Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:04:20, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ФУТБОЛ ОЙЫНЛАРЫНА старт берилди

Нөкис қаласындағы 1-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде мини футбол ҳәм футбол бойынша Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети кубоги ушын жарысларының  Қарақалпақстан Республикасы басқышына старт берилди.

Дәслеп Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов шығып сөйлеп, жарыс қатнасыўшыларына әўмет тиледи.

Жәмлеспеген, кем тәмийинленген ҳәм жумыссыз жаслар арасында дене тәрбия ҳәм спортты, халықтың арасында саламат турмыс тәризин кеңнен үгит-нәсиятлаў, жасларды дене тәрбиясы ҳәм спорт пенен турақлы шуғылланыўға тартыў, соның ишинде, футбол ҳәм мини футбол түрин ғалаба ен жайдырыў мақсетинде шөлкемлестирилген жарыста қалалық ҳәм районлық басқышларда жеңимпаз болған командалар қатнаспақта.

Футбол бойынша жарысларға 8-июнь күни старт берилген болса, мини футбол бойынша жарыслар 14-июнь күни басланады.

 Жеңимпаз командалар август айында Ташкент қаласында болып өтетуғын мәмлекетимиз басқышына жоллама алады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF