ЖАСАР БАЛА СУЎДАН ҚУТҚАРЫЛДЫ
Жақында Нөкис районы «Арбашы» АПЖ аймағынан ағып өтиўши «Кердер» (бурынғы аты Рисовый) каналына 24-май күни кешки саат 19.30 лар шамасында шомылыўға барған 2017-жыл 23-май күни туўылған Нурбек Базарбаевтың суўда ығып баратырғанлығын көрген Нөкис районы Халық билимлендириў бөлимине қараслы 7-санлы улыўма билим бериў мектеби оқыўшылары Қуўаныш Қошмуратов ҳәм Саламат Ибраймовлар өз мектебинде жасларды Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялап киятырған устазы Теңелбай Ешмуратовтан алған билимлерин қолланған ҳалда, Базарбаев Нурбекти суўдан алып шығып қутқарыўға ериседи.
Бул оқыўшылар суўдан алып шығылған Нурбекти өзине келтириў мақсетинде, оған тез биринши медициналық жәрдем көрсеткен, соң «103» телефон номери арқалы районлық «Тез жәрдем» көрсетиў хызметине хабарлаған. Нәтийжеде тез жәрдем келемен дегенше оны өзине келтирген ҳәм бир пуқараның өмирин сақлап қалған.
— Ақлықларым кеште қадағалаўсыз қалып, суўға кетейин деп қалыпты. Баламды қутқарып қалған Қуўаныш, Саламат балама ҳәм оған тәлим берген устазларына шексиз миннетдаршылық билдиремен. Илайым, бахытлы болсын,-дейди Нурбектиң кемпир апасы Қойсын апа Қалбаева.
Әдилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар
агентлиги шолыўшысы.