МАШАҚАТЛЫ МИЙНЕТТИҢ МИЙЎЕСИ
Ҳәр жылы 3-май-Дүнья жүзилик баспасөз еркинлиги күнинине бағышлап өткерилетуғын журналистика тараўындағы «Алтын қәлем» миллий сыйлығы ушын халықаралық таңлаўда кәсиплесимиз, газетамыздың арнаўлы хабаршысы Гүлайым Сапарованың баспасөз бағдары бойынша «Ең жақсы журналистлик материаллар ушын» номинациясы бойынша 2-орынға ылайық деп табылғаны гүллән жәмәәтимиз ушын онлаған жыл тыныспадан кейинги үлкен жетискенлик болды десек қәтелеспеймиз.
Әлбетте, инсан мисли бир мийўели дарақ. Солай екен, ким болмасын, дүньяға келер екен, өмирден өз жолын табыў ушын тырысып жасайды. Не бир ойлы-бәлент жолларды басып өтери анық. Мине, усындай жоллардан өткен, баспасөз тараўының «сыпырасында зуўалаланған» Гүлайым Сапарова 1975-жылы елимизге белгили балаларымыздың сүйикли шайыры Халмурат Сапаровтың шаңарағында дүньяға келди. Бәлким, шаңарағындағы орталық оған жақсы тәсирин тийгизген шығар. Ол орта мектептен соң Қарақалпақ мәмлекетлик университетине оқыўға кирип, табыслы тамамлайды. Солай етип, жас қәниге әке жолын даўамлап, мийнет дәптершесиниң дәслепки бети ашылып, оған «Жеткиншек» газетасының хабаршысы деген жазыў мөрленип, бир неше жыл даўамында усы жәмәтте мүлтиксиз хызмет етип, устазынан көп нәрсени үйрене алды. Жумысты «Жеткиншек» газетасынан баслаған ол өткир қәлеми арқасында бүгинлиги «Еркин Қарақалпақстан» газетасында хабаршы ўазыйпасын мүлтиксиз атқарып атыр. Солай екен, журналисттен күшли дыққат-итибар ҳәм зийреклик, тийкарғысы өткир қәлем ҳәм талант талап етилетуғын бул кәсипти меңгериўде оның албырағанын сезгенимиз жоқ. Ҳақыйқатында да, қайсы бир тараўда да жумыс бабында саўатлы, өз исиңе пуқта, салмақлы болсаң утарың көп. Әне сол пазыйлетлер, яғный, жумысқа айрықша жуўапкершилик пенен қараўы оның бүгингидей жетискенликке ерисиўинде де өз сәўлесин тапқан десек асыра айтқан болмаспыз.
Бир сөз бенен айтқанда, шаңарағында әдиўли ана, өз исине пуқта, мийнеткеш, пидайы кәсиплесимиз Гүлайым Сапарованы бүгинги табысы менен қутлықлаймыз.
Гүллән «Еркин Қарақалпақстан»лылар.