ПАЛЫЗ ӨНИМЛЕРИ ЭКСПОРТ ЕТИЛМЕКТЕ
Соңғы жыллары елимизде аўыл хожалығын реформалаў нәтийжесинде фермерлер ҳәм исбилерменлерге кең имканият ҳәм мүмкиншиликлер жаратылмақта. Атап айтатуғын болсақ, олардың материаллық-техникалық базаларын беккемлеўге, банклерден жеңиллетилген кредитлер алып берилиўине ҳәм сол арқалы сырт еллерден заманагөй әсбап-үскенелер, технологиялар, жоқары өнимдарлы шарўа малларын сатып алыўына жәрдемлер берилмекте.
Соның менен бирге, исбилерменлердиң бажыхана тексериўинен артықша тосқынлықларсыз өтиўине де имканиятлар туўдырылмақта. Бул болса, республикамызда аўыл хожалығының және де раўажланыўына беккем ҳуқықый тийкар болып хызмет етпекте.
Нөкис районында да бундай қолайлылықлардан нәтийжели пайдаланып киятырған исбилерменлер көплеп табылады. Солардың бири «Нөкис универсаль» фермер хожалығының баслығы Баҳадыр Бердимуратов болып, ол тийкарынан сырт еллерге палыз өнимлерин экспорт етпекте.
— Быйылғы жылы 15-апрельде пленка астына 11,5 гектар жерге гүрбек, торпедо, сары қаўынларын, 7 гектар жерге голландия ғарбызын егип, оны агротехникалық қәделерге сай тәрбиялаўға еристик,-дейди ол. — Ал, ҳәзирги күнлери болса, қаўынларымыздан гүрбек ҳәм торпедо сортлары, ғарбызларымыз толық писип, оларды қарыйдарларымызға жеткерип берип атырмыз. Атап айтатуғын болсақ, бүгинги күнге шекем 27 тонна ғарбыз-қаўынларымызды Қазақстанға экспорт еттик. Соның менен бирге, өзимиздиң ишки базарға да 15 тонна палыз жеткерип бердик. Алдағы ўақытлары да хожалығымыз ағзалары өзлерине жаратылып берилген бундай имканиятлардан нәтийжели пайдаланып, экспорт көлемин еле де арттырыўға ҳәм хожалықтың өзинде-ақ, өндирис кәрханаларын иске түсириўге ҳәрекет етемиз.
Сондай-ақ, бүгинги күни хожалық ағзалары 30 гектар жерге егилген ғаўаша, 3 гектар жердеги асқабақты тәрбиялаў ислерине де итибар қаратып, бул жумысларды агротехникалық қәделерге сай алып бармақта. Қулласы, фермер хожалығы ағзаларының быйылғы жылдан үмити мол. Сонлықтан олар бул ислерде жәўлан урып мийнет етпекте.
Әдилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.
СҮЎРЕТТЕ: (солдан оңға қарай) хожалықтың ис жүргизиўшиси Тәжибай Алжанов, дийқанлар Улығбек ҳәм Умид Исмайыловлар ғарбыз атызында.