ҒАЎАШАЛАРДЫ АЗЫҚЛАНДЫРЫЎ ЖУМЫСЛАРЫНА АРНАЛДЫ
Аўыл хожалығы тараўы ҳәр бир жылдың ҳәр бир мәўсиминен ҳәм күнинен үнемли пайдаланыўды талап ететуғын тараў болып есапланады. Сол себепли де, дийқанларымыз ушын ҳәр бир мәўсимниң ҳәр бир күни ғәниймет ҳәм әҳмийетли.
Жақында Төрткүл районының «Ата журт» АПЖ аймағындағы «Төрткүл агрокластер текстиль» ЖШЖниң пахта атызларында ғаўашаға культивация ислеў жумыслары бойынша көргизбели семинар шөлкемлестирилди. Оған район ҳәкими Р.Шамуратов, ҚР Мәмлекетлик Агроинспекция қадағалаўы басқармасы баслығы А.Юлдашев, ҚР Аўыл хожалығы министрлигиниң пахташылық ҳәм техникалық егинлер бөлими баслығы Қ.Атажанов, секторлар, тийисли шөлкемлер ҳәм фермер хожалықлары баслықлары қатнасты.
Быйылғы жылда районда жәми 8500 гектар жер майданына шигит егиў режелестирилген болып, бүгинги күнде ғаўаша нәли өсип шыққан пахта майданларына биринши культивация ислеў жумыслары баслап жиберилди. Сондай-ақ, ҳәр бир гектар жерге 250 килограммнан минерал төгин бериў жумыслары да культивация ислеў жумыслары менен биргеликте алып барылмақта. Бүгинги күнде әҳмийетли мәўсимде ғаўаша атызларына культивация ислеў ҳәм минерал төгин бериў жумыслары ушын 69 отряд дүзилип, 205 культиватор қатнастырылмақта. Ҳәр бир отрядларға тийисли жуўапкер басшылар бекитилген. Алып барылып атырған культивация жумысларында нәтийжелиликке ерисиў ҳәм жумысшыларды хошаметлеў мақсетинде олардың ҳәр бирине 1 қалта ун, 10 литр ақ май ҳәм 1 млн. сумнан пул қаржылары берилмекте. Буннан тысқары ҳәр бир отрядларда атыз басларына дала шертеклери шөлкемлестирилип, түслик шай ҳәм ыссы аўқат берилип барылмақта. Соның менен биргеликте, жердиң ҳәр бир қарыс жеринен үнемли пайдаланыў мақсетинде ғаўаша нәллери егилген пахта атызларының шетлерине асқабақ, палаўқабақ сыяқлы палыз егинлериниң туқымларын егиў ислери де қызғын алып барылмақта. Районда ғаўаша атызларына культивация ислеў ҳәм минерал төгин бериў жумыслары даўам етпекте.
Сағынбай ОРАЗЫМБЕТОВ,
өз хабаршымыз. Төрткүл районы.
СҮЎРЕТТЕ: көргизбели семинардан көринис.