ОҚЫЎШЫЛАРҒА ӘЖАЙЫП САЎҒА
Ўақыт арғымағы да тынымсыз аттай шапқылап және санаўлы күнлерден соң бизди ең уллы, ең әзиз байрамымыз болған Ғәрезсизлигимиздиң 31 жыллығы менен дийдарластырады. «Жаңа Өзбекстанда ел әзиз, инсан әзиз» деген ийгиликли идея астында өткерилиўи режелестирилген бул байрамды пүткил халқымыз үлкен көтериңкилик пенен жоқары кейпиятта мүнәсип күтип алыўға бел байлаған.
Хабарыңыз болса, мәмлекетимиздиң бул уллы байрамы өзи менен жаңа оқыў жылының басланыўына да жетелемекте. Бүгинги күни Ҳүрметли Президентимиздиң басламасы менен барлық тараўларда раўажланыў, жаңаланыўлар жүз берип, алға илгерилеўлер көзге тасланбақта. Солар қатарында мектеп билимлендириўине айрықша итибар қаратылып, үлкен реформалар әмелге асырылып, келешек әўладларымызға үлги боларлықтай мақтанышлы ўақыяларға толы екенлигиниң гүўасы боламыз.
Нөкис қалалық 8-санлы улыўма орта билим бериў мектеби жанынан усы жылдың апрель айында қурылысы басланған пайтахтымыздағы «Қалбақ қурылыс» жуўапкершилиги шекленген жәмийеттиң қолы гүл қурылысшылары тәрепинен 330 орынға мөлшерленген қосымша еки қабатлы мектеп имараты жаңадан қурып питкерилмекте. Имараттың ҳәр бир класс ханалары 30 оқыўшы орнына мөлшерленген болып, заманагөй биология, физика, химия ханалары ҳәм лабораториялары менен тәмийинленеди.
— Әлбетте, бундай имканиятлар менен жаңа оқыў жылынан баслап еле де оқыўшыларымызды билимли етип тәрбиялаўға шараятлар жаратылады. Бүгинги күни 800ден аслам оқыўшыға 70тен аслам муғаллим тәлим-тәрбия берип атырған бул дәргайда қосымша сабақлар алып барылады. Соның менен бирге, сабақтан тысқары ўақытлары да оқыўшыларымыздың сабақларға қатнасыўы ушын пән кабинетлери жетерли болыўына имкан жаратылады, - дейди Өзбекстан халық билимлендириўи ағласы, Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесиниң депутаты Ахлима Сайпова.
Инвестиция бағдарламасына киргизилген мектептиң қурылыс жумысларына 4 млрд. сумға шамалас қаржы ажыратылып, бүгинги күни қурылыстың 90 проценти, яғный, жуўмақлаўшы басқышы жеделлик пенен алып барылмақта. Биз мектепте болғанымызда мектеп имаратының сыртқы көриниси пардозланып, әтираптағы тазалық ҳәм абаданлық дыққатымызды өзине тартып, бул да жәмәәт ҳәм оның басшылығының итибарынан ҳеш нәрсе шетте қалмаслығының гүўасы болдық. Бир сөз бенен айтқанда, аймақтың көркине көрк қосып турған бул билим дәргайы жаңа оқыў жылында келешек ийелерин қуўантып, олардың кең, ықшам, жақтылы ҳәм заманагөй классларда билим алыўында әҳмийетли орын ийелеп, оларға үлкен саўға болары сөзсиз.
Г.САПАРОВА,
арнаўлы хабаршымыз.