Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 19:19:39, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МЫҢНАН АСЛАМ ЖАСЛАР ҚАТНАСТЫ

Өткен шемби күни Нөкис қаласында «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде «Жасыл мәканды — жаслар өз қолы менен жаратады!» сүрени астында абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў акциясы болып өтти.

Өзбекстан жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен шөлкемлестирилген илаждың ашылыў салтанатында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутаты Л.Сейтова, жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы И.Абдикаликов, Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министри С.Турманов шығып сөйлеп, жаслардың қоршаған орталықты абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў бойынша басламасын қоллап-қуўатлады ҳәм миннетдаршылық билдирди.

Атап өтилгениндей, Президентимиздиң басшылығында 2021-жыл 2-ноябрь күни болып өткен видеоселектор мәжилисинде қалалар, район орайлары ҳәм елатлы пунктлердеги экологиялық  жағдайды ҳәм ҳаўаның тазалығын жақсылаў мақсетинде «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбарын әмелге асырыў, оның шеңберинде жылына 200 миллион түп терек ҳәм пута нәлин егиў арқалы қалалардағы жасыл майданларды көбейтиў ўазыйпасын белгилеп берген еди.

Республикамыз жасларының басламасы менен өткерилген акцияның тийкарғы мақсети — халықтың, әсиресе, жасларымыздың экологиялық билимин арттырыў, қоршаған орталыққа дыққат-итибарды күшейтиў, ана тәбиятты келешек әўлад ушын сақлаў, экологиялық турақлылықты тәмийинлеў болып табылады.

Жоқары оқыў орынларынан қатнасқан кеўилли жаслар Нөкис қаласындағы «Теле орай» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында «Жаслар бағы»н жаратыў ҳәм «Истиқлол» балалар дем алыў орайы аймағында нәл егиў жумысларында белсендилик көрсетти. Атап айтқанда, акцияда қатнасқан мыңнан аслам жас тәрепинен 3700 түп мийўе ҳәм саяманлы терек нәли егилди. Буннан тысқары, жаслар орайлық майданларды абаданластырыў жумысларында қатнасты. 

Бундай басламалар ҳәр бир инсанды елимиздиң абаданлығы жолындағы қайырлы ислерге үлес қосыўға шақырады. Жаслар тәрепинен егилген ҳәр бир терек нәли — ертеңги таза ҳаўа, гөззал тәбият, жасыл мәкан болып табылады.

 Бул акция республикамыздың районларында да болып өтеди.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF