шөлкемлестириўинде «Ҳуқықый мәсләҳәтлер күни» акциялары өткерилип келинбекте.
Акциялар шеңберинде нотариуслар тәрепинен халыққа бийпул мәсләҳәтлер берилип, усы бағдарда биргеликте жумыслар алып барыў даўам етпекте.
Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасында усы илажлар шеңберинде «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети, Өзбекстан Нотариал палатасы, Миллий масс-медианы қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў жәмийетлик фонды ҳәм Жаслар ислери агентлиги биргеликте «Неке шәртнамасы – мүлк ҳуқықы кепиллиги» атамасында ҳуқықый акция өткерилди.
Акцияның мақсети – пуқаралардың, әсиресе, жаслардың ҳуқықый билимин ҳәм мәдениятын арттырыў, халық пенен өз-ара байланыслар механизмин жаратыў, жаслар арасында ажырасыўлардың алдын алыўға көмеклесиў, ер ҳәм ҳаялдың мүлк ҳуқықы кепиллиги ушын неке шәртнамасының әҳмийетин үгит-нәсиятлаў, ҳуқықты қолланыў саласында әмелдеги машқалалар менен кемшиликлерди анықлаў және оларды сапластырыўға қаратылған пикир-усынысларды таярлаўдан ибарат.
Нотариус қәнигелери Нигара Утешова ҳәм Зухра Утамбетовалар тәрепинен пуқаралардың мүрәжатлары тыңланды ҳәм оларға нотариал ҳүжжетлерин рәсмийлестириў бойынша бийпул ҳуқықый мәсләҳәтлер берилди.
Акция шеңберинде пуқараларға нотариал хызметлери ҳәм басқа мәселелер бойынша да ҳуқықый мәсләҳәтлер берилип, бийпул юридикалық жәрдемлер көрсетилди.
Илажда қатнасыўшыларға усы мазмунда таярланған видеоролик қойып берилип, буклетлер тарқатылды.
Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.
М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери