Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 04:56:48, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЭКОТУРИЗМДИ РАЎАЖЛАНДЫРЫЎҒА БАҒЫШЛАНДЫ

Соңғы жыллары ҳаял-қызларды исбилерменликке тартыў, өзин-өзи бәнт етиў, исбилерменлик бағдарында билим ҳәм көнликпелерин арттырыўы ҳәм тәжирийбе топлаўына шараятлар жаратыў, сондай-ақ, шаңарақлық исбилерменликти жолға қойыўы ушын бир қатар ислер әмелге асырылмақта.

Жақында Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Архитектура факультети имараты залында «Арал бойы аймағында ҳаял-қызлардың исбилерменлик искерлигин асырыў ҳәм экотуризм бағдарында дәрамат алыў имканиятлары» атамасында ЮНЕСКО жойбары шеңберинде еки күнлик семинар-тренинг болып өтти.

Атап өтиў орынлы буннан гөзленген мақсет — Қарақалпақстан Республикасында, соның ишинде Әмиўдәрья, Беруний, Елликқала, Төрткүл, Мойнақ районлары ҳәм Нөкис қаласында жасаўшы ҳаяллар дәптеринде дизимде турған бир қатар ҳаял-қызларды исбилерменликке тартыў, олардың бул бағдардағы қызығыўшылығын жүзеге шығарыў, экотуризм бағдарында оқытыў арқалы келешекте бул бағдарда дәрамат табыўына имканиятлар жаратыў болып табылады. Семинар ЮНЕСКО жойбары шеңберинде Үргениш мәмлекетлик университетиниң бир қатар профессор оқытыўшылары тәрепинен шөлкемлестирилмекте.

— Биз 3-август сәнесинен баслап Қарақалпақстан Республикасының айырым ра­йонларында еки күн даўамында ҳаял-қызларды экотуризм бағдарында оқыттық. Биринши күнинде, теориялық жақтан билим бериўге, яғный, туристлик хызмет көрсетиў орынларын ашыўда нелерге әҳмийет қаратыўы кереклиги ҳақ­қында түсиниклер берилди. Екинши күни болса, қатнасыўшы ҳаялларды топар­ларға бөлип, интерактив усылда өтиўге ҳәрекет еттик ҳәм белгили бир нәтийжелерге еристик деп ойлайман. Алдағы ўақытлары да оларға бул бағдарда қандай да бир мәсләҳәтлер керек болса жәрдемимизди аямаймыз дейди, — Үргениш мәмлекетлик университетиниң доценти Умиджон Матякупов. 

— Бүгинги оқыў семинарының шөлкемлестирилип атырғанлығынан жүдә қуўанышлыман. Исбилеменлик бағдарында, әсиресе, шет елли туристлердиң дыққат итибарын тартыўды, оларға хызмет көрсетиўши орынларды ашыўда нелерге итибар қаратыў кереклигин, сондай-ақ, жеке исбилерменлик искерлигин баслаўда керекли билим ҳәм тәжирийбелер алдық деп айта аламан. Мен де келешекте кондитер өнимлерин писирип өз жеке исбилерменлигимди баслаўды ни­йет етип отырман, - дейди 42-санлы «Саманбай» мәкан пуқаралар жыйынынан келген С.Жиенбаева.

Ҳақыйқатында да еки күн даўам еткен оқыў семинары даўамында  ҳаялларымыз исбилерменлик бағдарында көплеген билим ҳәм тәжирийбелер алды. Семинар жуўмағында қатнасыўшы ҳаял-қызларға экотуризм бағдарында жол-жобалар ҳәм түсиниклер бериўши китаплар ҳәм сертификатлар тапсырылды.

З.ЕРЕКЕЕВА,

арнаўлы хабаршымыз.

СҮЎРЕТТЕ: илаждан көринис.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF