ЗЫЯНКЕСЛЕРГЕ ҚАРСЫ ГҮРЕСИЎ ИЛАЖЛАРЫ ӨТКЕРИЛМЕКТЕ
Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлиги тәрепинен пахта майданларында ушырасатуғын қәўипли ҳәм экономикалық зыян келтиретуғын зыянкеслерге (ғорек қурты, шире, ҳ.т.б.), кеселликлерге қарсы гүресиў ҳәм атызларды жабайы шөплерден тазалаў илажларын шөлкемлескенлик пенен алып барыў мақсетинде 1-июльден 30-июльге шекемги аралықта «Әҳмийетли отыз күнлик» жәрияланған еди.
Ҳәзирги ўақытта республикамызда 15-июльден 15-августқа шекем өнимдарлықты арттырыў, пахтаның раўажланыўын тезлетиў, агротехникалық илажларды өз ўақтында белгилеп, тийисли илажларды әмелге асырыў мақсетинде «Ылғаллы 30 күнлик» илажлары өткерилмекте.
– Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлиги тәрепинен республикамыздағы пахта майданларында фитосанитар мониторинг ҳәм атызларды қадағалаў жумыслары күшейтилип, пахта атызларында ушырасатуғын зыянкеслерди анықлаў мақсетинде феромон тутқышлар орнатылып, феромониторинг жумыслары әмелге асырылмақта,-дейди агентликтиң пахта, масақлы дән ҳәм майлы егислик майданларын қадағалаў бөлиминиң баслығы О.Қурбаниязов. – Республикамызда 86 мың гектардан аслам пахта атызлары болып, усы атызларға ҳәзирги күнге шекем биолабораториялар тәрепинен 44396 дана, агентлик тәрепинен 398 дана феромон тутқышлар орнатылды.
Ҳәзирги күнлерде усы феромон тутқышларда анықланған зыянкеслерге қарсы биоөнимлерди қолланыў бойынша толық қадағалаў орнатылмақта.
Карантин илажлары даўамында пахта майданларында зыянкеслердиң күшли тарқалыў ошақлары анықланған жағдайда агентликке хабарлаў ҳәм фитосанитар илажлар өз ўақтында орынланбағаны ушын нызамлы шара көриў жумыслары қадағалаўға алынбақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги