Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 12:16:55, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚУЎАНТҚАН ҲӘМ ЖУБАНТҚАН ҚОҢЫРАЎ

«Билимли, қәбилетли ҳәм умтылыўшаң перзентлеримиз — Жаңа Өзбекстанның алтын фонды, бийбаҳа ғәзийнеси». 

Ш.М.МИРЗИЁЕВ,

Өзбекстан Республикасы Президенти.

Әлбетте, қуяш нурларынан жанланған тиришилик симфониясы ҳәр муқамға қулпырып, ғумша байлап, күни келип өз жемисин берсе, қыраўлы қыс қәҳәри пүткил тиришилик әлемин уйқыға шөктирип, бир мәўрит үнсизлик ҳүким сүреди. Бәлки, тәбият пенен қарысып кеткен уқсас инсаният тәғдири, өмир мәнзиллериниң сәйкес мегзетилиўи тосыннан емес шығар. Қыялымдағы түрли муқамға дөнген ойлар шырмаўығын жаң­ғырған қоңыраў сести бузды. Мектеп ҳәўлиси. Ғаздай дизилискен питкериўшилер. Жайнаған жүзлеринен қуўаныш, шадланыў сезилгени менен сол сәтте қыймаслық сезимлери жас кеўиллерди жибитип, қолына қоңыраўды беккем услап, ортаны қақ айырып киятырған мына кишкене қыздың орнында болып қалыўды қәлеўшилер де табылар. Ким билсин, бәлким. Өмир сондай тилсимлерге толы ҳәм жуўапсыз. Булай деўимниң себеби кеше ғана ол да усы қоңыраўды услағанында, қор­қыныш дейик пе яки шадланғанынан ба қулласы, жүрек дүрсилдиси қақ жарыларлықтай қанасына сыймай соқпады ма?! Таныс емес жүзлерди көрип ҳәўлирип жатсынбады ма!! Ал, ҳәзир болса ҳәп заматта өтип кеткен сол бахытлы демдеги балалық жыллар елеслери кино тасмалары киби көз алдынан бир-бир ушпақта. Бийғам балалықтың шийрин мәўритлери өз қушағына мәргиядай тартпақта. Туңғыш мектеп босағасын атлаған қәдемлери. Тәнеписте ойын­ға тоймай қуўаласып, қағыл­ған қоңыраў сестин еситиўден, сергек тартып, бәйги сызығына жетиўге асыққан тулпар яңлы қанат қағып есиктен кириўге жабыла тармасып, тәртипсизликтен кимниң қолы қайырылса, кимниңдур аяғы басылғанын айтып жыламсырағанында тәмбисин берип тәрбиялы болыўға шақыратуғын устазлардың айтқан ҳәр бир сөзи, берген тапсырмасы, ақыл-кеңеслери биз ушын өмирлик жолдас болатуғын бийбаҳа ғәзийнеге айланды. Ата-ана перзентин дүньяға келтирип, тиришилик бағышласа, тәрбия берип камалға келтирсе, муғаллим болса кеўлинде ҳасла кири жоқ, жас нәўшеге тәлим-тәрбия берип,  қәлбине билим шамшырағын қуйып, келешекке айдын жол көрсетеди. Ебетейсиз қолларымызды жазып-сызыўға үйреткен бақша ападан тартып, ҳәрип танытқан, қосып оқыўды үйреткен әдиўли устазлардың мийнетлери баҳасыз. Мине, бүгин 25-май сәнеси. Ашық аспан. Көкте парлаған қуяш жас кеўиллерге тилеклес болып турғандай жарқырап сәўлесин таратпақта. Елпип ескен самал нәпеси де жүзлерин жағымлы сыйпап өтпекте. Оқыў жылының жуўмақланып, нәтийжелер есабын алып, қәте кемшиликлерден жуўмақ шығаратуғын пайт. Бул күни қағылған қоңыраў сеслери питкериўшилерге арзыў-үмитлер намасын йошлы жаңлатып, қайталанбас оқыўшылық дәўирин қайта-қайта жаңлатып турғандай. Қәдирдан мектебим жыллы қушағынды, онда бизге пәрмана болған әдиўли устазларды, бирге ойнап өскен дослар дийдары бир өмир жүреклерде мөрленип, ҳәр дайым қыял кемесинде изге қайт­қанда жанланып тап кешегидей сәўлелене береди...

ПрезидентимиздиңF «Имаратлардың ең уллысы — мектеп» деп тәрип берген бул билим алыў ошағында ҳәр күни, оқыў жылы даўамында нешше мәрте қоңыраў қағылмады дейсиз. Лекин, бүгинги шалынып атырған жез қоңыраў сести пүткиллей өзгеше еситиледи. Әсиресе, әзиз устазлары, жанажан мектеби менен хошласып атырған питкериўшилердиң кеўиллерин қуўантып ҳәм жубантып атырған жез қоңыраў сести олардың келешек өмирине қағылғандай түйиледи.

Ҳақ жол, питкериўшилер! Қәдемиңиз сәтли, өмир жолларыңыз ашық болғай, қәдирдан оқыўшы!

З.ЕРЕКЕЕВА,

арнаўлы хабаршымыз.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF