Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 14:20:24, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

СТУДЕНТЛЕР ТУРАҚ ЖАЙЫ ПАЙДАЛАНЫЎҒА ТАПСЫРЫЛДЫ

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде 550 орынға мөлшерленген студентлер турақ жайы пайдаланыўға тапсырылды.

Ашылыў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов, Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта билимлендириў министриниң орынбасары С.Бузрукханов шығып сөйлеп, жыйнал­ғанларды жаңа имараттың пайдаланыўға тапсырылыўы менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, 2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы ҳәм оны «Инсан қәдирин улығлаў ҳәм белсенди мәҳәлле жылы»нда әмелге асырыў мәмлекетлик бағдарламасы, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 9-сентябрьдеги «Республика жоқары билимлендириў мәкемелеринде студентлерди турақ жай менен қамтып алыў дәрежесин арттырыў ҳаққында»ғы қарары тийкарында, жоқары билимлендириў мәкемелеринде студентлерди турақ жай менен қамтып алыў дәрежесин арттырыў, барлық қолайлықларға ийе болған заманагөй студентлер турақ жайларын қурыў ушын қосымша шараятлар жаратыў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Студентлер турақ жа­йының қурылыс ҳәм реконструкция жумыслары ушын университеттиң бюджеттен тысқары қаржылары есабынан 14 миллиард сумнан зыят пул ажыратылып, «Инвест Строй Нукус» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң қурылысшылары тәрепинен сапалы етип питкерилди. Заманагөй жойбар тийкарында қурылған студентлер турақ жайына 1 миллиард 21,7 миллион сумлық мебель үскенелери, музлатқыш, кир жуўыў машиналары, электр плиталар, телевизор ҳәм бас­қа да керекли турмыслық техникалар менен тәми­йинленди.

Судентлердиң бос ўақытларын мазмунлы өткериўи, кеўилли дем алыўы ушын барлық шараят жаратылған. Президентимиз тәрепинен алға қойылған 5 басламаны жаслар арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў мақсетинде  заманагөй мәлимлеме технологиялары, компьютер бөлмелери, мәлимлеме-ресурс орайы, түрли дөгереклер, соның менен бирге дем алыў, аўқатланыў ҳәм жуўыныў бөлмелери бар. Қәнигелердиң атап өткениндей, келеси жылы усындай 550 орын­ға мөлшерленген студентлер турақ жайы пайдаланыўға тапсырылады.

Илаж қатнасыўшылары бул жерде жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.

 Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВтың түсирген сүўрети.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF