Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 05:07:00, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

20 ЖЫЛҒА СОЗЫЛҒАН ДАЎ

ямаса пуқаралардың үй алды қыйтақ жерлериниң суўсыз қалыўына ким айыплы?

Усы жылдың 24-февраль күни Кегейли районы, Халқабад посёлкасы, «Бахытлы» МПЖның «Қум-өзек», «Көк-өзек», «Тентек-өзек», «Камалат» ҳәм «Табыскер» көшелеринде жасаўшы бир топар пуқаралардан редакциямызға мүрәжат келип түскен еди.

Мүрәжаттың қысқаша мазмуны төмендегише: «Бизлердиң қыйтақ жерлеримизди суўғарыў ушын «Тентек-жап»тан алатуғын сағамыздың басында «Кум-өзек» көшесиниң №37, 39-жайларында жасаўшы пуқаралар Бийбимарьям Муратова менен баласы Бахтыяр Қутжановлар турады. Еки үйдиң ортасында ени 5 метр аралықтағы сағаға өтиўши жол бар. Усы жолды 2002-жылдан берли (20 жыл) Б.Муратова менен баласы өзбасымшалық пенен ийелеп алып, жолды темир қорған менен қоршап алған. Бул бизлерге жапқа суў келген ўақытларда сағаға жол арқалы барыўымызға ҳәм көше менен жаптың аралығындағы сағаға барыўшы салманы тазалаўымызда бираз қы­йыншылықларды пайда етпекте. Ҳәзирги ўақытта усы салма көп жыллардан берли қазылмағаны себепли батыл болып қалды. Бираз бийиклеп те кетти. Бул бизге қыйтақ жерлеримизге суўдың тез жетип барыўында машқалалар туўдырып атыр. Жыл сайын қыйтақ жерлерге еккен егинлеримиз жапқа суў келгенде өз ўақтында суўғара алмағанымыз себепли қуўрап, набыт болмақта. Ҳәр жылы бәҳәрги егис алдынан салманы тазалайық десек, Б.Муратова менен баласы нызамсыз ийелеп отырған болса да, «Бул жер маған тийисли. Жолдан сағаға өткермеймен. Бас­қа жерден саға алың», деп жолдан темир қорғанын алып тасламайды. Салманы қазыўымызға ҳәм жол арқалы сағаға барыўымызға қарсылық көрсетип киятыр. Машқаламыз 20 жылдан берли шешилмей атыр. Буннан алдын да машқаламызды шешип бериў ушын бир неше орынларға мүрәжат еттик. Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кегейли ра­йонындағы Халық қабыллаўханасына, Кегейли районы ҳәкимлигине ҳәм тағы басқа да тийисли мәкемелерге мүрәжат етип, қатнай берип табанымыз тозды. Сонлықтан сизден машқаламыздың унамлы шешим табыўында бизге әмелий жәрдем бериўиңизди ҳәм журналистлик тексериў өткерип, газетада мақала жәриялаўыңызды сораймыз».

Мүрәжат бойынша Кегейли ра­йоны ҳәкимлигинде болдым. Ҳәкимиятта 11 адам қурамындағы исши топар дүзилди. 28-февраль күни мүрәжаттағы мәселе үйренип шығылды. Усы күни исши топар сол жерде болып, Б.Муратова менен сөйлесилди. Деген менен ол өз сөзинде турып алды, исши топар ағзаларының гәпин тыңлағысы да келмей, «Салмадан суў бермеймен» дегенди билдирип, нәтийжеде буған АКТ дүзилди. Сол күни Кадастр агентлигиниң мәмлекетлик кадас­тр­лары палатасы Кегейли районы бөлиминиң баслығы ҳәкимият­қа төмендеги жуўапты берди: «Мүрәжатта көрсетилген «Тентек-жап»тан саға алатуғын салмадан 60тан аслам хожалықлар үй алды қыйтақ жерлерин суўғарыў ушын пайдаланып келген. Ҳәзирги күнде пуқара Б.Муратова бул  салмадан қоңсыларына суў ишиўге руқсат бермей отыр. Пуқара Б.Муратова менен баласы Б.Қутжановлардың жасап турған турақ жайлары усы салманың бо­йында жайласқан. Салманың ҳәр тәрепинен 2,5 метрден жәми 5 метр жер орны ҳәкимият резервиндеги жер орны болып есапланады. Нызам бо­йынша Б.Муратова менен баласы Б.Қутжанов бул жерди өзбасымшалық пенен қоршалап алыўына ҳәм қоңсы жасаўшы пуқаралардың үй алды қыйтақ жерлерин суўғарыў ушын пайдаланып отырған салманы беклеп алыўына ҳеш қандай ҳақысы жоқ, деп есаплаймыз».

Көрип турғаныңыздай, Кегейли районы ҳәкимияты тәрепинен дүзилген исши топардың жуўмағы бойынша олар тек ғана бурыннан да пуқаралар билетуғын нызам бузыўшылық жағдайы туўралы айтыў менен шекленип, ал, мәселениң шешими бойынша қашан ҳәм қалай шешилетуғынын айтпағаны түсиниксиз.

Жоқарыдағы жуўапты алып, өзим де қанаатланбадым. Бир ра­йонның ҳәкимияты мәселени шешиўдиң орнына, тек ғана бар факт­ти тас­тыйықлап қойғаны қалай болғаны? Сонлықтан Кегейли ҳәкимлигиниң қәнигеси Б.Қадиров­қа мүрәжаттың шешимине пуқаралар түўе, өзим де қанаатланбағанымды билдирдим. Ол қайтадан жумыслаўды мойнына алды. Усылайынша 3-март күни Кегейли ра­йоны ҳәкиминиң  орынбасары А.Өтемуратов Кадастр агент­лигиниң Кегейли районы бөлими баслығы Ж.Сейтназаровқа мүрәжатты қайтадан үйренип шығыў ҳәм мәселени шешип бериў ушын хат жиберди. Хатқа арадан 2 айды өткерип, 15-май күни төмендегише жуўап берилди. Жуўапты қысқаша келтиремен: «...Бөлим тәрепинен ўақыя орнына шығып үйренилгенде (қызық, сонда февральда кадастр дурыслап үйренбеген бе? деген саўал туўылады) ҳақыйқатында да ийе­леп отырған жер майданы зыят екенлиги мәлим болды. Жоқарыда келтирип өтилген мағлыўматқа тийкарланған ҳалда Б.Муратова ҳәм оның баласы жер майданды өзбасымшалық пенен ийе­леп отырғаны анықланды. Бул жағдайда Өзбекстан Республикасы «Жер кодекси»ниң 90-статьясы талапларының бузылыўына алып келген. Өзбекстан Республикасының «Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекси»ниң 60-статья­сы 2-бәнтинде: «Жер участкаларын өзбасымшалық пенен ийелеп алыў, жер участкаларынан әмелдеги нызамлы ҳуқықы болмай турып пайдаланыў — пуқараларға базалық есаплаў муғдарының 25 есеси муғдарында жәрийма салыўға себеп болады» делинген. Өзбасымшалық пенен қоршалап алынған салма әтирапларын ҳәкимият жер қоры есабына қайтарыўыңызды соранамыз».

Усы мәселеде Кегейли районы ҳәкимлиги менен кадастр агент­лигине берилетуғын саўаллар жүдә көп. Бириншиден, неге биринши тексериўде-ақ жәрийма туўралы айтылмады? Ямаса «жер меники, өзим билемен» деп жүрген адамның ертеңине ақылы енип, қоршаған жерин өзи ашып береди дегенге исенген бе екен? Буның ушын пуқаралар тағы шырлап, мениң тағы ҳәкимликке барыўымның не кереги болды? Екиншиден, мүрәжат түскен март айында неге усы нәрсе айтылмады? Сондай-ақ, пуқаралардың май айының ортасына шекем жерлерин суўғарыўдан бос қалғанына ким жуўапкер? Ҳәкимият қашан ең болмағанда нызам шеңберинде пуқаралардың мәплерин қорғаўды ойлайды? Пуқаралар қашанғы ҳәкимиятқа нызам бузыўшылықты қол менен көрсетип берип жүриўи керек? Олар айлығын қашан ҳадаллап алады?

Деген менен ҳәкимияттың талабы тағы орынланбады. Б.Муратова менен Б.Қутжановлар район басшыларының талабын орынлаўдан пүткиллей бас тартты. Буны еситкен пуқаралар және ҳәкимиятқа жуўырысты.

Нәтийжеде бул сапары район ҳәкими Д.Өтемуратовтың тиккелей өзи изине районлық кадастр, архитектор, салық инспекциясы, сондай-ақ, абаданластырыў, мәкан пуқаралар жыйыны баслығы, участкалық милиция ҳәм салманы қазатуғын экскаваторы, топырақты алып кететуғын тракторына шекем алып барды. Және пуқаралардың машқаласы, талаплары шешилмеди. Б.Муратова ҳаялшылығына барып «Не қылсаңыз да салманы бермеймен! Керек болса трактордың алдында жатып аламан» деп, шарбаяшылыққа салып, районның басшысын да писент етпеди, көзге илмеди.

Сизлер бул қандай күш, бул қандай қүдирет екен деп ойлап қалыўыңыз тәбийғый. Деген менен усындай болғанын халық көрди. Салық, кадастр ҳәм басқа да мәкемелер былай турсын, район ҳәкими нызамды орынлатыўға күши жетпегенине ол жерде жасамайтуғын әпиўайы бақлаўшының түсиниўи қыйын, әлбетте. Буның да тийкарғы себеплери бар. Бул туўралы мақала барысында сөз етемен.

 Усылайынша, талас-тартыс соңында район ҳәкими әпиўайы бир пуқараға гәпин өткере алмай, қолын бир силтеп кетип қалды. Мәселениң басы және ашық қалды.

Көп өтпей район ҳәкиминиң орынбасарынан пуқараларға «Өзлериңиз судқа бериң» деген мазмундағы хат келди.  Олар маған хабарлады, хат нусқасын жиберди.

Мен бир нәрсеге түсинбедим, сонда Кегейли районы ҳәкимлиги өзиниң  пуқараларға нызам талабын орынлатыўға күши жетпейтуғынын бир жапырақ қағаз бенен дәлиллегени ме екен? - деген пикир келди басыма.

Қыйтақ жерлери суўсыз қалған пуқаралар не қылсын, және меннен жәрдем күтти. Әлбетте, журналистлик хызметтиң де өз шегарасы бар. Суд арқалы шешилетуғын машқалаға араласа алмайды. Сонлықтан оларға жоқары басшының айтқаны бойынша Б.Муратова менен баласының үстинен судқа даўа арза  бериўин мен де мақулладым. Солай етип, пуқаралар Шымбай районлар аралық судына мүрәжат етти. Деген менен  жер ҳәкимияттың балансында болғаны ушын пуқаралардың суд­қа бериўи нызамға қайшы келетуғыны суд тәрепинен айтылды.

Және бир саўал бар. Сонда Кегейли районы ҳәкими, орынбасарлары мәмлекетлик жердиң, яғный, ҳәкимиятқа тийисли жерди нызамсыз ийелеген пуқараларды судқа бериў өзлериниң жумысы екенлигин билмегени ме? Бир районның ҳәкимиятында юридикалық саўатқа ийе юристтиң болмағанын қалай түсиндиремиз? Район ҳәкимлиги әпиўайы бир пуқараның нызамсыз ийе­леген жерин өзине қайтарып алыўды билмесе, буны пуқаралар мойнына жүклесе қалай болғаны! Ра­йон ҳәкимлигинде юрист штаты бар. Бирақ, әпиўайы мәселеде не қыларын билмейтуғын ҳәкимият юристи Гүлнара Маткаримованың неге айлық алып отырғаны жумбақ.

Ақыр-ақыбетинде районның резервиндеги жерди қайтарып алыў даўа арзасын ҳәкимият емес, ал, кадастр берди. Ис үстимиздеги жылдың 20-июль сәнесинде Пуқаралық ислер бойынша Шымбай районлар аралық судында қаралып, төмендеги шешиўши қарар шығарылды: «Жуўапкер Қутжанов Бахтыяр Ас­қаровичтиң Кегейли районы, «Бахытлы» МПЖ, «Қум-өзек» көшесинде жайласқан турақ жай имаратының жер участкасына тутас болған 5 метр жер орынға өзбасымшалық пенен қурылған темир қорған жуўапкер Қутжанов Бахтыяр Асқаровичтиң есабынан мәжбүрий буздырылсын ҳәм 75,5 метр жер майданы пайдаланыў ушын жуўапкер Қутжанов Бахтыяр Асқаровичтиң есабынан жарамлы жағдайға келтирилип, Кегейли районы жер қоры есабына алып берилсин. Жуўапкер Қутжанов Бахтыяр Асқаровичтен мәмлекет пайдасына 600 мың сум мәмлекетлик бажы өндирилсин».

Судтың қарары шыққаннан берли де арадан зымырап, 20 күннен аслам ўақыт өтип кетти. Бирақ, елеге шекем нызамсыз қурылған темир қорғанның бузылғанын көрген адам жоқ. Бурын-соңлы нызамды писент етпей, ҳәтте, бир районның басшыларының сөзин сөз санамай келген жуўапкерлер ашыўынан еле түспеген көринеди. Сондай-ақ, нызам талабы, судтың қарарын орынлатыў, орынланыўын қадағалаўы тийис органлар тәрепинен де ҳәрекетлер бақланбай атырғаны әлбетте, өкинишли.

Неге бундай? Неге судтың қарары да орынланбайтуғын болып қалған? Не ушын жуўапкер пуқаралар ҳәкимияттың қорындағы жерди қайтарыўға асықпай атыр деген саўаллар туўылады. Мәселеге тереңирек көз жуўыртсақ, төркинине үңилсек, нызам талапларының бузылыўына тийкар болған себеплер суў бетине қал­қып шығады. Былайынша қағаз жүзинде жазылмаған болса да, Қутжанов Бахтыярдың тас кесетуғындай дәлили бар сыяқлы. Қутжанов Бахтыярдың анасы Б.Муратованың сөзлерине қарағанда, буннан бир нешше жыллар алдын ра­йон ҳәкиминиң қурылыс ислери бойынша орынбасары болған Қәллибек Мәмбетов оған «Жолды темир қорған менен қоршалап тасла. Пуқаралар басқа жерден саға алсын» деген болса, «Бахытлы» МПЖ баслығы Б.Бекмуратов та оны қоллап-қуўатлап: «Растан да мына турысы көшениң сәнин бузып тур. Темир қорған менен қоршалап тасла» деген қусайды. Бурынғы район ҳәкиминиң орынбасарының сөзин дәлиллеў мүмкиншилиги болмаса да, сол жердеги МПЖ баслығы Б.Бекмуратовқа жуўапкерлер «Өзлериңиз темир қорған менен қоршалап тасла деп айт­тыңыз-ғо» дегенде тилин тислеп қалғанын өз көзимиз бенен көрдик. Ал, енди кимниң ҳақ, кимниң наҳақлығын өзлериңиз аңлай бериң.

Халқымызда «Балық басынан ширийди» деген даналық гәп бар. Сол айтқандай, бул машқалада 2002-жылдан 2022-жылға шекемги аралықта Кегейли районында ҳәким болып ислеген лаўазымлы шахслардың да айыбы бар сыяқлы. Себеби, Кегейли районы басшылары 20 жылдан берли өз жерин қайтарып алыўды ойламаған. Пуқаралардың даў-жәнжелине көз астынан қарап, оларды арзагөй санап, сөзине қулақ түрмеген. Егер Кегейли районында сонша жыллар ишинде ҳәким бол­ған ел ағаларының дым болмағанда биреўи усы арзаны арза ретинде емес, ал, мүрәжат, мүрәжат артында адамлардың тәғдири жатыр деп қарағанында нызам талабының орынланыўы буншелли созылып кетпеген, адамлардағы исенимди сөндирмеген болар ма еди, деп ойлайман.

Яқшы, район ҳәкимлиги пуқараларды арзагөйге санаған, қоңсы менен қоңсыны урыстырғысы келмеген-ақ болсын. Деген менен бул машқала тек пуқараларға қыйыншылық туўдырып қоймаған. Ҳақыйқатында келгенде, жуўапкерлер бөгеп таслаған сағаның аяғы Халқабад посёлкасының батысындағы «Естелик бағы»на барады. Тереңирек ой жуўыртсақ, «Естелик бағы»н­дағы мийўели ҳәм саяманлы терек, нәллердиң де өз ўақтында суў ишпей атырғаны, адамларға мазалы мийўеси менен саясын беретуғын дарақлардың өсип-өниўине де кесент бергени белгили. Шөлиркеп атырған дарақларға тил берилмеген, егер оларға да қудай тил бергенде район басшыларына өз шағымларын, суўсызлықтан шеккен жәбирлерин жеткерген болар ма еди, деп ойлайман.

Сағынбай ОРАЗЫМБЕТОВ,

өз хабаршымыз.

Кегейли районы.

СҮЎРЕТЛЕРДЕ: пуқаралардың үй алды қыйтақ жерлерин суўғарыў
ушын пайдаланып отырған салмаға өзбасымшалық пенен қурылған
темир қорғанның көринислери.

Автордың түсирген сүўретлери.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF