ЖЕРДИ БАҚСАҢ, ОЛ СЕНИ БАҒАДЫ
«Мен гезбеймен, несийбем гезеди» деген ғой ата-бабаларымыз. Сол айтылғанындай, ел асып келип, ана топырағымызда өнип-өсип, қәдир асырып, дос-яран арттырып, бахытлы турмыста жасап атырғанлар қаншама дейсиз.
Дәўжүрек, жүрегинде оты бар усындай инсанлар ҳақыйқатында да мақтаўға ылайық. Биз сөз етпекши болған қаҳарманымыз Анар Избасарова ел ардағындағы мийнетлери үлги боларлық инсанлардың бири. Ақыры, бир елден бир елге келип сиңисип кетиў былай турсын, бир шаңарақтан екинши шаңараққа келин болып түсип үйренисип кетиў де аңсатқа түспейди.
Бурын аты-жөнин, үлгили мийнет тәрийплерин еситип жүрсем де, дийдар несип деген, жақында оның менен ушырасып сәўбетлестим. Жүзиндеги қандай да бир өзине тартатуғын жыллылық, меҳрибаншылығы, ақыл-парасатлылығы ҳаяллықтың уллы пазыйлетлеринен нышан берип турғандай.
Быйыл 70 жасты қаўсырып атырған апамыз 1974-жылы Қазақстанның Шымкент ўәлаятынан Тахтакөпир районының «Дәўқара» елатына Ерназар Сәрсенбаевтың шаңарағына ийилип келин болып түсти. Ата-бабаларымыздан киятырған дәстүр бойынша келинниң бир шаңарақтың босағасына ийилиўи — бул сол шаңараққа садықлық, сол шаңарақтың өнип-өсиўине тийкарғы дәнекер сыпатында қаралған. Анар апа да ийилип түскен босағасының аўызбиршилигин, беккемлигин сақлаўда өзиниң келинлик ўазыйпаларын орынлап, шаңарақтың исенимли ағзасына айланды, усы шаңарақтың өнип-өсиўине, көркейиўине жан-тәни менен жуўырып-жортты. Қоңсы-қобаларына да үлгили келин болды.
Өмирлик жолдасы Ерназар Сәрсенбаев Ташкент қаласындағы Орта Азия мәмлекетлик байланыс институтын тамамлап, қурылыс тараўының қәнигеси болып келген жыллары республикамызда Нөкис районы шөлкемлестирилди. Жумыс жағдайына бола 1974-1975-жыллары жаңа районның «Саманбай» елатына қоныс басты. Анар апа да Нөкис районлық халық билимлендириў бөлимине қараслы 17-санлы мектепте тарийх ҳәм ҳуқықтаныў пәнлеринен 30 жылға шамалас устазлық етти. Үлгили, жоқары категориялы устаз атанды.
Ол напақаға шыққаннан соң көптен берли ойлап жүрген мақсети — фермерликке бел байлады. Республикамызға «фермер» түсиниги енди кирип келип атырған дәўирде 1999-жылы «Анар» фермер хожалығын шөлкемлестирди. Ҳақыйқатын айтатуғын болсақ, Анар ападағы тынып-тыншымайтуғын, және дәўжүреклилик, қайсар минези себеп көпшилик бундай фермершиликке жүрек ете алмай атырғанда ол тәўекелшилик етти. Лекин, сол қәбилетлери оны көплеген жетискенликлерге, бахытқа жетеледи. Бес ул-қызды әдепли, билимли етип тәрбиялап, халық қатарына қосты. Өмирлик жолдасы Ерназар ертеректе қайтыс болса да, шаңарағын шайпалтпай, балаларын қатарынан кем етпей тәрбиялады.
— Мениң мақсетим, - дейди ол, — биринши гезекте перзентлеримди мийнеткеш етип тәрбиялаў, сол арқалы ел хызметине жарап, өзлериниң келешегине имканият есигин ашыў еди. Себеби, қайсыларының өзлериниң жумысларынан қоллары саўа болса атызда мийнет етеди. Мийнет түби — рәҳәт. Ишетуғын-жейтуғынлары усы жерден питеди. Перзентлеримниң барлығы да жерге меҳриңди берип мийнет етсең, саған жемис болып ийилетуғынын аңлап жетти...
«Жерди бақсаң, ол сени бағады» дейди дийқан халқы. Қаншама мийнет етсең соған жараса дәраматы да, рәҳәти де бар. Анар Избасарованың фермер хожалығындағы жерлер тойынып, жылдан-жылға дәраматы молая баслады. 2008-жылдан баслап пахта, бийдай, баў-бақша егинлеринен белгиленген режени Өзбекстанда бириншилерден болып орынлаўға еристи. 2010-2011-жыллары пахта, бийдай жетистириўде ерискен қатара жетискенликлери ушын «Нексия» жеңил автомобили менен сыйлықланды.
— Мен Қазақстанда туўылғаным менен 17 жасымда усы елге келин болып келдим. «Көз ашып көргеним» дейди ғой дана халық, сол айтқандай, өмиримниң саналы дәўири усы ел менен. Мениң Ўатаным — Қарақалпақстан. Сол ушын, республикамыздың раўажланыўына қосқан үлесим — мениң ушын мақтаныш, - дейди ол.
А. Избасарова өзи жасап атырған «Саманбай» елатында ардақлы, орны төрге жарасқан, сый-ҳүрметли, төрели аналардың бири. «Саманбай» аўыл пуқаралар жыйынының «Қәйин енелер» кеңесине басшылық етеди. Өзи қусаған кеңесгөй, ақыллы енелер менен биргеликте жас шаңарақларға өз мәсләҳәтлерин берип, аўызбиршилигин сақлаўда хызмети үлкен.
Анар апа буннан үш-төрт жыл алдын төрт гектар жерге мийўели дарақлар егип тәрбиялап, жемисин татып атыр. Фермер хожалығында баў-бақша, палыз егинлери менен қоса үй руўзыгершилигине жарайтуғын басқа да дақыллар бар. Аўыл аймағының отызға шамалас пуқараларын жумыс пенен тәмийинлеп, олардың да керек-жарағын атызынан өнген өнимлер менен тәмийинлеп келмекте. Ел ардақлаған перзентлерин үйли-жайлы етип, ақлық-шаўлықлар сүйген бахытлы анамызға район ҳәм республика басшылары тәрепинен билдирилген миннетдаршылық хатлары талай ғана. Ол 20l9-жылы «Мўътабар ана» көкирек белгиси менен сыйлықланды.
Заманласы, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери, марҳум Минайхан Жуманазарованың оған арнап жазған l6 куплеттен ибарат «Ҳаял» қосығын оқып отырып, ҳақыйқатында дөретиўши инсанға илҳам, йош бағышлаў ушын да усындай пидайылық, Ўатанға садықлық сезимлер түртки берери анық-аў, деген ой кешеди қыялымнан.
Дүньяның тәшўиши барлығы сенде,
Нар болып көтердиң бәрин еңсеңде,
Жуўырып-жортып батсаң да терге,
Төлеўи жоқ хызмет сеники, ҳаял!
Ел-халық, мәканның аўызбиршилигин, татыўлығын услап беккемлеўде усындай мәрт, дана аналарымыз саў болсын!
Б.КАРАМАТДИНОВА,
Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист.
CҮЎРЕТТЕ: А.Избасарова.
М.Ҳәбийбуллаевтың түсирген сүўрети.