Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 02:47:51, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МӘМЛЕКЕТЛИК ҚӘЎИПСИЗЛИК ХЫЗМЕТИ КУБОГИ ЖЕҢИМПАЗЛАРЫ СЫЙЛЫҚЛАНДЫ

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң усынысы менен үш жылдан берли бес әҳмийетли баслама – жасларымыздың бос ўақытларын мазмунлы өткериў мақсетинде мәденият ҳәм көркем өнер, спорт, IT, китапқумарлық ҳәм ҳаял-қызларымызды кәсип-өнерге бағдарлаў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде бир қатар илажлар өткерилмекте.

Бес баслама шеңберинде мәҳәллелердеги жаслар арасында спорттың футбол, мини футбол ҳәм имканияты шекленген жаслар арасында шахмат спорт түрлери бойынша «Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети кубоги» спорт жарыслары июнь-июль айларында өткерилди. Усы спорт жарысларына 10 мыңнан аcлам жаслар қатнасты. Өткен ҳәпте даўамында қала ҳәм районлардан келген командалар арасында өткерилген жарысларда республикалық басқыш жеңимпазлары анықланды.

Өткерилген жарыс жуўмағына бола, спорттың футбол түри бойынша Қоңырат районындағы Елабат мәҳәллеси биринши, Нөкис қаласындағы Туран мәҳәллеси екинши, Әмиўдәрья районындағы Холимбег мәҳәллеси үшинши орынды ийеледи.

Ал, спорттың киши футбол түри бойынша Төрткүл районындағы Уллыбағ мәҳәллеси биринши, Нөкис районындағы Ақмаңғыт мәҳәллеси екинши, Нөкис қаласындағы Нәўпир мәҳәллеси үшинши, спорттың шахмат түри бойынша, Хожели районындағы Сүўенли мәҳәллесинен Қуралбай Жакашев биринши, Нөкис районындағы Бақаншақлы мәҳәллесинен Сапарымбет Утеўлиев екинши, Нөкис қаласындағы Қумбыз аўыл мәҳәллесинен Перизат Арзымова үшинши орынды ийеледи.

Нөкис қаласындағы Жаслар орайында жеңимпазларды сыйлықлаў мәресими өткерилди.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары А.Данияров, Өзбекстан Футбол ассоциациясы биринши вице-президенти Р.Эрматов, Өзбекстан Республикасы Жаслар ислери агентлиги директорының орынбасары Ф.Аблаяров ҳәм басқалар шығып сөйлеп еки ай даўамында өткерилген усы жарыстың жасларды бирлестириўде, оларды спорт пенен шуғылланыўға қызықтырыўда, усы жарыслар шеңберинде өткерилген илажлар арқалы  саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаўда үлкен әҳмийетке ийе болғанлығын айрықша атап өтти.

Жеңимпазларға Қәўипсизлик хызмети кубоги, медаль ҳәм баҳалы естелик саўғалары тапсырылып, сыйлықланды.

Жеңимпазлар жарыстың Өзбекстан Республикалық басқышына жоллама алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF