ШҮКИРШИЛИК — ИНСАН ЗИЙНЕТИ, БЕРЕКЕТ ГИЛТИ
«Жаңа Өзбекстанда ел әзиз, инсан әзиз». Бул ушын мысалларды алыстан излеўдиң ҳеш қәжети жоқ, ҳәр биримиз әтирапымызға терең нәзер тасласақ болды.
Ел әзиз болмағанында бул ел, районлардың орайлары, қалаларды айтпасақта болады, аўыллар, мәҳәллелер, көшелер соншелли абат бола ма?! Егер ел әзиз болмағанында саҳра ишинде солып, аянышлы ҳалға келген Мойнақ сондай көркем келбет ийелейтуғын ба еди?! Ҳәтте, атамасы да умыт болып баратырған Бозатаў абат болатуғын, Нөкис гүллеп-жаснап, районлар соншелли өзгерер ме еди?! «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламасы шеңберинде 80нен аслам аўыллардың келбети түпкиликли жаңаланатуғын ба еди?!.
«Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери», «Жаслар дәптери» сыяқлы дүньяда уқсасы болмаған механизмлер турмысқа енгизилер ме еди! Егер инсан әзиз болмағанында Қарақалпақстанның өзинде халықтың жасаў шараятын жақсылаў мақсетинде он мыңнан аслам квартиралы турақ жайлар қурылар ма еди?!
Президентимиздиң усы жылы 2-августтағы «Өзбекстан Республикасы мәмлекет ғәрезсизлигиниң отыз бир жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны жоқары дәрежеде өткериў ҳаққында»ғы қарарында кейинги жылларда мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған демократиялық реформалар, халқымыздың турмысы, қәлбинде ҳәм сана-сезиминде жүз берип атырған унамлы өзгерислерди тәсиршең усылларда сәўлелендириў, бүгинги тыныш ҳәм еркин турмысты қәдирлеп, шүкиршилик сезими менен жасаў, инсан қәдирин улығлаўға шақыратуғын руўхый-ағартыўшылық илажларды шөлкемлестириў белгиленген.
Биз ата-бабаларымыз, ата-аналарымыз сыяқлы урыс ҳәм оның ақыбетлерин, ашаршылық, жетиспеўшиликти көрмедик. Бирақ бизлердиң де жасларға айтып беретуғын, оларды бул күнлердиң қәдирине жетиўге ийтермелейтуғын, шақыратуғын гәплеримиз бар. Биз ғәрезсизликтиң дәслепки жылларындағы, ҳәттеки жақын жылларға шекем даўам еткен қыйыншылықларға гүўа болдық.
Мәселен, узақ ҳәм жақын тарийхымызға байланыслы болған пахта жыйым-териминиң зүрәәтин алайық. Оқыўшы мектепке барса — муғаллим пахтада, кесел емлеўханаға барса — шыпакер пахтада, мәмлекетлик уйымлардың ҳәммесиниң есигине «Ҳәмме пахта териминде», деп жазып қулыплап қойылған. Басыңа тас қуласа да дәртинди еситетуғын адам жоқ. Сол ўақытлар «сондай күнлер келеди, «не машқала бар», деп үйине барып, есигиңди қағып турады», деп айтса ким исенетуғын еди?!
Мен бәрқулла нақ пул шешип алыў ушын банкоматқа барсам, буннан алты-жети жыл алдын бир ўақыя есиме түседи. Сол ўақытта бир кексе апаF «Алатуғыным аз ғана пенсия, ол да пластикке түседи. Нақ пул етип алатуғын орын жоқ. Магазинши я пластикке саўда етпейди, я уялмай сонша сумын услап қалады, деп зар жылағанда, екинши тәрепте дүканшы өзиниң машқаласын айтып тартысып кеткен еди. Қолына пластигин алып, я нақ пул, я керек нәрсесин ала алмай сергиздан болған апа бул күнлерди көрмей өтип кетти. Бирақ, биз ше! Ҳеш еслеймиз бе, салыстырамыз ба, қалтасындағы пластикке қәлеген жеринен саўда ислеп атырған перзентлеримизге айтып беремиз бе?
Ҳаял-қызларымыз, апа-сиңлилеримиз үйимиздеги тойларда, той-мерекелерде дастурхан безеп атырып, ең соңғы үлгидеги, көзди қамастыратуғын шийше ямаса хрусталь ыдысларда, қант-кәмпит, шағылатуғын затларды, мийўелерди қойып атырғанымызда, буннан он бес жыл алдын дәстүр болған ҳәр қыйлы реңлердеги арзан пластмасса ыдысларды еслеймиз бе?!
Бәринен бурын, кешеги ҳәм бүгинги күнимизди салыстырсақ ғана, турмысымыз қалайынша өзгергенин түсинемиз.
Халықтың турмыс дәрежесин ҳәм сапасын жақсылаў, жаслар, ҳаял-қызлар, кексе әўлад ўәкиллери, социаллық қорғаўға мүтәж инсанларға итибар ҳәм ғамқорлық көрсетиўге қаратылған бағдарламалардың унамлы нәтийжелерин түсиндирип бериў, бәринен бурын дөретиўшилер, жәмийетлик белсендилер, биз, депутатлардың ўазыйпасы болып табылады.
Себеби, шүкиршилик етиў — адамның көрки, берекеттиң гилти. Шүкиршилик етиў қолымыздағы барын сақлап қалмастан, ал оларды буннан былай да зыяда етеди.
Назира МАТЯКУБОВА,
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты,
Өзбекстанға хызмет көрсеткен журналист.
ӨзА.