Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 10:38:32, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ОРАЙЛЫҚ АЗИЯДА БИРДЕН-БИР ЕСАПЛАНҒАН КӘРХАНАҒА ПРЕСС-ТУР

«Өзхимиясанаат» акционерлик жәмийетиниң  басламасы менен «Қоңырат сода заводы» жуўапкершилиги шекленген жәмийети қоспа кәрханасына  ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ҳәм журналистлер ушын пресс-тур шөлкем­лестирилди.

Илаж қатнасыўшылары Орайлық Азияда бирден-бир есапланған заводтың жумысы, өндирислик процесслер, жаңа жойбарлар, жумысшыларға жаратылған шараятлар, «Жасыл мәкан»  улыўма миллий жойбары шеңберинде әмелге асырылып атырған жумыслар менен жақыннан танысты.

Буннан кейин ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ҳәм журналистлер ушын баспасөз әнжуманы шөлкемлестирилди.

Кәрхана 2006-жылы Қоңырат районы аймағындағы Үстирт тегислигинде қурылып, иске түсирилди. Заводты қурыўдан тий­карғы мақсет, жергиликли шийки затты комплексли қайта ислеўге тартыў ҳәм усы арқалы импорттың орнын басатуғын химия­лық өнимлер ислеп шығарыўды шөлкемлестириў, халық хожалығы тармақларының кальцийлестирилген содаға болған талабын қанаатландырыў болып есапланады.

Елимиз басшысының 2012-жыл 16-ноябрьдеги қарары тийкарында заводтың кальцийлестирилген сода ислеп шығарыў қуўатын жылына 100 мың тоннадан 200 мың тоннаға шекем жеткериў жойбарын әмелге асырыў нәтийжесинде Жамансай ҳәк тасы карьериниң қуўатлылығы 240  мың тоннадан 400 мың тоннаға, Барсакелмес дуз кәниниң қуўатлылығы жылына 330 мың тоннадан 470 мың тоннаға шекем жеткерилди. Жойбарды әмелге асырыў нәтийжесинде 400ден аслам жаңа жумыс орны жаратылып, жәми 1800 пуқараның жумыс пенен тәмийинлениўине ерисилди. Жумыс ўақтынан өнимли пайдаланыў ушын 2021-жылдан баслап барлық хызметкерлерди 3 сменада бийпул ыссы аўқат пенен тәмийинлеў жолға қойылды.

Заводта кальцийлестирилген сода ислеп шығарыў процеси дәстүрий Сольве усылында әмелге асырылады. Буның өзине тән айырмашылығы, ҳәк тасын кокс ямаса көмир менен емес, ал тәбийғый газ бенен күйдириў болып табылады.

Технологиялық объектлерди қурыў Қытайдың «CITIC» компаниясы менен биргеликте әмелге асырылды.   2016-жылдың август айында қурылыс жумыслары жуўмақланып, заводтың кальцийлестирилген сода ислеп шығарыў қуўатлылығы жылына 200 мың тоннаға жеткерилди. Өндирислик қуўатлылық арт­қаннан кейин, соңғы бес жылдың ишинде 1 миллион тоннадан зыят кальцийлестирилген сода өними ислеп шығарылып, соннан 300 мың тоннадан зыяты экспортқа ҳәм  700 мың тонна өнимди ишки базарға сатыўға ерисилди.

Кәрхана тәрепинен өткен жылғы кальцийлестирилген соданы сатыў режеси артығы менен орынланып, ишки базарға 411,6 миллиард сумлық 138,7 мың тонна өним, экспортқа болса, 6,2 миллион АҚШ долларлық 35,2 мың тонна өним сатылды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 13-февральдағы «Химия санааты кәрханаларын буннан былай да реформалаў ҳәм қаржылай саламатландырыў, жоқары қосымша қунлы химиялық өнимлер ислеп шығарыўды раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў шеңберинде кәрхана «Uz-Kor Gaz Chemical» жуўапкершилиги шекленген жәмийети қоспа кәрханасы менен биргеликте жылына 20,6 мың куб.метр атмосфераны патаслаўшы карбонад ангидрид (98-99 процент) тасланды газлерди қайта ислеў жойбары иске түсирилди. Нәтийжеде өндирислик қуўатлылық және де артып, жылына қосымша 10 мың тоннаға шамалас кальцийлестирилген сода ислеп шығарыў имканияты пайда болды. Сондай-ақ, жойбар технологиялық процесслерде ангидрид газ муғдары 40 процентке шекем жеткерилип, бул фактор технологиялық процесслердиң жақсыланыўына, тийкарғы үскенелердиң турақлы ислеўин тәмийинлеўге, шийки зат сарпланыўының азайыўына имка­ният жаратты.

2021-жылдың 7-декабрь күни ас дузын ислеп шығаратуғын цех қайта иске түсирилди. Усының нәтийжесинде 12 адам турақлы жумыс пенен тәмийинленип, айы­на 850 тоннаға шекем тазаланып майдаланған ас дузын ислеп шығарыў ҳәм қарыйдар­ларға жеткерип бериўге ерисилди.

— Бүгинги күни 2022-2025-жылларда кальцийлестирилген сода ислеп шығарыўды жылына 450 мың тоннаға жеткериў бо­йынша ири инвестициялық жойбарды әмелге асырыў бойынша кең көлемли жумыслар баслап жиберилди,-дейди бас директордың орынбасары Ш.Юлдашев.  — Атап айтқанда, Президентимиздиң 2019-жыл 3-апрельдеги «Химия санаатын буннан былай да реформалаў ҳәм оның инвестициялық тартымлылығын арт­тырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде кәрхананың өндирислик қуўатлылығын арттырыў жойбарын әмелге асырыў ушын тендер өткерилип, онда Россияның «Салюс» компаниясы жеңимпаз деп табылды. Ҳәзирги ўақытта жойбардың қурылыс майданының топографиялық сүўретлери ҳәм координаталары бас жумысты бөлип алып ислеўшиге усынылып, қурылыс майданында гидрогеология жумыслары алып барылмақта. Улыўма баҳасы  190 миллион АҚШ доллары болған жойбардың иске түсирилиўи менен кәрханада өндирис көлеминиң кеңейиўи, сап пайданың артыўы, 300 жаңа жумыс орнының жаратылыўы, өз гезегинде жумысшылар ушын турақ жай имаратлары, сыртқы инженерлик-коммуникация тармақлары, автомобиль жоллары қурылып, халық жумыс ҳәм турақ-жай менен тәмийинленеди.

Президентимиздиң усы жыл 23-24-февраль күнлери республикамызға сапары даўамында берилген тапсырмалар  ҳәм 25-февраль күни өткерилген жыйналыс протоколы ҳәм Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 20-майдағы «Қоңырат сода заводы» ЖШЖ қоспа кәрханасында «2022-2025-жылларда кальцийлестирилген сода ислеп шығарыўды жылына 250 мың тоннаға жеткериў бо­йынша инвестициялық жойбарды әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары менен берилген тапсырмаларға тийкарланып «Елабад» посҢлкасында заманагөй типтеги 5 қабатлы 20 турақ жайдан ибарат «Жаңа Өзбекстан» массивин қурыў бо­йынша жумыслар баслап жиберилди. Бул массивте көп қабатлы турақ жайлардан басқа, балалар бақшасы, мектеп, спорт саўалландырыў комплекси, базар инфраструктурасы ҳәм социаллық тараў объектлери қурылады. Бул ушын 200 гектар жер майданы ажыратылып, 50 орын­ға мөлшерленген аўыллық шыпакерлик пункти, пуқаралар жыйыны имараты бой көтереди.

Илаж соңында ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ҳәм журналистлер өзлерин қызық­тыр­ған сораўларға жуўаплар алды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF