Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 12:21:10, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БУЗҒЫНШЫ ИДЕЯЛАРҒА ҚАРСЫ ИММУНИТЕТТИ ҚӘЛИПЛЕСТИРИЎ ­ СТРАТЕГИЯЛЫҚ ЎАЗЫЙПА

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң «Жаңа Өзбекстан стратегиясы» атлы китабында ҳәм басқа да мийнетлеринде бузғыншы идеялардың, әсиресе, халықаралық терроризм ҳәм радикализм, экстремизм, терроризмниң үлкен қәўип екенлигин ҳәм олар­ға қарсы гүрес бойынша алдымызда турған стратегиялық ўазыйпаларды айқын баян етти.

Президентимиз бунда ҳәзирги заманның ҳақлы рәўиште глобалласыў деп аталатуғынын көрсете келип, глобалласыў процесиниң мәнис-мазмунын кең баянлайды, оны тек әдиўли мақсетлерде ғана емес, соның менен бирге жаўызлық нийетлерде пайдаланыўға умтылыўшылардың бар екенин де атап көрсетеди.

Президентимиз өзиниң мийнетинде ҳәзирги заманға баҳа берип былай дейди: «...Глобалласыў ҳәм хабар қарсылықлары, түрли бузғыншы идеялар тәсиринде миллий өзлик ҳәм мәнаўий қәдириятларымызға қарсы қәўип ҳәм қәтерлер барған сайын күшеймекте. Эгоистлик, яғный тек өзин ойлаў, турмысқа, мийнетке, шаңараққа жеңил-желпи қараў, тутыныўшылық кейпияты уқсаған иллетлер түрли жоллар менен халқымыз, әсиресе, жаслар санасына сиңдирилмекте.

Терроризм, экстремизм, трансмиллий ҳәм кибер жынаятшылық, адам саўдасы, наркотропик уқсаған қәўиплердиң қәўпи барған сайын күшейип бармақта».

Сондай-ақ, диний қарама-қарсылық, нызамсыз миграция, экологиялық машқалалар, айырым мәмлекетлердеги экономикалық раўажланыўдың төменлиги, жумыссызлық, жарлылықтың күшейип баратырғанлығы пүткил инсаниятты тәшўишке салмақта. Президентимиздиң күтә орынлы атап көрсетиўинше, экстремистлик идеология ҳәм идеялар социаллық тармақлар, видеороликлер ҳәм әдебиятларды нызамсыз ислеп шығарыў ҳәм тарқатыў арқалы жәмийетке, әсиресе, жасларға унамсыз тәсир көрсетпекте. Нәтийжеде радикал диний идеологияның буз­ғыншы хабарлары тәсиринде жә­мәәтшилик санасы бузылмақта, пуқаралардың мәмлекетке исеними сөнип, Ўатан сүйиўшилик ҳәм аўызбиршилик сезимлери жоғалмақта, қәдириятлар ҳәм әдеп-икрамлық өлшемлери өзгермекте, шаңарақлар бузылмақта. Әлбетте, бул жағдайлар бизиң елимиздиң пуқараларын да ойландыратуғынлығы сөзсиз: «Әсиресе, -китапта көрсетилгениндей,- кейинги пайытларда түрли мәмлекетлерде болып атырған терроршылық ҳәрекетлердиң орынлаўшылары қатарында миллетимизден болған кимселерде барлығы халқымызда өкиниш ҳәм қайғырыў оятпақта». Бундай жағдайларды халқымыз кескин қаралайды, миллетимизге мүнәсип емес, деп есаплайды.

Бузғыншы ағымлардың пуқаралардың, әсиресе, жаслардың санасына кирип кетиў себеплерин анализлегенде, алымлар бәринен де бурын идеологиялық бослық мәселесине дыққат аўдарады. Идеологиялық бослық ҳәм ҳәлсизлик адамларды манқуртлық, иймансызлық ҳалына алып келеди. Идеологиялық вакуум пайда болса, оған усы халық ушын жат идеялар кирип кетиўи сөзсиз. Жат идеялар басқаларға бағыныўға, өз еркинен айырылыўға, реал жағдайды сезе алмаўшылыққа алып келеди, басқаша айтқанда, «зомбилес­тириўге», яғный, адамларымызды, бәринен бурын жасларымызды өзгелердиң қәлеўин орынлаўшы манқуртларға айландырады.

Ҳәзирги дәўирде усы жағдайлар есап­қа алынып Өзбекстан пуқараларында, әсиресе, жасларымызда жоқары мәнаўиятлықты ҳәм мәрипатлылықты, руўхый ҳәм идеологиялық иммунитетти қәлиплестириў ушын комплекс илажлар әмелге асырылмақта. Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң 2022-жыл 28-январьдағы пәрманы менен тастыйықланған «2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы»нда «Халқымызда, әсиресе, жас әўладта терроризм ҳәм экстремизм идеологиясына қарсы қатаң ҳәм турақлы иммунитетти  қәлиплестириў» ўазыйпасы айрықша белгиленген. Жасларымызды улыўмаинсаный ҳәм миллий қәдириятларға садықлық, өзликти аңлаў, Жаңа Өзбекстанның келешегине толық исеним, миллий идеяларымызға шын берилгенлик руўхында тәрбиялаў — мәнаўий-идеологиялық жумыслар саласындағы баслы ўазыйпа деп қаралмақта. Бәринен бурын, бузғыншы идеологияларды әшкаралаўымыз, оған өзимиздиң илимий тийкарланған күшли ой-пикиримизди ҳәм келешек ҳаққында идеяларымызды қарсы қойыўымыз, адасқанларды туўры жолға салыў ушын шаршамастан, еринбестен исенимли үгит-нәсият алып барыўымыз зәрүр. Муқаддес ислам динимиздиң ҳақыйқый мәнисин түсиндире отырып, жасларымызда дүньялық мәмлекет, ҳүждан еркинлиги ҳаққында дурыс пикирлерди қәлиплестириў менен бирге, оларда басқалардың бузғыншы идеяларын қабыл етпеў сезимин ҳәм ой-пикирин — идео­логиялық иммунитетти пайда етиўимиз керек. Бул ушын жасларымызды терең билим ҳәм тәрбия алыўға, ҳәзирги дүньяда, мәмлекетимизде, регионымызда, қала ҳәм аўылларымызда болып атырған нәтийжели өзгерислерди, бир сөз бенен айтқанда, Жаңа Өзбекстанды қурыў бойынша реал өмирде болып атырған унамлы алға илгерилеўлерди билиўге ҳәм түсиниўге, оған жедел қатнасыўға, ҳәр қандай бузғыншы идея ҳәм әмелиятқа қарсы шығыўға таяр болыўға пүткил жигери, ой-пикири ҳәм иси менен умтылыўға бағдарлаў — ең әҳмийетли ўазыйпа болмақта.

Дүньялық прогрессив раўажланыўдың душпанларына айланған радикал экстремистлик күшлер Батыс ҳәм Шығысты байланыстырып турған Орайлық Азияға айрықша итибар береди. Өйткени, Орайлық Азиядағы тынышлық ҳәм турақлылықты бузыў пүткил дүньяға тәсир ететуғынлығын олар жақсы түсинеди. Орайлық Азия­ның орайлық мәмлекети Өзбекстан болып, бул жердеги экономикалық, сиясий ҳәм руўхый жағдай регионның басқа қоңсылас республикаларына күшли тәсир етеди ҳәм оларға да тез өтиў мүмкиншилигине де ийе. Соның ушын да, радикаллық, экстремистлик ағымлар ҳәр қыйлы форма ҳәм усыллар менен республикамызға кириўге, солай етип, бул жерде әмелге асырылып атырған унамлы социал-экономикалық, сиясий ҳәм мәнаўий-мәрипий реформаларға кесент келтириўге умтылады.

Ҳәзирги күнде бузғыншы идеялар­ға қарсы гүрес әҳмийетли стратегия­лық мәселеге айланғанлығы даўсыз.

Журтымызда экстремизм, радикализм ҳәм терроризмге қарсы гүрес мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилген ҳәм оның ҳуқықый тийкарлары ислеп шығылған. 2000-жылы «Терроризмге қарсы гүрес ҳаққында», 2018-жылы «Экстремизмге қарсы гүресиў ҳаққында», 2019-жылы «Жынайый ҳәрекеттен алынған дәраматларды легаллас­тырыў, терроризмди ҳәм ғалаба қырғын қуралларын тарқатыўды қаржыландырыўға қарсы гүресиў ҳаққында», 2021-жылда жаңа редакциядағы «Ҳүждан еркинлиги ҳәм диний шөлкемлер ҳаққында»ғы Нызамлар ҳәм басқа да буз­ғыншы ҳәрекетлерге қарсы гүрес бо­йынша ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилген.

«Экстремизмге қарсы гүресиў ҳаққында»ғы Нызамда «экстремизм», «экстремистлик искерлик», «экстремизмди қаржыландырыў», «экстремистлик топар», «экстремистлик шөлкем» түсиниклерине анықлама берилген. Экстремизмге қарсы гүресиўдиң принциплери, бул саладағы мәмлекеттиң сиясатының тийкарғы бағдарлары оған қарсы гүресиў илажлары, нызамды бузғаны ушын жуўапкершилик көрсетилген. Нызамда «Экстремизм — жәмийетлик сия­сий жағ­дайды турақ­сыз­лан­ды­рыў­шы, Өзбекстан Республикасының Конституциялық дүзимин зорлық пенен өзгертиўши, ҳәкимиятты зорлық ислетип ийелеўши миллий, расалық, этникалық яки диний алаўызшылық көрсетиўши ҳәрекетлердиң аса кеткен формаларының көриниси» деп көрсетилген.

Экстремизмниң ҳәдден асқан көриниси ҳәм терроризмге алып барыўшы соңғы басқыш радикализм болып табылады.

Ҳәзирги күнде үзликсиз тәлим сис­темасында мәнаўий тәрбияның тийкарларын күшейтиў менен бирге хал­қымыздың барлық қатламлары арасында жоқары нәтийжели тәрбия ислерин алып барыў зәрүрликке айланбақта. Бул ушын мәнаўий үгит-нәсият ислерин ҳәр бир мәҳәлледе жолға қойыў, оны «мәҳәллебай» усылда шөлкемлестириў талап етилмекте.

Өзбекстанның раўажланыўының ҳәзирги реформалық  процесслери миллий идея ҳәм мәнаўий жаңаланыў бағдарында жаңа басқыштың баслан­ғанлығын көрсетеди. Ҳәзирги идеологиялық гүрес алып барып атырған дәўирде қандай формада ҳәм қандай жыллы сөзлер менен айтылмасын, жасларымызды жат идеяларды қабыл етпеўшилик руўхында тәрбиялаўымыз тийис, яғный, оларда жат идеяларға, экстремизм ҳәм радикализмге қарсы иммунитетти қәлиплестириўимиз зәрүр. Биринши Президентимиз Ислам Кәримовтың «Ендилигинде ядро майданларында емес, идео­логия майданларында жүрип атырған гүрес көп нәрсени шешеди. Бул ашшы ҳақыйқатты ҳеш қашан умытпаў керек» деген пикирин де ядтан шығармаўымыз лазым.

Иммунитет дегенде медицинада организмниң турақлы ишки ҳалатын сақлаўы, өзин ҳәр түрли, соның ишинде, зыянлы тәсирлерден қорғай алатуғын өзгешеликлериниң жыйындысы түсиниледи. Иммунитет адам организминиң ҳәр қыйлы жуқпалы кеселликлерге шалынбаў қәсийетлерин де көрсетеди. Егер адам денеси бул уқыбын жойтса ҳәр қыйлы кеселликке тез ушырайды. Сонлықтан, кеселликтиң алдын алыў ушын ең алды менен адам денесинде оған қарсы иммунитет пайда етиў керек. Дәл сондай жасларымыз жүрегинде азат ҳәм абат, еркин ҳәм пәраўан Ана-Ўатанға, бай тарийхымызға беккем исенимди, ата-бабаларымыздың муқаддес динине, қәдириятларына, дурыс мүнәсибетти қәлиплестириўимиз керек. Пуқараларымыз, әсиресе, жасларымызда идеологиялық иммунитетти қәлиплестириў арқалы бизге жат, бузғыншы идеялардың жасларымыздың сана-сезимине ҳәм қәлбине кирип кетиўине жол қоймаўымыз лазым. Идео­логиялық иммунитетти қәлиплес­тириўдиң түпкиликли мәниси — пуқараларымызға миллий идеямызды сиңдириў арқалы оларда буз­ғыншы, радикал, экстремистлик идея­ларды қабыл етпеўшилик сана-сезимин қәлиплестириў болып есапланады.

Мәнаўий ҳәм идеологиялық иммунитеттиң биринши элементи — билим болады. Президентимиз айтқанындай, «Ең үлкен байлық — бул ақыл-закаўат ҳәм илим, ең үлкен мийрас — бул жақсы тәрбия, ең үлкен жарлылық — бул билимсизликдур». Екиншиден, дүньялық ҳәм диний билимлердиң системасынан ибарат болған бул билимлер өз мәнис-мазмуны бойынша, инсан, миллет, Ўатан мәплери менен ажыралмас байланыста болыўы лазым. Бул жерде биз пуқараларымызға ислам дини туўралы ҳақыйқый терең билимлерди бериўимиз кереклигин айрықша атап өтиўимиз тийис. Идеологиялық иммунитеттиң ең баслы — Үшинши  элементи — жәмийетлик-сия­сий, социал-экономикалық ҳәм мәдений-мәрипий салаларындағы ислер менен байланыслы болады. Олар анық және жемисли болғанда ғана биз пуқараларымызды келешекке исендире аламыз ҳәм усының менен бирге идеологиялық инфекцияларды пүткиллей жоқ ете аламыз.

Ең тийкарғысы, идеологиялық бослыққа жол қоймаўымыз, турақлы ҳәм системалы түрде ҳәр күни, ҳәр саатта үгит-нәсият алып барыўымыз, бизиң миллий идеямыздың зорлыққа, бузғыншылыққа, бийгүнә инсанлардың қанын төгиўге пүткиллей қарсы екенин дүньялық ҳәм диний илимлер тийкарында дәлиллеп бериўимиз зәрүр.

Бул ўазыйпаны орынлаўда Журтбасшымыздың мына сөзлери басшылыққа алыныўы зәрүр. «... наданлыққа қарсы мәрипат, идеяға қарсы идея менен гүресиў зәрүр, деген принцип ҳәзир ең актуал болып қалмақта. Лекин Ўатан, халық тәғдири ортада турғанда, тек идея ғана емес, керек болса, нызам да өз күшин көрсетиўи шәрт». Бул илимий-әмелий көрсетпелерди орынлаўда төмендеги бағдарда ис алынып барылыўы лазым.

Бириншиден, наданлыққа қарсы мәрипетти, илимий тийкарланған, билимлиликти қойыўымыз керек. Бул ушын жасларымыз заманға ылайық, объектив мазмунға ийе билим ҳәм илим менен қуралланған, еркин ой-пикир жүргизе алатуғын инсанлар болыўы шәрт. Сонда ғана олар бул гүрес­те жеңип шыға алады. Наданлық билимсизликте, мәнаўий турпайылықта көринеди, яғный, наданлық дүньялық ҳәм исламий билимсизликтен келип шығады. Ҳәзирги диний экстремизмниң ортаға қойып атырған идея­лары ҳәм ислеп атырған ислери наданлықтың көринисинен басқа нәрсе емес. Мәселен, өзин-өзи партлатып, өзин ҳәм басқаларды өлтириў бул жоқары дәрежедеги наданлық, әдеп-икрамлылықты аяқ асты етиў, инсаный қағыйда, нызамларды ҳәм исламий шариат нормаларын турпайы, қасақана бузыўшылық. Қураны Кәримде өзин-өзи өлтириў ҳәм бас­қаларды өлтириў пүткиллей қадаған етилген, ондай адам дозақта мәңги қалады деп көрсетилген. Олай болса, бүгинги күнде терроршы ким дегенде санасы зәҳәрленген, билимсиз, фанатизмге берилген, наданлықтың батпағына батқан, өзи ислейтуғын жынаятлы ҳәрекетлерине өзи жуўап бере алмайтуғын, басқалардың жаўыз ни­йетлерин орынлайтуғын кимсе деп түсинген дурыс болады. Соның ушын да, жасларымызда саўатлылықты тәрбиялаў ушын оларға терең дүньялық ҳәм диний билимлер бериўимиз, диний экстремистлик ҳәм басқа да буз­ғыншы  ағымлардың идеяларының надурыслығын ҳәр тәреплеме көрсетиўимиз лазым.

Екиншиден, жат идеяға қарсы биз өзимиздиң әдиўли және исенимли идея­ларымызды қарсы қойыўымыз ти­йис. Ҳәр қандай жат пикирге қарсы тийкарланған, логикалық избе-изликтеги пикирлеримизди қарсы қойыўымыз шәрт, жасларымыз өз пикирлерин еркин айта алыўы ҳәм бәсеки жүргизе алыўы талап етиледи.

Идеологиялық иммунитет халқымыздың узақ тарийхый раўажланыў барысын топлаған миллий идеялар системасынан ибарат болған ой-пикирлерди, билим ҳәм исенимди жасларымыз санасына, қәлбине сиңдирилгенде ғана қәлиплескен деп айтыў­ға болады.

Иммунитетти қәлиплестириў шаңарақтан басланады. Ата-аналар өз перзентлериниң жетекшиси — устазы екенин естен шығармаслығы лазым. Усы жерде халқымыздың «Атаға қарап ул өсер, анаға қарап қыз өсер» деген даналық сөзи бәрқулла ядымыздан шықпаўы керек. Шаңарақтан ке­йинги тәрбия басқышында бақша, мектеп, жоқары ҳәм орта тәлим, мәнаўий-мәрипий мәкемелер, зыялыларымыз шешиўши роль атқарады.

Биз беретуғын идеялар ҳәм пикирлер әмелиятта сыналған, бәрше пуқараларды бирлестиретуғын ҳәм бир мақсетке жетеклеўи лазым. Идеялық иммунитет миллий идея ҳәм идеология, миллий пикирлеў ҳәм миллий өзин-өзи аңлаў санасы тийкарында жүзеге келсе ғана инсанның қәлбине кирип барады.

Идеялық иммунитет ғана бизге зыянлы-бузғыншы идеялардың тәсирине берилмейтуғын ийманы пүтин, превентив ойлай алатуғын,  өз исенимине берик, суўда батпайтуғын, отта жанбайтуғын бай мәнаўияты бар кәмил инсанларды жетилистириўге алып келеди.

Ҳәзирги дәўирдеги жаслар тәрбиясының өзине тән айрықшалықларын, жуўапкершиликлерин көрсетип, Президентимиз былай дейди: «Бүгинги кескин ҳәм қурамалы заман соны көрсетпекте, бул салада тек тәлим-тәрбия системасының өзи бар болған мәнаўий қәўиплерге қарсы тура алмайды. Бул мәселеге пүткил жәмийеттиң күш ҳәм имканиятларын жумсамас екенбиз, күтилген нәтийжеге ерисе алмаймыз. Өйткени, ҳәзирги күнде балаларымызды ата-ана, бақша, мектеп ямаса институт емес, көпшилик жағдайларда қолындағы «телефон» тәрбияламақта.

Тилекке қарсы, әне усы кишкене ғана «телефон» енди әйтеўир байланыс қуралы емес, көбинесе жат идеологияны нәсият ететуғын үлкен қуралға, зорлық, жаўызлық «вирусы»н тар­қататуғын дерекке айланбақта десек, әйне ҳақыйқатты айтқан боламыз. Булардың бәршеси биз ушын сергеклик қоңыраўы болыўы зәрүр» (297-бет). Бул ҳәммемизди ойландыратуғын турмыслық ҳақыйқат! Бул пикирлерден жуўмақ шығара отырып, жасларымызды жетик инсанлар етип тәрбиялаў, олардың билим алыўға ықласын оятыў, мәнаўий ҳәм физикалық жақтан саналы етип жетилистириў ата-аналардың, бәрше дәрежедеги басшылардың, әсиресе, Президентимиз өз китабында «Жаңа Ояныў дәўириниң төрт таяныш үстини» деп жәриялаған бақша тәрбияшысының, мектеп муғаллиминиң, профессор-оқы­тыўшылар ҳәм илимий-дөретиўшилик зыялылардың ең әдиўли ўазыйпасына айланыўы зәрүр. Өйткени, ҳәзирги заманның өзи турмысқа кирип киятырған жас әўладтан кәсиплик терең билим ҳәм көнликпелерге ийе болыў менен бирге сиясий саўатлы және мәдениятлы, шет тиллерди де билетуғын, барлық мәселелерди шешиўде сезгир ҳәм қырағы инсанлар болыўларын талап етпекте.

Ҳәр қыйлы себеплер менен жат идеялардың қармағына илинип қал­ғанларды да туўры жолға салыўды жәмийетимиз оғада әҳмийетли ўазыйпа деп есаплайды. Өйткени, олар да Президентимиз айтқанындай, журтымыздың, миллетимиздиң ҳәм халқымыздың перзенти.

Пүткил пуқараларымызда, әсиресе, жасларымызда бузғыншы идеяларды қабыл етпеўшилик сезимлерин — мәнаўий ҳәм идеологиялық иммунитетти пайда етиў, оларды жоқары мәнаўият ҳәм мәрипатқа қарай бағдарлаў бизиң халқымыз алдындағы миннетимиз, парызымыз ҳәм қарызымыз болып табылады.

Мақсутбай ЯКУБОВ,

Бердақ атындағы ҚМУниң «Социаллық пәнлер» кафедрасының доценти, Қарақалпақстан Республикасы халық муғаллими.

Сапардурды АБАЕВ,

Әжинияз атындағы НМПИның «Миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими» кафедрасы доценти.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF