Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 07:13:58, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚӘТЕНИ МОЙЫНЛАЎ ҲӘМ ДҮЗЕТИЎ — ИЛИМПАЗ УШЫН МӘРТЛИК

Жоқары оқыў орынларында оқып атырған ҳәр бир студент илим менен шуғылланыўдың оғада көп мийнетти талап ететуғын машақатлы кәсип екенлигине қарамастан өзлериниң устазларындай илимпаз болыўды әрман етеди.

Соның ушын да олар белгили бир пәнлерден болатуғын семинар жумысларына пуқта таярлықлар менен келеди, реферативлик жумысларды жазып ямаса илимий-әмелий конференцияларда баянатлар жасаў арқалы ҳалын сынап көреди. Соңғылығында питкериў қәнигелик жумыс ямаса магистр­лик диссертацияларын жазып, питкерип, ақ жүзли абырайлы болып қорғап шығыўды өз алдыларына мақсет етип қояды.

Деген менен ҳәмме илимпаз студентлерге дурыслы илимий басшылық ете бермейди. Ҳақыйқый илимниң шыңына шығыў — тынымсыз мийнетти, өз үстиңде тынбай излениўшеңликти талап етеди.

Илимпаз деген атқа миясар болғаныңнан кейин педагогикалық этика талапларына муўапық ойланып сөйлеўге, әдеп-икрамлылықтың үлгисин әтирапыңдағыларға көрсете билиўге, жиберилген қәте-кемшиликлер болса дүзетиўге, әсиресе, жазыў, сызыў мәселелеринде басқаларға салыстырғанда анағурлым дәрежеде артықмашлықларға ийе екенлигиңди көрсете билиўге мәжбүр болатуғынлығың бәр­қулла билинип турады. Себеби, сениң сөйлеген сөзиң, ислеген ис-ҳәрекетлериң, тамамланған ойды билдиретуғын пикирлериң ҳәммениң дыққат орайында болады. Анығырағы, өзиң қәлемеген ҳалда «сынға түсиўге» мәжбүр боласаң.

Илимпазлық дәрежеси бир орында турып қалыўды қәлемейди. Ол бәрқулла алға қарай илгерилеўди, өзиңде бар болған билим, уқыплылық, көнликпелерди кейинги шәкиртлерине, студент-жасларға үйретиўди талап етеди. Әсиресе, илим тараўында бир неше шәкиртлер таярлаў мәселеси ҳәммеге де несип ете бермейди. Бул тараўда Қарақалпақстаннан шыққан биринши илим докторы Жумек Асқарович Урынбаевтың шәкирти, педагогика илимлериниң докторы, профессор, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери, Кембридж университети тәрепинен ХХI әсирдиң уллы алымы деп тән алын­ған, ҳәзирги ўақытта Нөкис мәмлекетлик педагогикалық инс­титуты, «Педагогика» кафедрасында ислеп атырған илимпаз Өсербай Әлеўовты үлги сыпатында көрсетсек қәтелеспейтуғын шығармыз, деген пикирдемен. Себеби, оның усы ўақытқа шекем бир илим докторы, жигирмаға шамалас илим кандидатлары, педагогика бойынша философия докторларын таярлағанлықлары, бир неше магистрлик диссертациялар ҳәм бакалавр питкериў қәнигелик жумысларына  басшылық еткенлери пикиримиздиң айқын дәлили бола алады.

Ҳәмме де бундай жетискенликлерге ерисе бермейди. Биреўлердиң шаңарағындағы мезгилсиз жоғалтыўлар, узақ даўам еткен аўырыў-сырқаўлардың араласыўы ҳәм басқа да аўыр турмыс шараятлары қатарының алды болыўына қарамастан айы­рым илим жолына түскенлердиң бийик шыңларға шығып, «илим докторы» илимий дәрежесин алыў ислерине аз да болса кери тәсирин тийгизеди. Деген менен, олардың айырымлары биротала түскинликке түсиўден ўаз кешип, сол өзи шуғылланып атыр­ған илим тараўын халық ушын, халықтың балалары ушын раўажландырыў жолында тынымсыз мийнет ислейди. Нәтийжеде студентлердиң, магистрлердиң де, докторантлардың да, айы­рым профессор-оқытыўшылардың ҳәм ата-аналардың да, жәмийетшиликтиң де алғысына миясар болады.

Бундай тақылеттеги илим докторы болыў несип етпеген илим кандидатлары, илимниң белгили бир тараўлары бойынша философия докторлары мақалаларды, сабақлық ҳәм оқыў қолланбаларды өзи жазады. Өзиниң күши жетпей баратырса өзине уқсаған, доктор болыў несип етпегенлер менен бирге ислеседи. Бирақ, олар ҳешқашан «Мени жазған мақалаңа ямаса сабақлығыңа, оқыў қолланбаңа авторлардың бири сыпатында қос. Баспа қәрежетлерин өзим төлеймен» деп, ямаса, «Мениң профессор ямаса доцент болыўым ушын керек еди, мени де қос, өтиниш» деп көзлери мөлтилдеп жалынып турыўды өзлерине еп көрмейди. Олар магистрлик диссертацияға жазған жуўмақлаўшы пикиринде «жумыс бакалавр академиялық дәрежесин алыўға ылайық» деп ойланбастан қол қойып жибериўлерди этикалық нормаларға қарсы келеди, деп есаплайды...

Гейпара жаңадан диссерта­цияларын жақлап шыққанлар базы биреўлердиң гәплерине ере ме, бул жағы маған белгисиз, этикалық нормаларға сәйкес келмесе де арза жазыўдың түбелегин түсиреди. Бирақ, өзи бир шетте қалып қояды. Бул ҳаққында ертеректе марҳум профессор Ж.Қайырбаевтың «Қарақалпақстан жаслары» газетасында (29. 07. 1999 ж. Қ 28. (1009) жәрияланған «Адамның түлкиси» атлы гүрриңин оқып, тәсирленип, «Адамның түлкиси қәўипсизликке қәўип туўдырады» деген мақаланы жазғаным, оның усы газетаның 2000-жыл 27-январьдағы санында жәрияланғанлығы ҳәм мениң бул мақалам ушын алғыслар еситкеним еле есимде.

Ертеректе кафедра баслығы болып ислеген дәўиримде бир неше кандидатлық ҳәм докторлық диссертацияларды жақлайтуғын кеңеслерге қатнасқанман. Сол ўақытларда еле  диссертациялық жумысын қорғап шықпай атырып, өзине жоқарырақ лаўазымларды гөзлеп жүргенлердиң де гүўасы болғанман. Олардың айырымларының күйинип, жумысқа шын берилгенлигин көрсетиўге ҳәрекет етип жүргенликлерин көрип, ҳақыйқатында да бул жигит жоқары лаўазымларға ылайық, деп те есаплағанман. Бирақ, олардың айырымларының диссертациялық жумысларын қорғаў ўақтындағы ҳәрекетлерин көрип, иштен түңилгенмен.  Себеби, олардың бирине диссертациялық жумысын жақлаў ушын сөз берилген ўақытта он минуттай ўақыт ишинде бир аўыз да сөз айтпастан, тек кафедраға асылып турыў менен шекленди. Арнаўлы кеңестиң баслығы дис­сер­тант­тың қорғаўға тайын емеслигин айтып, таярлық көриў ушын оған үш ай ўақыт берди.

Екинши бир жағдайда диссертация қорғайтуғын келешектеги илимпазымызға  сөз берилген ўақытта «И.А.» деген сөзди қайта-қайта «И.А., И.А., И.А.» деп қайталай берди. Нәтийжеде кеңес ағзаларынан Жалолатдин Хасанбаев: «ука И.А., И.А. деган жумлани кўп ишлатдингиз, у нимани аңлатады» деген сораўды бериўге мәжбүр болды. Диссертант жуўап бере алмады...

Гейпара илимпазлар илим жолында көп жетискенликлерге ериседи. Олардың жетискенликлерин көрип отырғаннан кейин студентлердиң питкериў қәнигелик жумысларына, магистрлик диссертацияларға басшылық еткенин қәлеймиз. Сонлықтан да кафедра баслығы болып ислесең алды менен жетискенлиги көп болған илимпазларға студентлер менен магистрлерге илимий басшы болыўын өтиниш етемиз. Олар да мийнетиниң баҳалан­ғанлығын көрип шексиз қуўа­ныш­қа бөленеди. Рахметлер айтады. Деген менен «шөжени» санайтуғын ўақыт та көзди ашып-жумғанша келеди. Әлбетте, кафедра баслығы болған адам кафедрасындағы профессор-оқытыўшылардың илимий басшылығында орынланған жумысларды, оның жазылыў талапларына ҳәм жобаға сәйкес жазылғанлығына дыққат аўдарып, өз көзи менен көриўге ҳәм мақул болса қорғаўға жибериўге миннетли. Мине, усы орында айырым профессор-оқытыўшылар қәтеликлерин дүзетиў кереклигине итибар берместен, көзге көринип турған қәтеликлерди мойынламаўға ҳәрекет жасап, этикалық талапларды көз-көреки бузыўға умтылады.

Пикиримизди мысаллар менен толықтырайын. Илгери жыллары «Баслаўыш тәлим педагогикасы ҳәм психологиясы» атлы кафедраны басқарыўыма туўра келди. Бул кафедрада илимий дәрежелилер баршылық еди. Ол ўақытлары магистратура бөлими болмағанлықтан илимпазларға тек ғана питкериў қәнигелик жумысларға басшылық етиўге руқсат берилди. Оның жазылыў талабы бойынша А4 форматлы қағазда, Таймс Нью-Роман редакторлығында, аралығы 1,5 интервальда, шеп жақтан 3,0, оң жақтан 1,5, жоқарғы ҳәм төменги жағынан 2 см. қалдырып жазылыўы керек. Бундай ҳалатта бир беттеги қатарлар саны 30 болады. Және де кирисиў, ҳәр баптың атамасы, жуўмақлаў, пайдаланылған әдебиятлар ҳәм қосымшалар деген ат пенен аталатуғын орынлар бас ҳәриплерде, боялған түринде, параграфлар да боялған түринде бирақ, киши ҳәриплерде жазылыўы керек. Және де бир параграф тамамланып, екинши бир параграф басланған ўақытта оны таза беттен баслаў шәрт емес, тек ғана бир бап тамамланып, екинши бапқа өтетуғын ўақытта таза бетке өтетуғынлығын, пайдаланылған әдебиятлар көрсеткишинде автор, оның мийнети, қай жерде, қайсы баспада (журналда) қашан шыққанлығы, бети көрсетилиўи кереклигин кафедрамыздағы профессор-оқытыўшылардың барлығына түсиндирип отырыў шәрт емес, себеби, олар бул жолдан диссертациялық жумысларын қорғайман, дегенше өтип болған.

