СЕМИНАР ӨЗГЕШЕ ТӘРИЗДЕ ӨТТИ
Ҳәр қашан да денсаўлығына итибар берип, шыпакер қабыллаўынан өтип мәсләҳәт алған адам саламатлығын беккемлеўине тийкар жаратады.
Күнделикли турмыстың ғалма-ғал тәшўишлеринен жыйналған стресслер өзин саппа-саўман деп санайтуғын адамды да шаршатады. Ҳәттеки, жапсақ жабысқанын сезбей де қалады. Соның ушын да, шыпакерлердиң мәсләҳәтлери, үгит-нәсиятларына қулақ түрсе кем болмайды. Әсиресе, саламат турмыс тәризи бағдары бойынша баянатлар, спорт пенен шуғылланыўдың пайдалы тәреплери ҳаққындағы мағлыўматлар инсанды саламатлығын сақлаўында дурыс жол таңлаўына түртки берери анық. Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фондының «Улыўма абаданлық жолында халықтың саламатлығын жақсылаў» атлы мәмлекетлик гранты жойбары бойынша усы жылдың июль-август айларында Шымбай районындағы «Оржап» мәкан пуқаралар жыйыны турғынлары арасында семинарлар өткерген «Саламат әўлад ушын» халықаралық қайырқомлық фонды Қарақалпақстан филиалының шыпакерлерине аўыл халқының өзлерин толғандырып жүрген сораўларын берип баслаўы гезектеги семинардың қызықлы ҳәм талқылаўлар астында өтиўине себеп оятты. Әсиресе, саламат турмыс тәризи, спорт пенен шуғылланыў, дурыс аўқатланыў ҳәм тазалыққа итибар қаратыўдың әҳмийети туўралы берилген сораўлар аўыл турғынларының өз денсаўлықларын жақсылаўға бийпарқ емеслигин дәлилледи. Олардың сораўларына жуўап берген тәжирийбели шыпакер, жойбар баслығы О.Ембергенова, координатор Г.Қайпанова күнделикли турмысымызда ушырасатуғын ўақыялардан мысаллар келтирип, кең түрде түсиник берип өтти. Буннан тысқары, жаз мәўсиминде дурыс аўқатланыўға, тазалыққа айрықша дыққат-итибар бөлиў кереклиги түсиндирилди.
Жойбар шеңбериндеги таңлаўда сынға түскен қатнасыўшылар айрықша таярлықлар көргенлигин ис жүзинде көрсете алды. Таңлаўда берилген сораўлар ҳәм шәртлер бойынша қарсыласларына қарағанда толығырақ жуўап берген Б.Төреевтиң шаңарақ ағзалары жеңимпазлықты қолға киргизди. Сондай-ақ, А.Теңелов ҳәм А.Исмайыловтың шаңарақ ағзалары сыйлы орынларды ийеледи. Жеңимпазларға қымбат баҳалы саўғалар тапсырылды.
Қ.РЕЙМОВ,
өз хабаршымыз.
Шымбай районы.