Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 03:58:20, 27.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ШАНШЫЎДЫҢ ПАЙДАСЫ ЖОҚАРЫ

Ең әўеле инсан ушын денсаўлығының саламатлығы бийбаҳа байлық есапланады. Тилекке қарсы, халқымыз арасында базы пайытларда билип-билмей өз денсаўлығына бийпәрўалық етип, ҳеш нәрсе қылмас деген ой менен шыпакер тексериўинен өтпей-ақ, өз билгенинше үйде емленип яки сол аўырыў менен аўырған таныс билислериниң мәсләҳәтине қулақ түрип аўырыўды асқынландырып жәбирин шегип атырғанлар да арамызда жоқ емес.

Шыпакер тили менен айтқанда, ҳәр қандай аўырыўды емлегеннен көре, оның алдын алған мақулырақ. Буның ушын бәрқулла өзимиз ҳәм шаңарақ ағзаларымыздың денсаўлығына итибарлы болсақ, жәми­йетте саламат орталықты жаратыўға өз үлесимизди қосқан боламыз. Жақында, пайтахтымыздағы «Ташкент» мийманханасының мәжилислер залында медицина қәнигелери ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, блогерлер қатнасыўында «COVID-19»ға қарсы ҳәм де миллий  емлеў кестеси бойынша емлеўдиң абзаллықлары ҳаққында кең жәмийетшиликке жеткериў ҳәм оны ғалаба хабар қуралларында кеңнен сәўлелендириў мәселелерине бағышланған сәўбетлесиў кешеси болып өтти. Илаж «USАID», «UNICEF» шөлкемлери, Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы хызмети тәрепинен шөлкемлестирилди.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы басқармасы баслығы орынбасары В.Абдисаттарова ҳәм усы басқарманың иммуно-профилактика бөлиминиң меңгериўшиси Ә.Досымбетовлар сөзге шығып, халық арасында кең тарқалған «COVID-19»ға қарсы ҳәм миллий емлеў кестеси бо­йынша әмелде қолланылып атырған шаншыў илажлары,  исленип атыр­ған нәтийжели жумыс­ларға кең түрде тоқталып өтти. Қәнигелердиң атап өткениндей, дүнья жүзи бойынша қырықтан аслам жуқпалы кеселликлерге вакциналар бар. Бүгинги күнде мәмлекетимизде он үш атамадағы жуқпалы кеселлик түрлерине қарсы бийпул емлеў енгизилген. Буған: полиомиелит, курөзек, столбняк,  көк жөтел, туберкулез, вируслы гепатит В, қызылша, эпид паротит, қызамық, пневмония, гемофил, ротавируслы инфекция ҳәм адам попиломасы вирусы шақыратуғын жуқпалы кеселликлер киреди. Сондай-ақ, мәўсимлик грипп жуқпалы кеселлигиниң кең тарқалыўының алдын алыў мақсетинде қәўипли топардағы халық қатламы ўәкиллерин шаншыў илажлары өткерилди. Ҳәзирги ўақытта республикамызда «COVID-19»ға қарсы вакцина менен профилактикалық емлеў ислери 2021-жылдың 1-апрель сәнесинен басланды. Ҳәзирги күнде мәмлекетимизде жети атамадағы вакциналар әмелде қолланылмақта. Атап өтсек, «АstraZeneka»,«ZF-UZ-VАC-2001» (Қытай ҳәм Өзбекстан алымлары шериклигинде бирге жаратыл­ған), «Sputnik-V» (Россия), «Moderna» (АҚШ), «Пфайзер» (АҚШ), «Синовак» (Түркия), «Спутник-Лайт» (Россия) вакциналары менен республикамыз бо­йынша жәми 18 жас­тан жоқары болған 1187678 пуқара емленди. Қәнигелердиң айтыўынша,  емлеў барысында вакцинаның толық дозасын алып болғаннан кейин яғный, 6 айдан соң «Бустер» дозаны алыў пайдасы жоқары. Яғный, вакцина бустер дозасы-алдынғы шаншылған вакцинадан пайда болған иммунитетти күшейтиўге бағдарланған вакцинаның қосымша дозасы есапланады. Вакцина тәсири ўақыттың өтиўи менен пәсейеди, ал бустер доза вирустың клеткаға кириўиниң алдын алыўшы антиденешелердиң пайда болыўына алып келеди. Қарапайым тилде айтсақ, бул дәслепки шаншыўға қарағанда иммунитет жуўабының жоқарылаў, тезирек ҳәм күшлирек болыўын тәмийинлеп организмниң иммун қорғаныўында нәтийжелирек болады.

— Бүгинги күнде елимизде эпидемиологиялық жағдай турақласқан. Халықтың 90 проценти бул кеселликке қарсы ем алды. Бул жақсы нәтийже. Бирақ, еле арамызда гүмилжи ойларға берилип шаншыўдан бас тартып жүрген заманласларымызда бар. Бақлаўлар нәтийжесинде емленгенлерге қарағанда вакцина алмағанлар арасында кеселлик белгилериниң аўыр өтиўи ҳәм кеселликти кең жәмийетшиликке тарқатыў қәўпи жоқары екенлиги анықланбақта.

Соның ушын да, айырым жуқпалы кеселликлерди шаншыў илажлары нәтийжесинде иммун системасын күшейтип алдын алыў мүмкин дейди,- усы басқарманың иммуно-профилактика бөлиминиң меңгериўшиси Ә.Досымбетов.

— Соңғы жыллары әмелге енгизилген адам попиломасы (ВПЧ) вирусына қарсы емлеўде 9 жас­тағы қызлар қамтылған. Себеби, бул вирус шақыратуғын жатыр мойны ҳәм көкирек бези рагы кеселликлери менен көбирек ҳаяллар наўқасланыўы гүзетилмекте. Ал, не ушын киши жастағы қызларды шаншыў керек деген ата-аналар арасында надурыс пикирлер жүзеге келмекте. Қызларымыз келешек аналарымыз. Оларды жаслықтан ҳәр қандай кеселликтен сақлап, алдын алсақ ертеңги күни нәтийжесин берери анық.  Биз районларда хызмет сапарында болып ата-аналар менен ушырасып, оларға әҳмийетин айтып ҳеш қандай жаман тәрепи жоқ екенлигин түсиндириўге ҳәрекет етип атырмыз,- дейди Қарақалпақстан Республикасы Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бас­қармасы баслығы орын­басары В.Абдисаттарова.

Ҳақыйқатында да кеселликти пәлек жаймай турып оны түп-тамыры менен алып таслаған абзал.

Қатнасыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

 

З.ЕРЕКЕЕВА,

арнаўлы хабаршымыз.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF