КОНСТИТУЦИЯЛЫҚ РЕФОРМАЛАРДА СОЦИАЛЛЫҚ БАҒДАРДЫҢ СӘЎЛЕЛЕНИЎИ
2022-жыл 25-июнь күни кең жәмийетшилик додалаўына қойылған «Өзбекстан Республикасының Конституциясына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Конституциялық нызам жойбарына итибар қаратсақ, онда инсан мәплерин тәмийинлеўге қаратылған бир қатар статьялардың киргизилиўи күтилип атырғанына гүўа боламыз.
Конституциялық нызам жойбары Бас нызамымыздың 64 статьясына 200ден артық өзгерислер киргизиўди нәзерде тутады. Буннан тысқары, 6 жаңа статья ҳәм 16 жаңа норма киргизилмекте. Яғный, пенсиялар, напақалар, социаллық жәрдем көрсетиўдиң басқа түрлери рәсмий белгиленген ең кем тутыныў қәрежетлеринен кем болыўы мүмкин емеслиги анық көрсетилмекте. Ҳәмиледарлығы яки баласы барлығы себепли ҳаялларды жумысқа қабыллаўды бийкар етиў, олардың ис ҳақысын кемейтиў, балалар мийнетиниң ең жаман формаларынан пайдаланыў нызамға муўапық жуўапкершиликке себеп болыўы Конституция нормалары менен белгиленбекте. Бир сөз бенен айтқанда, реформалардың түпкиликли мақсетинде «Инсан — жәмийет — мәмлекет» стратегиясы тийкарғы негиз етип алынған.
Конституция жойбарының 1-статьясында Өзбекстан социаллық мәмлекет екенлиги туўралы усыныс киргизилген. Конституцияға «социаллық» сөзиниң киргизилиўи, бириншиден, мәмлекет пуқаралар алдында жүдә көп ўазыйпа ҳәм жуўапкершиликлерди орынлаўды өз мойнына алып атырғанлығын билдирсе, екиншиден, усы сөздиң бас Нызамда сәўлелениўи көплеп социаллық машқалалар, атап айтқанда, адамлардың бәнтлигин тәмийинлеў, олардың реал дәраматларын арттырыў, кем тәмийинленген, мүтәж, кәмбағаллық дәрежесине түсип қалған пуқараларды социаллық жақтан қорғаў, ҳаял-қызлардың жәмийетте белсендлилигин арттырыў, арзан турақ жайлар қурыў сиясатын алып барыў, жумыссызлық пенен байланыслы машқалаларды шешиў, сапалы медициналық хызмет ҳәм билим алыўға уқсас мәселелердиң шешилиўине итибар қаратылыўын тәмийинлейди.
Соны айтып өтиў керек, мәмлекетте бүгинги күнде жумыссызлықты сапластырыў, адамлардың бәнтлигин тәмийинлеў, кәмбағаллық дәрежесин қысқартыў ҳәм олардың реал дәраматларын арттырыў менен байланыслы машқалалар күн тәртибиндеги ең зәрүр мәселелерден бири болып қалмақта. Бәнтлик ҳәм мийнет мүнәсибетлери министрлигиниң мағлыўматларына көре, 2022-жылдың июнь жағдайына мәмлекетте жумысқа мүтәж болғанлардың саны 1 млн. 400 мың адамды, жумыссызлық дәрежеси экономикалық белсенди халықтың 9,2 процентин қурайтуғыны мәлим етилген. Бул өз гезегинде түрли социаллық машқалалардың келип шығыўына себеп болыўы мүмкин.
Сонлықтан да мәмлекетте алып барылып атырған ҳәзирги сиясаттың бас мақсети — жәмийетимизде жоқары қәдирият есапланған инсан мәплерин жүзеге шығарыў болып табылады.
Әмелдеги Конституцияға социаллық машқалалардың шешимине қаратылған нормалардың киргизилиўи усы мәселелердиң тийкарғы Нызамда ҳуқықый тәрептен беккемлениўине шараят жаратады.
Усылар есапқа алынып, жойбардың 14-статьясына «Мәмлекет өз жумысын инсан мәплерин ҳәм жәмийеттиң турақлы раўажланыўын гөзлеп, социаллық әдиллик ҳәм нызамлылық принциплери тийкарында әмелге асырады», деген норманың киргизилиўи усыныс етилмекте. Бул усыныстың тийкарғы идеясы «Инсан қәдири ушын» принципине бағдарланған болып, оның негизинде халықтың барлық қатламларын социаллық жақтан қорғаў ҳәм оларға жәмийетте тең имканиятлар жаратыў жуўапкершилигин мәмлекет өз мойнына алады.
Жойбардың 37-статьясына усыныс етилип атырған «... қолайлы мийнет шараятларында ислеў, мийнети ушын ҳеш қандай кемситилместен ҳәм белгиленген мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарынан аз болмаған әдалатлы ҳақы алыў», деген норма пуқаралардың бул тараўдағы ҳуқықларын беккемлейди.
Сондай ақ, жойбардың 39-статьясына киргизилип атырған «Мәмлекет социаллық жақтан мүтәж ҳәм кем тәмийинленген, турақ жай шараятларын жақсылаўға мүтәж пуқараларды нызамда белгиленген тәртипте турақ жай менен тәмийинлейди» деген норма келешекте социаллық қорғаўға мүтәж пуқараларды арзан турақ жай менен тәмийинлеў системасын жаратыўға тийкар болады.
Б.ДӘЎЛЕТОВ,
Нөкис қалалық юридикалық хызмет көрсетиў орайының бас юрисконсульты.