«ХАЛЫҚЛАР ДОСЛЫҒЫ» КӨКИРЕК БЕЛГИЛЕРИ ТАПСЫРЫЛДЫ
Бәршемизге белгили, ҳәр жылы елимизде «Халықлар дослығы» байрамы кең түрде белгиленип киятыр. Усы байрам мүнәсибети менен бир қатар Ўатанласларымыз орден, медаль ҳәм көкирек белгилери менен сыйлықланбақта.
Быйылғы жылы да бир қатар белсенди жерлеслеримиз «Халықлар дослығы» көкирек белгилери менен сыйлықланыў бахтына миясар болды.
Өткен күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде «Халықлар дослығы» көкирек белгилери өз ийелерине салтанатлы жағдайда тапсырылды. Илажға елимизде жасап атырған түрли миллет ўәкиллери, миллий-мәдений орайлардың хызметкерлери қатнасты.
Негизинде ең үлкен байлығымыз — тынышлық, халықларымыздың аўызбиршилиги, дослығы есапланады. Соңғы жыллары ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёев тәрепинен миллетлераралық татыўлық, диний кеңпейиллик, халықлар дослығы мәселелерине айрықша итибар қаратылып келинбекте. Ғәрезсиз мәмлекетимизде ҳәр бир инсан оның миллетине, динине, келип шығыўына қарамастан жаратылған ҳуқық ҳәм еркинликлерден теңдей пайдаланып, елимиздиң ертеңги келешеги, раўажланыўы жолында пидайы ат салысып келмекте. Тынышлығымызға, абадан турмысымызға, халқымыздың аўызбиршилигине ҳеш қашан көз тиймесин деймиз.
Сыйлықланғанлар атынан «Еркин Қарақалпақстан» — «Вести Каракалпакстана» газеталары Бас редакторы ўазыйпасын атқарыўшы Қ.Байниязов, Шымбай районы «Бердақ» мәкан пуқаралар жыйыны баслығы Ф.Палўанова ҳәм республикамыздағы Рус миллий-мәдений орайының баслығы Г.Зоркиналар шығып сөйлеп, өз миннетдаршылықларын билдирди.
Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов, Министрлер Кабинети жанындағы Миллетлераралық мүнәсибетлер ҳәм сырт мәмлекетлер менен дослық байланыслары комитетиниң баслығы Р.Қурбановлар қатнасып, сыйлықланғанларға көкирек белгилерин салтанатлы жағдайда тапсырды.
Қ.МАМБЕТНИЯЗОВ.