Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 08:29:52, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

... КЕЎЛИМНЕН ГҮЛ ҮЗИП ТАҚҚЫМ КЕЛЕДИ

Заманымыздың уллы сөз зергери, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры, Өзбекстан Қаҳарманы Ибрайым Юсуповтың дөретиўшилигинде мынадай қатарлар бар:

Бүгин Әмиў болып аққым келеди,

Арғымақ ат болып шапқым келеди,

Бүгин өңирине өзбек ағамның,

Кеўлимнен гүл үзип таққым келеди...

 

... Елин сүйген бир өзбектен,

Кем сүйсем мен бул үлкени,

Қарақалпақ демең мени!

Әзелден аўылы аралас, қойы қоралас, бир-бири менен қыз алысып, қыз берисип, тыныш-татыўлықта жасап киятырған өзбек ҳәм қарақалпақ халықларының дослық қатнасларын жырлаўшы бул қатарларды және бир мәрте ядқа алар екенмен, усы жылдың 1-2-июль күнлери болып өткен ўақыялардан кейин узақ жыллар басшы лаўазымларда ислеген нураный, ел ақсақалы сыпатында бул ўақыяларға өз пикир ҳәм мүнәсибетимди билдириўди мақул деп таптым.

***

Тәғдирдиң буйрығы менен мен өтмиште урыс-қағысты, әдилсизликти көбирек көрип, ҳәр жаққа көшип-қонып, пытыраңқырап, дым азайып қалған ҳәм социал-экономикалық раўажланыўдан оғада артта қалған халықты басқардым.

Өтмиштиң тарийхы өз алдына. Сонда да, қарақалпақ халқының үлкен ел болып, еңсесин көтерген дәўирлери бизлер басшылық еткен жылларға туўра келетуғын болғанлықтан бул жетискенликлерге себепши болған тарийхый жағдайларды айтпаўға илажым жоқ. Бизиң жетискенликлеримизде, өнип-өсиўимизде Өзбекстанның, улыўма өзбек халқының атқар­ған роли ҳәм материаллық-интернационаллық жәрдеми оғада уллы болды, десем асыра айт­қан болмайман. «Жалғыз ағаш үй болмас, жал­ғыз жигит бий болмас» дегениндей, жал­ғыз адам аўыр жүкти тарта алмайды, оның талабы өрлемейди. Халықлардың тәғдири де тап сондай. «Қум жыйналып төбе болар» дейди дана хал­қымыз. Сол айтқандай, бир теклес халықлардың бир мақсеттеги бирлесиўи үлкен бахытқа, абаданшылыққа алып келеди. 1936-жылдан баслап тәғдир бизди Өзбекстанға қосты. Бул қосылыўға себеп болған социал-экономикалық жағдайлар бар. Бириншиден, биз аз санлы халықпыз, бизде өндирис күшлери кем, үлкен халықлардың ғамқорлығына мүтәжбиз. Екиншиден, бир неше мәмлекетлер арасында жасаймыз. Сонлықтан да өзимизге тәғдири жақын, жери шегаралас, руўхый турмысы араласып кеткен республиканы таңлаўымыз керек болды. Бул жағынан қарағанда, Өзбекстан биз ушын оғада қолай ҳәм зәрүр еди. Бизиң Өзбекстан қурамында жасап, өзбек халқы менен тәғдирлес болғанымыз бахытқа, тоқ, абадан турмысқа жеткерди, деп айтсақ жүдә орынлы ҳәм ҳақыйқатлық болады. Өзбекстан Республикасының халқы, ел басшылары 1936-жылы Қарақалпақстанның Өзбекстан қурамына қосылғанын қушақ ашып күтип алды.

Барған сайын жәҳән жәмийетшилигинен терең орын ийелеп атырған Өзбекстанда бүгинги күнде 130дан аслам миллет ўәкиллери тыныш-татыў, дослық қарым-қатнаста жасап ҳәм мийнет етип келмекте. Олар халық хожалығының түрли тараўларында үлкен аўызбиршилик пенен хызмет атқарып, елимиздиң социал-экономикалық жақтан раўажланыўына ылайықлы үлес қоспақта.

Президентимиз Шавкат Мирзиёев өз шығып сөйлеўлериниң биринде: «Бәршемиз ушын Ўатан бир. Бизди жалғыз, уллы бир мақсет бирлестиреди. Ол да болса елимиздиң тынышлығы, Ўатанымыздың раўажланыўы, халқымыздың абаданлығы болып табылады. Бәршемиз биргеликте Жаңа Өзбекстан ҳәм Жаңа Қарақалпақстанды әлбетте, бирге қурамыз!» деген еди. Бул сөзлер жоқарыдағы пикирлеримиздиң айқын дәлили болып табылады.

Бир исеним, бир динге сыйыныў, бирден-бир этика, үнлес музыка, өзеги бир әдебият ҳәм көркем өнер, әзелий үрп-әдетлер ҳәм қәдириятлар өзбек ҳәм қарақалпақ миллетлерине тән екенлигин айрықша атап өтиў лазым. Еки миллетке де бирдей тийисли «Алпамыс», «Гөруғлы» дәстанлары балалығымыздан қәлбимизге қуйылған мәңги қосық есапланады.

Ибрайым Юсупов:

Тамырымызда туўысқанлық қанымыз бар қатысқан,

Ата-баба бир нан тапса бирге бөлип татысқан,

 - деп жазған болса, Абдулла Арипов:

Мен өзбек, сен болсаң қарақалпақсаң,

Түрклер дүньясында сен ҳәм урпақсаң,

Егер мен топырақ болсам, сен ҳәм топырақсаң,

Өзбекке әзелий туўысқан иним, - деп туўыс­қаншылығымыздың тамырлары қаншелли терең екенлигин жырлаған.

Журт байрағын көклерге көтерген өзбек ҳәм қарақалпақтың мәрт жигитлери еки дәрья аралығындағы жанажан үлкемизде бирдей әзиз болып есапланады.

Соңғы жылларда Қарақалпақстанды социал-экономикалық, материаллық ҳәм инновациялық жақтан ҳәр тәреплеме раўажландырыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылды. Әсиресе, экологиялық апатшылық орайында жайласқан Мойнақ районында алып барылған үлкен дөретиўшилик жумыслар кимди болса да таңландырмай қоймайды.

Тарийхтан мәлим болғанындай, өзбек хал­қы дана халықлар қатарынан орын ийелейди. Бул халық илим, билимлендириў, қурылыс, өнерментшилик, әдебият, мәденият тараўлары бойынша шығыс халықлары арасында жетекшилерден есапланады. Өзбек халқының уллы ўәкиллери жәҳән цивилизациясына үлкен үлес қосты. Солай екен, өтмишке, тарийхқа нәзер таслайтуғын болсақ, өзбек халқының дүньяның илгерилеўине, Ислам тәлийматының раўажланыўына қосқан үлеси жүдә үлкен екенин көремиз. Соның ушын да өзбек халқының мәденияты, илим-билимлендириўи, бул халықтың жумыс алып барыў усылы ­ булардың ҳәммеси бүгинги жаслар ушын үлкен тәрбия мектеби, пәраўан жол болып хызмет етеди.

Бир ҳақыйқатлық бар, өзбек ҳәм қарақалпақ халықлары туўысқан халықлар қатарына киреди. Бизиң тилимиз, динимиз, мәдениятымыз бир. Ата-бабаларымыз әзелден қоңсы болып, қыз алып, қыз берип, дос болып, татыўлықта жасаған. Әсиресе, қарақалпақ халқының уллы шайыры Бердақ бабамыздың «Наўайыдан саўат аштым» деген қатарлары қарақалпақ ҳәм өзбек халықларының әдебияты, мәденияты биргеликте раўажланғанын дәлиллейди.

Қарақалпақстан аймағында жасап атырған өзбеклер көп. Олар жақын арада пайда болған деп айтыўға болмайды. Ерте дәўирден баслап қыз алысып, қыз берисип, қуда-қудағай болып жасап атыр. Динимиз де, дәстүримиз де ортақласып кеткен, түби бир туўысқан халықлармыз. Бирақ, соған қарамастан, тилимиз ҳәм мәдениятымызда айырым өзгешеликлер бар. Соның ушын да өз алдына суверен республика сыпатында қабыл етилдик. Солай болса да бизиң раўажланыў тарийхымызды Өзбекстаннан бөлек қараўға болмайды. Себеби, бурын да, соңғы жылларда да Қарақалпақстанда қандай жаңаланыўлар менен өзгерислер жүз берген болса, барлығы Өзбекстанның ағалық жәрдеми менен болды.

Қырғыз халқының уллы жазыўшысы Шың­ғыс Айтматов өзбек халқы ҳаққында жыллы пикирлер қалдырып кетти. Оның айтыўынша, өзбек халқының мәденияты, Орайлық Азия халықларына көрсеткен үлкен тәсири Визан­тияның рус халқына көрсеткен тәсири менен теңдей, өзбек халқы бурын да, бүгин де бизиң сөйлер сөзимиз, Шығыстағы саўлатымыз. Бул жүдә даналық пенен айтылған пикир еди.

Өзбек халқының басшылары үлкен әмелий жумысларды алып барды. Мәселен, Усман Юсупов Өзбекстанға 30 жыл басшылық етти. Ол Сталинградтағы урыс тамамланып атыр­ған 1943-жылдың февраль айында Өзбекстан Илимлер Академиясын шөлкемлестирди. Москва, Санкт-Петербург ҳәм басқа да қалалардан көрнекли алымларды шақырып, өзбекстанлы жаслардың илим-изертлеў жумысларын алып барыўына жол ашып берди. Сондай-ақ, урыс жылларында ири кәрханаларды алып келип, Өзбекстанды санаат орайына айландырды. Буннан тысқары, Ташкент, Самарқанд ҳәм басқа қалаларда 20ға жақын жоқары оқыў орынларын шөлкемлестирип, жасларымыздың кәсип-өнер ийелеўине тийкар жаратты. 1947-жылы Москваның руқсатысыз Чаржаў ­ Қоңырат темир жолын қурды. Бул болса өзбек ҳәм қарақалпақ халықларының уллы жеңислериниң бири еди. Себеби, бул темир жол қарақалпақ үлкесиниң раўажланыўына үлкен үлес қосты. Усылайынша, өзбек халқының дана басшысы сыпатында тарийхтан орын алды. Усы орында Өзбекстанға У.Юсуповтан кейин басшылық еткен Акмал Икрамов, Файзулла Хожаевлардың да исмлерин, олардың елимизди раўажландырыўдағы, әсиресе, Қарақалпақстанға ислеген ғамқорлықларын айтып өтиў орынлы.

Буннан кейин республикамызға 25 жыл даўамында басшылық еткен Шараф Рашидов та жүдә нәтийжели жумыс алып барды. Ол әсиресе Қарақалпақстанға үлкен жәрдем көрсетип, экономикалық жақтан раўажланған үлкеге айландырыўға аталарша ғамқорлық көрсетти. Сондай-ақ, ол Өзбекстан тарийхында умытылмайтуғын қурылыс жумысларын алып барды. Бурын тек Новосибирскте метрополитен бар болса, екинши болып, Ташкент қаласында метрополитен иске түсирилди. Буннан тысқары, инженерлик типтеги 2 миллион гектар жерлерди өзлестирип, шөлистанды гүлистанға айландырды.

 Ш.Рашидов жетекшилик еткен жылларда Өзбекстан халқының саны 17 миллион адамды қурар еди. Ҳәзир болса 35 миллионға жетти. Егер 2 миллион гектар шөл майданлары өзлестирилмегенде, ҳәзир халықты қай жерге жайластырыў мүмкин еди!

Және айтып өтиў керек болған мәселелерден бири Ш.Рашидов Мурынтаўда алтын қазып шығарыў комбинатын қурды. Наўайы қаласын жаратты. Қарақалпақстанды қалақ республикадан барлық тараўлары раўажланған республикаға айландырыў ушын жан күйдирди.

Шараф Рашидов өзбек халқы өзин халық­аралық майданда таныта баслаған бир дәўирде басшы болды. Әлбетте, өзбек халқы бурыннан-ақ өзин дүньяға таныта алған, тарийхы терең ел. Солай болса да, алғаў-далғаў заманларда бул халық көп қурбанлар көрген.

Ол данышпан адам болғанлығы ушын мәселени жүдә узақтан ойлайтуғын еди. ОныңF «қарақалпақ деген өз алдына халық. Оның өз тарийхы, тили, мәденияты ҳәм әдебияты бар. Буны бир ўәлаят көлеминде баҳаласақ, қарақалпақ халқын қапа етип аламыз», деген сөзлери күни кешегидей ядымда. Шараф Рашидов Қарақалпақстанға жүдә үлкен ҳүрмет, сыйласық пенен қарап, ҳәмме ўақыт аталық қолын созып, шын жүреги менен жәрдем берип турды. Ол республикамызды комплексли раўажландырыўға айрықша кеўил бөлди. Соның ушын елдиң келбетин көркейтип, келешегин нурландыратуғын, экономикасын көтеретуғын үлкен әҳмийетке ийе болған баслы мәселелерди шешти. Олардың ишинде Тақыятас ГР­ЭСи, Тақыятас плотинасы, темир жол тармақларын ҳәм асфальт жолларды тез пәт пенен қурыў, салыгершиликти раўажландырыў, Елликқала, Жамбасқала массивлерин өзлестириў, әде­биятты, мәдениятты, көркем өнерди раўажландырыў бойынша жумыслардың басламашысы Шараф Рашидов болды.

Өзбекстан ғәрезсизликти қолға киргизгеннен кейин оның биринши Президенти Ислам Кәримов елимизге 26 жыл басшы болып, халыққа хызмет етти. Оның дәўиринде де республикамызда көлемли жумыслар әмелге асырылғанын атап өтиў керек.

Мине, соңғы жылларда өзиниң терең билими ҳәм бай тәжирийбеси, мийнеткешлик ҳәм басшылық искерлиги менен ажыралып туратуғын Шавкат Миромонович Мирзиёев елимизге басшылық етип, үлкен ийгиликли жумысларды әмелге асырмақта.

Биринши Президентимиз қатар машқалалы пәрман ҳәм қарарлар қабыл етти. Олардың орынланыўын тәмийинлеў ўазыйпасы    Ш.Мирзиёевтиң жуўапкершилигине жүкленер еди. Сол ўақытлардан баслап Өзбекстан Республикасының Бас министри болып ислеп атыр­ған Ш.Мирзиёев Өзбекстанды, соның ишинде Қарақалпақстанды социал-экономикалық раўажландырыў бойынша үлкен жумысларды әмелге асырды.

Президентимиз Ш.Мирзиёев 2016-жылдың декабрь айында болып өткен сайлаўалды ушырасыўын Қарақалпақстаннан баслады. Анығырағы, Шоманай районында сайлаўшылар менен ушырасыў өткерди. Бул ушырасыўда мен сөз сөйлеў имканиятына ийе болдым ҳәм Шавкат Миромоновичтиң Қарақалпақстанға еткен хызметлерин, оның билим ҳәм тәжирийбесин, елимизге, өзбек ҳәм қарақалпақ халықларына болған садықлығын инабатқа алып, барлық сайлаўшыларды 100 процент даўыс бериўге шақырдым.

Болып өткен сайлаўда Шавкат Миромонович дерлик 89 процент даўыс топлап, Өзбекстан Республикасының Президенти болып сайланды. Ақыллы, дана, билимли, илимли, инсансүйиўши, ўатансүйиўши, көплеген тараўларда жумыс алып барып, үлкен тәжирийбе топлаған Шавкат Миромоновичтиң сайланыўы журтымыз ушын үлкен бахыт еди.

Шавкат Мирзиёев тәбияттың берген талантына сүйенип, топлаған үлкен турмыслық тәжирийбесине ҳәм терең билимине, әсиресе, узақты көре билиў, мийнетке айрықша уқыплылығына, искерлигине, тыным таппай, үзликсиз ел хызметине берилип, жанкүйерлик пенен ис тутыўы пүткил елди, халықты қуўандырады. Президентимиздиң ис тутыў жолы ҳәмме басшыларға, халқымызға үлкен мектеп болады, деп ойлайман.

Президентимиздиң бас мақсети — инсан мәпи, жәмийетимиздиң кең көлемли раўажланыўы, оның жоқары жуўапкершилигинен дерек береди. Оның усынысы менен 2017-жылдың елимизде «Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылы» деп аталыўы тосыннан емес. Бул Президентимиздиң ең үлкен философиялық пикирлер менен тәмийин етилген реформасы болып есапланады.

Усы ўақытқа шекем ҳеш бир мәмлекет басшылары усындай мәнисте, халықтың арзыў-әрманын тыңлап, мүмкиншилиги болғанынша оны қанаатландырыў бойынша реформа қабыл еткен жоқ еди. Усы жағынан бизиң Президентимиздиң реформасы мәмлекет басқарыўда теңи-тайы жоқ жаңалық болып хызмет етеди.

Халық мәпин ҳәмме нәпседен үстин қойыў — бул ақыллы басшының нийети. Усы мақсетти әмелге асырыў ушын Ташкентте, Қарақалпақстанда, ўәлаятларда Президент тәрепинен «Халық қабыллаўханалары» шөлкемлестирилди. Қабыллаўханаларға келген инсанлардың машқалалары шешилип, тилеги илажы бол­ғанынша қанаатландырылды. Кем тәми­йинленген шаңарақларға жеңиллетилген кредит, турақ жай, майыпларға арбашалар берилди. Бул илажлар Президентимиздиң атап өткениндей, «Инсан мәмлекет ушын емес, ал, мәмлекет инсан ушын хызмет ететуғынлығын» көрсетти.

Президентимиз келешекти терең ойлап, халық хожалығының, жәмийетимиздиң барлық тараўлары бойынша ҳәзирги заманға сай ўазыйпаларды анықлап, әҳмийетли қарарлар, пәрманлар қабыл етти.

Усы орында Президентимиздиң Қарақалпақстанға айрықша дыққат-итибарын, меҳрин атап өтиўимиз керек. Ол Президент болып сайланғаннан кейин өзиниң дәслепки хызмет сапарын Қарақалпақстаннан баслап, барлық әҳмийетли ўазыйпаларды терең түрде көрип шықты, тийисли шешимлерди қабыл етти. Ол өз сөзинде «Мен өзбек ҳәм қарақалпақ халқының перзентимен» деп айтып өтиўи халқымызды үлкен мақтаныш сезимлерине бөледи. 

Шавкат Миромонович Өзбекстанды раўажланған елге айландырыў бойынша жүдә әҳми­йетли бағдарламаларды қабыл етти. Дәслепки бес жыллықта дүнья тәжирийбесинде жоқ бол­ған әмелий жумысларды баслап берди. «Абат аўыл», «Абат мәҳәлле» мәмлекетлик бағдарламаларының қабыл етилиўи ҳеш бир мәмлекетте болмаған, ол халықтың социаллық жасаў шараятларын жақсылаўға, мәҳәллелерди социал-экономикалық раўажландырыўға қаратылған ийгиликли жумыслардан есапланады. Бундай мысалларды көплеп келтириў мүмкин.

Соны айрықша атап өтиў керек, өткен бес жыллықта Өзбекстан Республикасында тарийх­та болмаған өзгерислер жүз берди. Елимиздиң раўажланыў жолын пүткил дүнья тән алды. Оның ажыралмас бөлеги болған Қарақалпақстан Республикасына да айрықша итибар қаратылып, Ташкентте шараятлар қандай болса, Нөкисте де сондай шараятлар жаратыў мәселесине кеўил бөлинди. Усындай күшли дыққат-итибардың нәтийжесинде ҳәзир Нөкис қаласы бурын көрилмеген дәрежеде өзгерди. Бурын Нөкисте бир жоқары оқыў орны ҳәрекет етип турған болса, ҳәзир олардың саны оннан артып кетти. Президентимиз республикамызға келген сапарларының биринде Нөкис қаласында Консерватория ашыў усынысын билдирген болса, ҳәзир бул оқыў орнында жасларымыз тәлим алмақта. Бул да қарақалпақ мәденияты менен көркем өнерине болған жоқары дыққат-итибардың нәтийжеси есапланады.

 Ҳүрметли Президентимиздиң халық ийгилиги ушын кең көлемли жумысларды әмелге асырып атырғаны дүнья итибарын тартпақта ҳәм елимиздеги дөретиўшилик ислери, тез пәт пенен раўажланып атырған социал-экономикалық тараўларға көпшилик мәмлекетлер ҳәўес пенен қараса арзыйды. Себеби, қала ҳәм аўыллар қурылыс майданына айланды, илим, билимлендириў тараўларына итибар күшейди, ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў мәселеси мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилди. Келешекте Өзбекстанды және де раўажландырыў­ға уқыплы болған интеллигенцияны қәлиплес­тириўде, жаслардың заманагөй билимлерди ийелеўинде, ҳәр тәреплеме потенциаллы кадрлар таярлаўда ҳеш нәрсе менен салыстырып, баҳалап болмайтуғын шешиўши қәдемлер тасланды.

Елимизде инсан қәдири шын мәнисинде улығланбақта. 2020-жылы дүнья мәмлекетлерин ләрзеге салған коронавирус пандемиясы шараятында ҳүрметли Президентимиз халқымызды сақлап қалыў ушын қаржы аямай, бар имканиятты иске қосты. Жаңадан емлеўханалар қурып, медициналық әсбап-үскенелер, дәри қураллары, ең тийкарғысы, маман шыпакерлерди тартып, инсанларды сақлап қалыў ушын жан-тәни менен гүрести.

Ең раўажланған мәмлекетлер саналған АҚШта 2020-жылы жалпы өним ислеп шығарыў көлеми 7 процентке, Германияда 3 процентке азайған болса, Өзбекстанда халық ушын қанша қаржылар ажыратылмасын, коронавирус пандемиясынан шығынсыз алып шығыўға қанша итибар қаратылмасын, жалпы өним ислеп шығарыў көлеми 0,6 процентке өсти. Бул узақты гөзлеп алып барылған оғада дана сиясаттың нәтийжеси еди.

Президентимиз Шавкат Миромоновичтиң дана сиясаты нәтийжесинде Қарақалпақстан да раўажланыўдың жаңа басқышларына көтерилмекте, деп айтыўға толық тийкарлар бар. Оның аталық ғамқорлығының нәтийжесинде Қарақалпақстан Республикасының бюджети 2017-2021-жылларда 2,5 есеге артты, яғный, 3 триллион 400 миллиард сумды қурады. Сөз жоқ, бул көрсеткиш республикамыздың буннан былай да раўажланыўына, жаңаланыўына хызмет етеди.

Елимиздиң тынышлығы, Ўатанымыздың раўажланыўы ҳәм халқымыздың абаданлығы жолындағы сиясий ерк-ықрары беккем, әдалатлы, инсан қәдирин улығлайтуғын ҳүрметли Президентимиздиң әтирапында тығыз бирлесип ҳәрекет етиў — бәршемиздиң бирден-бир ҳәм уллы мақсетимиз. Бул мақсет — биз өзбек ҳәм қарақалпақ халықларын бирлестириўи тийис. Дини, тили, қәдириятлары ҳәм көзқараслары бир болған миллетлеримиз өз алдына қойған мине усындай ийгиликли мақсетлерге талмас күш-ғайрат пенен ерисиўине исеним билдиремиз.

Жоқарыда айтқанымыздай, өзбек ҳәм қарақалпақ халықларының тәғдири бир. Президентимиздиң айрықша итибары нәтийжесинде Қарақалпақстан тез пәт пенен раўажланыў жолына түсти. Бурын Қарақалпақстан халқының тек 50 проценти таза ишимлик суўы менен тәмийинленген болса, Президентимиз өткен жылы Бозатаў районында болып өткен сайлаўалды ушырасыўында келеси бес жыллықта бул көрсеткишти 95 процентке жеткериў мәселесин алға қойды. Бир ғана мысал, Президентимиздиң арнаўлы қарары тийкарында 2020-2023-жылларда Қарақалпақстанды социал-экономикалық раўажландырыў бойынша 13 триллион сумнан артық жумыслар алып барылмақта.

Соны да айрықша атап өтиў керек, Арал теңизи, Мойнақ — бизиң ең аўыр, машқалалы мәселелеримизден еди. Ҳәзир Мойнақ қаласы пүткиллей жаңадан қурылып, халықтың жасаў шараяты жақсыланды, шырайлы қалаға айланды. Қоңыраттан Мойнаққа 101 километрлик суў тармағы тартылды.

Арал машқаласын дүнья жәмийетшилиги әллеқашан глобаллық машқалалардан бири сыпатында тән алған. Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёев Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 72-сессиясында шығып сөйлеген сөзинде дүнья жәмийетшилигиниң итибарын Арал машқаласына және бир мәрте қаратты. Бүгинги күнде бул экологиялық апатшылықтың ақыбетлерин сапластырыўға қаратылған ҳәрекетлерди бирлестириў Өзбекстанның сыртқы сиясатындағы әҳмийетли бағдарлардан бири етип белгиленди. Журтбасшымыздың Мойнақ районын социал-экономикалық раўажландырыў илажларына қаратылған қарары тийкарында Мойнақ районында ишимлик суўы машқаласының шешилиўи, газ, электр тәмийнатын жақсылаў, социаллық тараўдағы барлық машқалалардың шешилиўине хызмет етпекте. Әсиресе, Аралбойы аймағына экотуризмниң алып кирилиўи бул тараўда алып барылып атырған кең көлемли жумыслардың айқын көриниси болып табылады. Президентимиздиң бул регионда жүзеге келген экологиялық апатшылықтың ақыбетлерин жумсартыў, жәҳән жәмийетшилигиниң итибарын усы машқалаға қаратыў, қарақалпақ халқын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша әмелге асырып атырған жумысларын халқымыз ҳеш қашан умытпайды.

Қайтадан шөлкемлестирилген Бозатаў ра­йоны да түп-тийкарынан жаңа көриниске ийе болмақта. Районда шарўашылықты раўажландырыў жаңа басқышларға көтерилмекте. Бундай үлкен өзгерислер менен жаңаланыўларды Нөкис қаласы, Тахтакөпир, Қанлыкөл, Еллик­қала ҳәм басқа районлар мысалында да көплеп ушыратыў мүмкин.

Президентимиздиң аталық ғамқорлығы нәтийжесинде Қарақалпақстан Республикасының экономикалық ҳәм социаллық раўажланыўында үлкен өзгерислер жүз берди. 2017-2021-жылларда, яғный, соңғы 5 жылдаF

- республика бюджети 2,5 есеге өсти, яғный, 3 триллион 400 миллиард сумды қурады (2021-жыл);

- жалпы ишки өним жетистириў 2016-жыл­ға салыстырғанда 31,7 процентке өсти;

- қурылыс жумыслары 2,4 есе көбейди;

- санаат өними 30,4 процентке артты;

- киши бизнес субъектлериниң саны 2,1 есеге көбейди.

2022-2026-жылларда Қарақалпақстанды раўажландырыў ушын арнаўлы бағдарламалар дүзилмекте. Буның нәтийжесинде жалпы ишки өнимниң 1,5, экспорттың 4 есе өсиўи белгиленбекте. Бюджетке түсим 1,4 есеге көбейеди.

Мен тек айырым көрсеткишлерге тоқтап өттим. Булардан басқа да көп жумыслардың әмелге асырылыўы, халықтың социаллық турмысын жақсылаў, ишимлик суў, басқа да коммуналлық хызметлер, таза турақ жайлар, мектеп, балалар бақшаларының қурылысын ен жайдырыў көзде тутылмақта.

Мине, Өзбекстан, соның ишинде Қарақалпақстан бир неше жүз жыллық өсимге ийе болмақта. Соның ушын да биз Президентимизге исенемиз, оған ҳәмийше миннетдармыз.

Сол нәрсени терең сезиниў керек, журтты қалақлықтан шығарған, жақсы нәтийжелерге ерискен, елин, халқын сүйген, оны дүньяға танытқан инсанға, ҳүрметли Президентимизге бәршемиз қанат бағышлаўымыз керек. Оның және де көбирек ислеўине жәрдем бериўимиз керек, сонда ғана аўызбиршиликли ел боламыз. Себеби, халыққа, елге даналық керек. Жақсы ислеген басшының ҳүрметин орнына қойыў лазым. Буның ушын Конституцияға өзгерис киргизип, Президентлик мүддетин узайтып, оның бул лаўазымда көбирек ислеўине иманият жаратып бериўимиз керек. Бул болса өз гезегинде Президентимизге жаңаша күш-ғайрат, энергия бағышлап, оны және де ийгиликли ислерге руўхландырады.

Мине, өткен қысқа ўақыт ишинде мектепке шекемги билимлендириў, улыўма орта билимлендириў, жоқары билимлендириў, көплеген социаллық тараў объектлери, өндирис кәрханалары пайдаланыўға тапсырылды. Бул әлбетте, халқымыз турмысында, елимиз келешегинде әҳмийетли орын ийелейди.

Қарақалпақстанда жер асты байлығы көп. Үстиртте нефть кәнлери бар. Буннан тысқары, Арал теңизи акваториясында да газ кәнлери бар. Қаратаўда болса реңли металл, гранит, мрамор, цемент ислеп шығарыў ушын тәбий­ғый запаслар көп, Қараўымбет кәнинде дуз дереклери бар. Сондай-ақ, Қарақалпақстан жеринде медицинада қолланылатуғын 230ға жақын дәрилик өсимликлер өседи. Булардың барлығын халқымыз мәпи жолында пайдаланыў өз шешимин күтип турған актуал мәселелерден есапланады.

Президентимиздиң тапсырмасы тийкарында районларымызды социал-экономикалық раўажландырыў мақсетинде Өзбекстанның барлық ўәлаятлары Қарақалпақстанның районларына жуўапкер етип бириктирилди. Енди белгиленген ўазыйпаларды ақырына жеткериў керек. Егер барлық жумыслар ақырына жеткерилсе, бул тәжирийбе өзиниң унамлы нәтийжесин береди.

Ибрайым Юсуповтың дослық ҳәм татыўлыққа қаратылған «Кеўил-кеўилден суў ишер» деген қатарлары бар. Президентимиз 2019-жылы Қарақалпақстанға сапары даўамында Мойнақ районында белсендилер менен ушырасыўында шайырдың бул қатарларына айрықша тоқтап өткен еди. 130дан аслам миллет ўәкиллери жасайтуғын елимизде халықлар дослығы, әсиресе, өзбек ҳәм қарақалпақ халықларының мәңги дослығы үлкен нәтийжелер бериўин аңлатады.

Ҳәзир Өзбекстан халқы Конституцияға өзгерис киргизиў процесинде. Жаңа Конституция жойбары бойынша 60 мыңнан аслам пуқаралардың усыныслары есаплап шығылған. Депутатлар корпусы бул процессти қоллап-қуўатлап, Конституцияға өзгерислер киргизбекте. Мен Өзбекстан Республикасы Президентиниң ўәкиллик мүддетиниң узайттырылыўын қоллап-қуўатлайман. Себеби, Президентлик ўазыйпа — бул тәрбия мектеби емес, бул лаўазымда илимий дәрежеси жоқары, халық исине берилген, жумыста өзин көрсеткен, мәмлекетти раўажландырыўға уқыплы, узақты көре билетуғын басшыны биз қәстерлеп-сақлаўымыз керек. Баслаған жумысларын ақырына жеткериўи ушын оған имканият бериўимиз керек.

Әмелдеги Конституцияда «Қарақалпақстан Республикасы — суверен республика» деп белгиленген. Халық арасында «суверен» деген сөзди алып таслайды екен, деген пикирлер бар. Буған интеллигенция ўәкиллери қарсылық көрсетпекте. «Суверен» сөзин алып таслаған менен бизиң статусымыз өзгермейди. Қарақалпақстан Республикасының Конституциясы болады, Жоқарғы Кеңес жумыс алып барады, депутатлық корпусы, байрағы, герби, гимни болады. Мениң ойлаўымша, буннан бизге келетуғын зыян жоқ. Солай болса да, «Суверен Республика» статусы сақланып қалынса жүдә жақсы болар еди. Енди бул депутатлар корпусының шешимине байланыслы. Лекин, адамлар арасында аўызбиршиликти сақлаў ушын «суверен» сөзи қалдырылса мақсетке муўапық деп есаплайман.

***

Мине, мен 96 жасты толтырып, 97 жасқа қарадым. Өмирим даўамында көп ўақыяларды басымнан кеширдим, жүдә көп адамлар менен сырлас, пикирлес болдым, жасы үлкен ақсақаллардың нәсиятын еситтим, ашшыны да, душшыны да таттым. Жаманнан қашып, жақсыдан ибрат алыўға талпындым. Көп итибарлы жумысларда иследим, абырай-атаққа, даңқ-мәртебеге ийе болдым. Ел басқарып жүрген күнлеримде тек өзимди емес, елимди, халқымды ойладым. Көп қыйыншылықларды да, булт­лы күнлерди де басымнан өткердим. Жумыстағы қыйыншылықлар, аўыр машқалалар көп излениўди талап етти, адаспай ақыл табыўға үйретти, гейде ой үстинде түни бойы бас қатырыўға мәжбүрледи. Өмирден азлы-көпли тәжирийбе топладым. Жумыс ислеген ўақытларда жеңислер де, қәте-кемшиликлер де болды. Булардың ҳәммеси дүньяға көзқарасты тереңлес­тирди, жетилистирди. «Көп жасаған билмейди, көпти көрген биледи» дегениндей, көп ўақыяларды бастан өткерип, көп ҳәдийселердиң гүўасы болғанлықтан, өмирдеги бастан кеширгенлерим бай турмыс тәжирийбелерин топлаўға себепши болды, ақты ақтай, қараны қарадай танып билиўди, адамлардың түрин көрип-ақ олардың ишки ой-сезимлерин, жүрегиндеги пикирин аңлаўды, жасырын дүньясын болжап билиўди үйретти.

Бул гәплерди майдалап айтып отырғандағы мақсетим — бастан өткен усы бай тәжирийбеге сүйенип, елиме, халқыма, әсиресе, жас­ларға жақсы тилеклер тилеп, нәсиятлар айтқым келеди. Мен уллы болайын, киши болайын, хызметте ямаса «басқа дүньяда» болайын, ҳәмме ўақытта халқымды, елимниң бирлигин, абаданлығын, мол дастурханын, ошақ басының аманлығын, саў-саламатлығын ойладым.

Бизлер Әмиўдәрья бойларында көп жыллардан берли бирге жасап киятырған қарақалпақ, өзбек, қазақ, түркмен ҳәм т.б. халықлармыз, бәримиздиң түбимиз ҳәм тилимиз жақын, динимиз бир, жақсы қарым-қатнаста жасап, қыз алып, қыз берип, қуда-қудағай болып, қанымыз қосылып кеткен. Бизлердиң ҳәммемиз бир мақсет — Қарақалпақстанның, Өзбекстанның раўажланыўы, жайнап-жаснаўы ушын ҳадал мийнет етип атырмыз.

Мениң тилегим ең биринши гезекте сиз болайық, биз болайық, ҳәммемиз бир адамның баласындай дос-туўысқан, ағайин болып, мийтиндей бирликте, аўызбиршиликте жасаўымыз лазым. Ҳәр бир инсан усы халықлар арасындағы дослыққа садық болыўы керек. Халықлар дослығын көздиң қарашығындай қәстерлеп, жүректиң төринде, оған дақ тийгизбей сақлаўымыз керек. Дослық күшти бирлестиреди, адамларды алдағы қыйын ўазыйпаларды нәтийжели шешиўге ийтермелейди. Бизлер ислеген дәўирде бул әдетке айланды. Анаў қазақ, мынаў түркмен я өзбек деген гәплер жоқ еди. Ҳәзир де сол жақсы дәстүр сақланып киятыр. Бирақ, бес бармақтың бирдей болмағанындай, ишимизде араға суўықлық салатуғын ҳәрекетлер де болды. Солардың бири 1-2-июль ўақыялары. Лекин, Президентимиздиң шешиўши ҳәрекетлериниң нәтийжесинде бул кеўилсиз ҳәдийселерге ўақтында тыйым салынды. Қалған жағында дослықты және де беккемлеп, тынышлықты сақлаўымыз, биймәни сөзлерге, ерси ҳәрекетлерге жол қоймаўымыз керек. Дослық темасы ҳеш ўақытта өшпейтуғын, ҳеш ўақытта гөнермейтуғын, ҳеш ўақытта өзиниң мәнисин жоғалтпайтуғын мәңги тема. Солай деп түсиниўимиз, сол түсиник ҳәм тилек пенен жасап, алға қарай илгерилеўимиз зәрүр деп ойлайман.

Жаслар — елдиң келешеги. Елдиң гүллениўи жаслардың қолында. Елде бирликтиң болыўына, халықлар дослығын беккем сақлаўға жаслар үлкен итибар бериўи тийис. Ҳәр бир халықтың дәстүрин, миллий өзгешелигин, тилин, басқа да ағла пазыйлетлерин тән алып, оны қоллап-қуўатлаў керек.

Халық даналығында мынадай рәўият бар: «Ырысқы-несийбеден, тоқшылықтан «қайда барасаң?» деп сораса, ол: «бирликли елге бараман» деп жуўап берипти. «Кеңесли ел азбас, кең кийим тозбас» деген нақыл да бар. Сол айтқандай, бирлик болған жерде ҳәмме ўақыт жеңис болады. Усы сөзлерди ҳеш қашан естен шығармаң, демекшимен.

Дослықты, бирликти сақлаған ел даў-жәнжелден, урыс-қағыстан аўлақ болады.  Жәнжел бар жерден бирлик қашады, бирлик жоқ жерде берекет болмайды. Усы жерде ша­йыр Ибрайым Юсуповтың қосығынан және бир мысал келтирейин:

Усласса палўанлар жаға услассын,

Тасласса қошқарлар гелле таслассын,

Урысса қоразлар ғана урыссын,

Адам урысқан жерлер ўайрана болар.

Қосықта айтылғанындай, елимизде жаға усласыў, талас, урыс болмасын демекшимен. Дослықтың, бирликтиң төркини тынышлықта, парахатшылықта, беккем аўызбиршиликте. Аўызбиршилик, татыўлық, халықлар арасындағы өз-ара сыйласық, ҳүрмет-иззет гөнермейтуғын, тозбайтуғын, ўақыт өткен сайын алтын киби жарқырап туратуғын қубылыс болып есапланады. Солай екен, биз өзбек ҳәм қарақалпақ халықларының дослығын жүрегимиздиң төринде көздиң қарашығындай етип сақлаўымыз лазым. Бул дослық бизиң раўажланыўымыздың, Қарақалпақстанның жаңаланыўының тийкары болып табылады.

Жуўмақластырып айтқанда, Өзбекстан қарақалпақ елине материаллық, мәдений ҳәм руўхый жәрдем көрсетти ҳәм көрсетип келмекте. Бизде буны терең түсинетуғын, оған тән беретуғын адамлар көп. Бирақ, арамызда усындай аталық ғамқорлықты бүгин билсе де, ертеңине умытып кететуғын адамлар аз да болса табылады. «Бир қумалақ бир қарын майды ширитеди» дегениндей, 1-2-июльде жүз берген ўақыялар усындай кимселердиң надурыс ҳәрекетлери, түсинбеўшиликтиң ақыбетинде келип шықты, деп ойлайман. Президентимиздиң, республикамыз басшыларының мақсетке муўапық ис-ҳәрекетлери нәтийжесинде бул түсинбеўшиликлер тез арада сапластырылып, турмысымыз өз жолына түсип кетеди, деп ойлайман.

Қәллибек КАМАЛОВ,

мийнет нураныйы, «Эл-юрт ҳурмати» ордениниң ийеси.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF