Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 05:34:41, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ӨНДИРИСТЕ ИЛИМИЙ ЖАҚТАН БИРГЕ ИСЛЕСИЎ

«Қоңырат сода заводы» жуўапкершилиги шекленген жәмийети қоспа кәрханасы ҳәм Мырза Улығбек атындағы Өзбекстан миллий университети  арасында усы жылдың 12-апрель күни қол қойылған 5/2022 санлы-«Кальцийлестирилген сода ислеп шығарыў процесинен суйық шығынды сыпатында тасланыўшы технологиялық суўларды тазалаў ҳәм өндиристе ярым жумсатылған суў сыпатында қайта ислетиў» темасындағы шәртнаманың техникалық шәртине муўапық, жоқары оқыў орнының химия факультети улыўма ҳәм нефьт-газ химия кафедрасында технологиялық суўды тазалаўшы қурылма ислеп шығылды.

Бул қурылма усы жылдың 3-4-август күнлери қәнигелер менен биргеликте сынақтан өткерилди  ҳәм оның нәтийжелери бойынша кәрханадағы өндирис процесинен суйық шығынды сыпатында тасланыўшы технологиялық суўларды тазалаў ҳәм өндиристе ярым жумсатылған суў сыпатында қайта ислетиў жойбарын  әмелде енгизиў ушын химия факультети улыўма ҳәм нефьт-газ химия кафедрасының доценти Орифжон Қадиров  пенен ушырасыў шөлкемлестирилди.

«Кальцийлестирилген сода ислеп шығарыў процесинен суйық шығынды сыпатында тасланыўшы технологиялық суўларды тазалаў ҳәм өндиристе ярым жумсатылған суў сыпатында қайта ислетиў» темасындағы жойбардың мақсети-өндиристен тасланып атырған суйық шығындылардың көлемин азайтыў, энергоресурсларды үнемлеў ҳәм экологиялық турақлылықты сақлаўдан ибарат.

Парўаз БАШЕРОВА,

«Қоңырат сода заводы» ЖШЖ қоспа кәрханасының хызметкери.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF