ТОСЫННАН БОЛМАҒАН УШЫРАСЫЎ
ЯМАСА АТАБЕК МАҲКАМОВ ФЕНОМЕНИ
Жолда кетип баратырып, тосыннан бир ағайниңди, достыңды, ямаса танысыңды көрип қалсаң..., таңырқанып көрисесең. Бирден не дериңди билмей, ҳайран қалғаныңды жасырмай, ҳәр қыйлы толқынланыўшылық сезимлерге бөленесең. Себеби, сен бул ушырасыўды күтпегенсең...
Өмирде сондай ушырасыўлар болады, бундай ушырасыўларды алдыннан жобаластырасаң, оған жақсылап таярлық көресең, ушырасыў мәўритлерин асығыслық пенен күтип жүресең. Себеби, бул тосыннан болмаған ушырасыўлар...
Жақында өзбекстанлы киноактёр, ҳуқықтаныўшы, халықаралық юрист ҳәм басқа да онлаған кәсипти өзинде жәмлей алған, көп қырлы ҳәм әлўан сырлы дөретиўши инсан Атабек Маҳкамов Қарақалпақстан Республикасында мийманда болды. Бул да тосыннан болмаған ушырасыўлардың бири еди.
Хош, Атабек Маҳкамовтың бул диярға келиўиндеги тийкарғы мақсети қандай?
Биринши нәўбетте, айтылған кәсиплерден тысқары, өзин жазыўшылық тәрепинен көрсетип киятырған А.Маҳкамов «Юксаклик сари, тасодиф бўлмаган 100 та учрашув» китабын жазған. Усы китаптың презентациялары республикамыздың барлық аймақларында өткерилмекте. Екиншиден, өсип киятырған жас әўладқа мотивация бериў, оларға жол-жоба көрсетиўден ибарат.
Автор: Мен бул инсанға жүдә ҳәўес етемен. Не ушын? Себеби, адамгершилик тәрептен ҳәмме менен теңдей тил табысып, адамлардың сөзлерин жерде қалдырмағаны ушын. Және бир қәсийети, Атабек аға ҳақыйқый лидер ҳәм әжайып мотиватор екен.
Ушырасыўға шекемги болған жол.
Бул ең биринши неден басланған? Билесиз, көбирек жаслар социаллық тармақларға, яғный, телеграмм, инстаграм ҳәм күнделикли тамаша ететуғын «You Tube» тармақларына қызығады. Бир күнлери «You Tube»тан «Атабек Тв» деген каналға көзим түсти ҳәм сол жердеги видеоларды көрип, бул инсанға жүдә ҳәўесим келген еди. Дерлик ҳәр күни А.Маҳкамовтың өмир жолы, дөретиўшилигине тийисли болған мағлыўматларды, фактлерди ақ қағазға түсирип баратуғын едим. Жақында Жаслар ислери агентлигиниң рәсмий каналындағы бир постқа көзим түсти, яғный, «А.Маҳкамов Қарақалпақстанға келеди» деген хабарды көрип, иш-ишимнен жүдә қуўандым ҳәм бул инсан менен тезирек ушырасыўға асығып, оның дөретиўшилиги бойынша сораўлар дүзиўге ҳәрекет еттим.
Атабек Маҳкамов өзи ким?
Корпоратив жумыслар бойынша юрист, журналист, актёр, блогер, дилмаш, оқытыўшы, лектор-мотиватор, радиобаслаўшы, телебаслаўшы сыяқлы көплеген кәсиплер менен шуғылланады.
Мийманның кирис сөзи. Ушырасыўдың басында А.Маҳкамов: «23 жыл алдын Нөкис қаласына биринши мәрте келгенимде «Прогресс» оқыў орайына барған едик. Сол ўақытта классласларым маған сораў берди: — Атабек, Нөкис қаласындағы жасларды қара, инглис тилинде емин-еркин, өз ана тилиндегидей етип сөйлеп атыр. Буның ҳеш ҳайран қалатуғын жери жоқ. Себеби, бул жаслар уллы шайырлар — Әжинияз, Бердақ, Күнхожалардың әўладлары! Мине, биз бүгин усындай уллы диярға келдик. Ассалаўма әлейкум, Қарақалпақстан!», деп өз сөзин баслады. Буннан кейин «Саҳрадағы екинши Лувр» аты менен дүнья жүзине белгили болған Савицкий музейи ҳаққында толып-тасып айтып өтти ҳәм бул жерге көбирек туристлерди алып келетуғынлығын айтты.
А.Маҳкамов: Биз әкесиз өстик, ол бизди таслап кеткенде мен 3 жаста едим. Анам әпиўайы рус тили ҳәм әдебияты оқытыўшысы, кемпир апам балалар бақшасында иследи ҳәм жалғыз әжапам: Мине, бул мениң қолымнан келди ме, демек сизлердиң де қолыңыздан әлбетте, келеди деп ол барлық отырғанларға мотивация берди.
А.Маҳкамовтың ҳәр дайым беретуғын сораўы: Мен қалайынша кишкене ғана қалада туўылып, әпиўайы шаңарақта жасаған адам, бундай жетискенликлерге ерисиўи мүмкин!
Китаптың ураны: Нобель сыйлығының ийеси Жорж Бернард Шоудың сөзлери: «Бул дүньяда оптимистлер самолётты ойлап тапқан, пессимистлер болса парашютты».
Китап ҳаққында еки аўыз сөз. Атабек Маҳкамов бул китапты пандемия дәўиринде Американың Нью-Йорк қаласында 2 ярым жыл даўамында жазған. Автор китапты өзиниң анасына арнаған. Себеби, анасы 49 жасында рак кеселлигинен қайтыс болған. Яғный, бул китаптан түскен ең биринши пайда Өзбекстанда рак кеселлигине шатылған балаларға жумсалады. Бул әлбетте, үлкен саўаплы ҳәм қайырлы ис.
Китаптың ең биринши нусқасы презентацияда сақаўат аукционына қойылған ҳәм 15 миллион сумға сатылған. Екинши китап 17 миллион 200 мыңға сатылды. Буннан басқа, бул қайырлы иске Америкада жасап атырған өзбеклер де өзиниң үлесин қосқан. Жәми топланған пулларға рак кеселлигине қарсы арнаўлы дәри-дәрмақлар алып берилген.
Ушырасыўда отырып бундай гәплерди еситиў жүдә қыйын, қараң! Атабек Маҳкамов ҳақыйқый қайыр-сақаўатлы инсан екен.
Атабектен мәсләҳәт: Сизлер Президент Жо Байден менен бирге, Рим папасы Франсуа I менен бе, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми бас хаткери Антониу Гуттерриш пенен бе сәўбетте болғаныңызда анаңыз қоңыраў етип қалса, «Кеширерсиз, бир минут», деп шығып кетиң ҳәм анаңыз бенен сөйлесиң, себеби, олардың да анасы бар, деп китап авторы жасларға мәсләҳәт берип өтти.
Китапқа кирисиў: Китап 16 баптан ибарат болып, ҳәр бабында өзиңизге унаған кәсип ийелерин таңлаў имканиятына ийесиз. Бул жерде пүткил дүньяға белгили адамлар ҳәм базыбир өзбекстанлы зыялылардың аты, фамилиясы да киргизилген.
Баплар:
1-бап: Мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик зыялылар;
2-бап: Аспазлар;
3-бап: Иллюзионист;
4-бап: Спортшылар;
5-бап: Журналистлер;
6-бап: Шайыр;
7-бап: Жақынларым, анам;
8-бап: Шыпакерлер;
9-бап: Режиссёрлар;
10-бап: Жазыўшы;
11-бап: Юмористлер;
12-бап: Телебаслаўшылар;
13-бап: Композиторлар;
14-бап: Пианиношылар;
15-бап: Қосықшылар;
16-бап: Актёрлар.
Китаптың структурасы: Китап 3 тилде, яғный, өзбек, рус ҳәм инглис тиллеринде жазылған. Ушырасыўлар 18 жылда, 52 мәмлекетке саяхат даўамында қағазға түсирилген. Атабек Маҳкамов китаптағы 100 қаҳарман менен түрли жерлерде ушырасқан ҳәм сүўретке түскен. Китаптағы және бир структуралық әҳмийетке ийе нәрсе — автор қаҳарман ҳаққында биография, қызықлы мағлыўмат ҳәм кульминациялық жағдайды сүўретлеп берген.
Буннан соң жаслар ҳәм Атабек аға ортасында бир-биринен қызықлы болған сораў-жуўапларға нәўбет жетип келди.
Сораў: — Және китап жазсаңыз, қарақалпақ тилин қосасыз ба?
Жуўап: — Әлбетте, қосаман.
Сораў: — Сиз өзиңиздиң интервьюңизде айтып өткен едиңиз, «Мениң 10 кәсибим болса, мен оны 10 перзентим деп атайман». Яғный, сиз қайсы кәсиптиң толығы менен изин ақтарып, шыңына шыға алдыңыз?
Жуўап: — Мен барлық кәсиплерим, яғный, перзентлеримди жақсы көремен. Оларды бир-биринен айырмайман. Мен анық айта алмайман, келешекте және 11-кәсип қосылыўы да мүмкин.
Сораў: — Сизиң космосқа шығыў мақсетиңиз бар ма?
Жуўап: — Әлбетте, нийетим бар. Кейинги жылы Антарктидаға барыўды режелестирип атырман.
Сораў: — Қарақалпақстандағы қайсы бир жазыўшы ямаса шайырдың жазған шығармаларын оқыдыңыз?
Жуўап: — Маған көбирек шайырлар унайды. Қарақалпақтың классик шайыры Әжинияздың қосықларын оқыйман (ол қосықты оқый баслады).
Сорасаң елимди Қожбан бизлерден,
Қалпағы қазандай еллерим барды.
Қәте шықса кешириңлер сөзлерден,
Қытай, Қоңырат атлы еллерим барды.
Сораў: — Өтмиштеги 14 жасар Атабек Маҳкамовты көрип қалғаныңызда оған не деп мәсләҳәт берген болар едиңиз?
Жуўап: — Бириншиси, көбирек ананың пәтиясын алыў, екиншиси, аз уйқылап, көп оқыў. Себеби, 14 жастағы бала максимал жақтан өзин пүткил денеси менен билим алыўға арнаўы керек. Үшиншиси, 14 жасымда 3 тилди үйренген едим. Көбирек тиллерди билмегениме өкинемен.
Бир күни қызықшы Мырзабек Холмедов пенен интервью өткерип атырып: «Қайсы шет тиллерин жаслар үйрениўи керек!» дегенимде, ол мынадай деп жуўап берди: «Еки тил: инглис ҳәм араб тили». «Не ушын?» «Инглис тили бул дүньяда керек, араб тили о дүньяда керек».
Сораў: — Анаңыздың ең жақсы характери, қәсийети бойыңызға сиңген бе? Сиздей ақыллы перзентти қандай ана дүньяға келтирген екен?
Жуўап: — Бул сораўға жуўап бериў жүдә аўыр. Көпшилигиңиз билесиз, егер де билқастан анамыздың қолынан кесе түсип кетсе, бул жақсылыққа. Егер бул исти биз қылсақ, демек қолларымыз басқа жақтан өсип шыққан болады. Сизлерди билмедим, бирақ, бул аўҳал бизде тез-тезден тәкирарланып туратуғын еди. Жаслығымда анамнан көп гәп еситкенмен. Енди ойлап қарасам, анам адамды тәрбияға үйретеди екен. Мысалы, анамның «қәне, дәрҳал үйге кир, сениң менен сөйлесип алыўымыз керек» деген сөзлери қыйын сынаққа қарай мәртлик пенен барыўды үйретеди. «Қыйсайма, болмаса маймылға айланып қаласаң» деген гәплери келешек ҳаққында ойлап атырғанынан дерек береди.
Сораў: — Сизге китап бойынша сораў. Жазыўшы Абдулла Қәдирийдиң «Өткен күнлер» романындағы бас қаҳарман Атабек сүйген қызы Гүмиске үйленгеннен кейин Ташкенттен Марғуланға көп қатнағыш болып қалады. Бул нәрсе Атабектиң ата-анасы, әсиресе, анасы Өзбекайымға жақпайды. Сонлықтан, анасы Атабекти Ташкенттен шығармаў ушын Зайнап деген қызға мәжбүрлеп үйлендиреди. Егер, сиз сол «Өткен күнлер»деги Атабектиң орнында болғаныңызда не қылар едиңиз?
Жуўап: — Абдулла Қәдирий сол пайытта өзбек жәмийетиндеги машқалаларды солай ашып көрсеткен. Бул шығарма биринши мәрте 1926-жылы «Инқилоб» деген журналда жәрияланған. Әне, сол кемшиликлер бизде елеге шекем бар. Ең үлкен қәте — Зайнаб деген қызды бахытсыз қылыў. Ол ата-анасы менен урысқанын билетуғын еди. Абдулла Қәдирий Атабектиң анасы арқалы ҳаялдың қаншелли дүньяқарасы тар, тек өзине керегин ғана ойлайтуғын екенлигин айтпақшы болған. Соның ушын, егер мен Атабектиң («Өткен күнлер»деги) орнында болғанымда биреўди (Зайнабты) бахытсыз қылмаған болар едим.
Сораў: — Мине, сиз дүнья гезген адамсыз. Ең дәслепки барған елиңиз Венгрия, ең соңғы барған мәмлекетиңиз Эквадор болған. Енди сизге сораў: Ең биринши Венгрияға барған ўақыттағы Атабек пенен ең соңғы, Эквадорға барған Атабек арасында қандай парық бар! Егер де басқа мәмлекетлерге барыўды даўам етип, айтайық, 100-мәмлекетке барғаннан кейин Атабек Маҳкамов қандай болады деп ойлайсыз?
Жуўап: — Биринши мәрте Венгрияға барғанымда мектеп оқыўшысы едим. 10 жыл алдын танысым менен Италияның Венеция қаласына бардық. Үйге қайтып келгеннен кейин, 1-2 ҳәптеден кейин баяғы танысым қоңыраў етти: — Атабек аға, мен ҳаялыма қаяққа барғанымды айтып берип атырман. Бирақ, суў қаласы бойынша есимде жоқ. Сол қаланың аты не еди, деп сорады. Барғаннан кейин сол мәмлекеттиң тарийхын, мәдениятын үйренип қайтыўымыз керек. Мен бул нәрселерге итибар берген емеспен. Бирақ, 52-мәмлекет Эквадорға барғанымда көп ўақыт таярландым, сол жер бойынша видеоролик те иследим. Мен ол жерге профессионал саяхатшы болып бардым. Келешекте дүньяның ең шетки мәмлекетлерине бармақшыман. Мадагаскар, Арктика, Гаитилерге барыўды режелестирип қойыппан. Сол мәмлекетлерге барып теле көрсетиўлерди ислеймен.
Жуўмақ: Ҳәр нәрсениң басланыўы менен оның жуўмағы да болады. Атабек Маҳкамов ўәде бергениндей, өзиниң китабын Жаслар ислери агентлигиниң китапханасына ҳәм екинши китабын ең жақсы сораў ийесине берди. Мен барлығын кишкене баладай форматта ойлаған екенмен. Негизи, жуўмақ мен қәлегендей болмады. Китап маған несип етпей қалды. Ойымдағы еки аўыз сөзди мақала оқыўшыларыма ашық-айдын ашып бермекшимен. — «Китап презентациясына гәп болыўы мүмкин емес. Маған жүдә унады. Атабек ағаға қапа болайын десем (китабын ала алмай қалғаным ушын), бул нәрсе мениң қолымнан келмеди. Қайтама, ол инсанға үлкен рахмет. Не ушын! Себеби, 2 саат даўамында аудиторияны өзине магниттей тартып, жасларға мотивация берип, оларды жаңа өмирге таярлап ҳәм жол-жоба көрсеткени ушын». Ушырасыў тамам болғаннан, дәрриў үйге қарай асықтым. Ручка, дәптеримди алдым да келешекте 10 жыллықта әмелге асыратуғын мақсетлеримди дизип жаздым. Бундай кишипейил, сақый инсан менен ушырасыўлар бир мәрте емес, бәлким, биз ойлағанымыздан да көп болыўына исенимим мол.
Сизге шексиз миннетдарман, Атабек аға!
Азизбек ДАБЫЛОВ,
ҚМУдың Интернет журналистикасы қәнигелигиниң 3-курс студенти.