КӘСИПЛЕСИМИЗ ҚӘЛЕМИНЕН
Фармон Тошев көп жыллардан берли Самарқанд ўәлаятының «Зарафшан» ҳәм «Самаркандская Вести» газеталарының бас редакторы болып ислейди. Ол 1954-жылы туўылған. Белгили жазыўшы-публицист шайыр сыпатында Өзбекстан оқыўшыларына жақсы таныс. Оның 20 дан аслам китаплары жарық көрген.
Жақында оның «Сунбула баёзи» қосықлар топламы баспадан шықты. Бул топламның мазмуны өзине тән болып, шайырдың камалаты, пикирлер қаймағын сезесиз. Жыллар менен жоғалтыўлар, жоллар берген табылмалар, жуўмақлар қарысып кеткен. Әсиресе, оның дослар сағынышы сизди өз ийримине тартады. Шайырды түсинесиз. Өмир мазмуны өзиңизге қайтқандай боласыз. Усы топламнан бир қатар қосықларды жәриялап отырмыз.
РЕДАКЦИЯ.
Фармон ТОШЕВ.
АДАМДАЙ ЖАСА... Өмир жумбақ ҳаслы сыры-тилсимде, Гә артық боларсаң, гә биреўден кем. Менмен болма, ҳеш ким үстин емес дүньяға, Егер адам болсаң, адамдай жаса. Бири кем дүньяның кемтиги толмас, Тасқын туйғылардан бола алғыл мәс. Өзиңди көрсетпе ҳеш нәзери пәс, Егер адам болсаң, адамдай жаса. Изиңде ат қалсын өмир жолыңда, Қудай ақыл көрсин кәтқудасында, Ел өзин аңласын өз пидайысында, Егер адам болсаң, адамдай жаса. Садалық өзиңди еплеў деген, Ҳадал жемис болар мудам жегениң. Тек те машақатта болғайсаң ғаний1, Егер адам болсаң, адамдай жаса. Тиришилик Ҳақтан бир инаят болар, Жаман ис ҳүжданға қыянет болар. Инсан-инсанлығы диянат болар, Егер адам болсаң, адамдай жаса. Ел иззет етеди журтқа керекке, Ийман жол көрсетер солдур Мәкке. Жүз жыл жасаса да — ҳәкке ол ҳәкке, Егер адам болсаң, адамдай жаса. Мүриўбетке қарап қалмасын қолың, Ҳәмел емес, ой-пикир болсын бил, қулың. Мәўрити келгенде ашылсын гүлиң, Егер адам болсаң, адамдай жаса. 2021-жыл, 10-декабрь. 1ғаний — дүнья, байлық.
АНАМА ХАТ Сәлем, ана, ата үйимниң, Шырақлары жанып турып па? Түсиңизге кирген улыңыз, Самарқандта жүрипти ана. Нелер кешер бенде руўхында, Сезеди екен аналар әўел. Сол себепли жасырып бүкпей, Кеўлим аштым сизге таң мәҳәл. Жумбақ екен өмир дегени, Мың рет күнде өзгерер қыял. Бирге жасап бири-бирин, Түсинбейди еркек ҳәм ҳаял. Соннан ана аўырды қәлбим, Түсиңиздиң мәниси соннан. Отыз жыл ғой сол ер ҳәм ҳаял, Айып излер бир-биринен. Бир күни дең ана, қоңсымыз, Өз қоңсысын пышақлап қойды. Әттең, басым жерге ийгизип, ақмақ, Бул сум хабар жүрегим ойды. Көз алдымда әмелдар қорқпай, Үш қабатлы кәшана қурды. Қыялымда елдиң алдында, Ол жүзиме бир шаппат урды. Ал, бир, қазы ҳасла уялмай, Гүнәсызға оқыды ҳүким. Ҳүжданымның көзлеринде қан, Уйқылай алмай шықтым сол бир түн. Иске келсем бир ғәрип ҳаял, Тәғдиринен налыйды нашар. Ери сыртта, қәйин ене болса, Үйден қуўған. Еки улы бар. Кимдур әдейи биреў дәртине, Өз қолларын ысытса егер. Эҳ, бундай қайымды көрип, Жан-тәним азап шегер. О, анажан гәҳи көзлерим, Талығады ғайры ҳалаттан. Даңқ таласса бир саўатсыз, Жүрек зерде болар бул наданлықтан. Гейде ата улы себепли, Қысынғанда ернин тислер. Анасына ақырет-азап бериў, Айтың ана, муслим иси ме? Саламатпан анажан өзим, Меннен сирә болмаңыз қәўетер. Ел ишинде өзин таппаған, Бенделерден жан-тәним безер. Тилим узын, қол болса келте, Аспан жырақ, жер болса қатты. Илажым жоқ ҳәзирше ана, Дәртимизди айтыўдан артық. Түсиңизге кирген мәҳәлде, Дуўаларда болсын қолыңыз. Ел тыныш болса, кеўлим жубаныш, Билиң, аман туңғыш улыңыз. 2021-жыл, 15-январь. *** Үш нәрсени парыз бил, мудам, Исеним, муҳаббат ҳәм мийнет. Үш нәрсеге мейил болма ҳасла, Жалған ўәде, менменлик ҳәм минлет. Үш адамның дуўасы — бул әўметдур, Ата, анаң ҳәм сүйикли устазың, Үш нәрсе жолларыңа берер нур, Жақсы нийет, мақсет, садық сырласың. Үш адамның ортасына бармағыл, Майда гәп сөз, өсекши ҳәм жалахор. Үш тайпа алдар елди ҳәр мәҳәл, Таўламашы, тиленши ҳәм саўдагер. Үш миннетиң ҳеш умытпа сен, бил, Садықлық, ҳадаллық ҳәм опа. Үш нәрсе жүректи әйлейди ойран, Өшегисиў, менсинбеслик ҳәм жапа. Үш нәрсеге сүйениўиң зәрүр, бил, Ийманыңа, ҳүжданыңа, өзиңе. Үш нәрсеге жуўапкершилик жүклегил, Көзлериңе, қыялыңа ҳәм сөзиңе. Нәсият емес, еслетпедур айтқаным, Ақыллылар буны жақсы аңлайды. Умытпағыл басқалар ҳәм бизлерди, Усы тәризде өзине дос таңлайды. 2021-жыл, 21-февраль. *** Таўып жегенлериң сениң рысқыңдур, Бирақ, көргенлериң сеники емес. Дилде тутқанларың өзиңдикидур, Тилге шығарғаның сеники емес. Тәғдир мүриўбети саған тийисли, Текте әўметиңди еплей алсаң бәс. Перзент камалаты сеники пүткил, Атаңның абырайы сеники емес. Қыял, ой-пикириң сеники аян, Бирақ, биреў ушын алмайсаң нәпес. Гей биреўлер болады шадыян, Лекин, өзге кеўили сеники емес. Мисли сеникиндей туйылар дүнья, Гейде ҳәр нәрсени етесең ҳәўес. Барлығы инсаният ушын жаралған, Ақылдан басқасы сеники емес.
|
Аўдарған: К.РЕЙМОВ.