Деген менен, «таяр» деп қол қойдырыўға алып келинген питкериў қәнигелик жумысларды көзден өткергенимде интервальлар 2,0-2,5, шрифтлер басқа, ҳәр бир абзацтың ақырында бир интервалдан және бос қалдырыл­ған ҳалындағы жумыслар келди. Илимий басшы тәрепинен берилген жуўмақлаўшы пикирлердиң айырымлары бир-бир ярым, айырымлары ярым бет көлеминде болды. Және де ярым ҳәм бир бетлик пикирлердиң ишинде 20-30дан баслап 50-60қа шекем қәтеликлерге жол қойылғанлығы да анықланды. Биз, өз нәўбетинде қәтеликлерди бояп көрсетиўге мәжбүр болдық, бирақ, қол қоймадық.

Студентлер ары-бери ҳәрекет ислеп, кафедра баслығына «дүзеттик» деп, үш-төрт мәрте алып келди. Деген менен, биз ручка менен дүзетилмеген кемшиликлерин көрсетип бериўге еринбедик. Усы орында айырым илимий дәрежелилердиң ашыўы келди. Абырайлылары келип столды урып, даўыс көтерип, ҳәтте, айырым «илимий басшылар абырайлы болса, ярым бет емес, бес-алты аўыз сөз бенен жумысқа жуўмақлаўшы пикир бериўдиң мүмкинликлерин» еслетип, өзлериниң әдепсизлик ҳәрекетлери менен кафедра баслығына басым өткериўге ҳәрекет жасады. Олардың ишинен биреўи кафедра ағзаларына баслықтың үстинен арза жазылып атырғанлықларын, сол арзаға қосылыўлары кереклигин, сонда баслықтан қутылыўдың итималлығының бар екенлигин айтып, алдыларынан өтип те көрди. Деген менен, тек ғана санаўлы адамлардан басқалары бул усынысты қоллап-қуўатламады...

Бизди ҳайран қалдырған нәрсе, өзин «абырайлыман» деп есаплаған илимпаздың илимий дәрежелилерди еки тайпаға, анығырағы, абырайлы ҳәм абырайсыз деген тайпаларға бөлиўи болды. Бирақ, усы ўақытқа шекем педагогикалық әдебиятлардың ишинен илимпазлардың бундай еки топарға бөлиниўин ҳеш ушыратпадым. Сонлықтан да, абырайлы илимпаздың айт­қан сөзлерин «мәзи бир гәп» деп түсиндим.

Академик Ж.Базарбаев ҳәм доцент Қ.Дәўлетовалардың биргеликтеги жазған «Әдептаныў» оқыў қолланбасының 3-бетиндеF «адам сулыў, ақыллы, күшли, сын-сымбатлы болыўы мүмкин. Бирақ, онда әдеплилик болмаса ол пәс адам» деп көрсетиледи. Жоқарыда мысал ретинде келтирип өтилген ўақыяларды көрген ямаса еситкен ҳәр бир адамда «Илимпаз илимниң бийик шоққысына, атақ-абырай, даңқ-мәртебелерге ерисиўи мүмкин. Бирақ, көзге көринип турған қәтеликлерин мойынламаўы, дүзетиўге ҳәрекет жасамаўы, көкирекке ура бериўи оның пәслигиниң хақыйқый белгиси» деген пикирлер пайда болады. Узақты көретуғын халқымыз тәрепинен де «Алым болыў шәрт емес, азамат болыў ўазыйпаң» деген ибратлы сөзлер қалдырыл­ған. Мениң пикиримше, ким болса да бундай жағдайлар ушырасқанда бириншиден өзине шыдамлылық тилеўи ҳәм екиншиден «...кәрўан көше береди» деген ҳикметли гәпти басшылыққа алғаны мақул болады.

Жуўмақлап айтқанда, илажы болса қәте жибермеў, ал, қәтени жибергеннен кейин оны мойынлаў ҳәм дүзетиў — бул илимпаз ушын мәртлик. Көзге көринип турған қәтени мойынламаў — илимпаздың пәслиги. Ал, илимпазларды «тайпаларға бөлиў» педагогикалық этика талаплары көзқарасынан қарағанымызда да, адамгершилик көзқарасынан қарағанымызда да барып турған мәдениятсызлық, мәдений саўатсызлық болып есапланады.

Арзы ПАЗЫЛОВ,

Қарақалпақстан Республикасы Халық муғаллими.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF