Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 03:21:55, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МӘҲӘЛЛЕ ТУРҒЫНЛАРЫ БАЙРАМ ҚУШАҒЫНДА

Наўрыз  — жаңаланыў, жасарыў ҳәм мийирманлық байрамы. Бул әййям Нөкис қаласы мәҳәллеринде де көтериңки руўхта өткерилмекте.

Жаслар ислери агентлиги Нөкис қалалық бөлими тәрепинен мәҳәллелердеги жаслар жетекшилериниң басламасы менен Нөкис қаласы 3сектор аймағында жайласқан «Туңғыш қоныс» мәҳәллесинде 16 мәҳәлле менен биргеликтеги «Қәдирият, үрп-әдет, жаслар сейили ҳәм «Наўрыз фест» атамасындағы байрам тамашалары шөлкемлестирилди. Пайтахтымыздағы «Ақ отаў» мәкан пуқаралар жыйыны ҳәм Жаслар ислери агентлиги жетекшилери менен биргеликте старт алған «Саламатлық ушын 5000 қәдем» ураны астындағы жүриў марафоны «Туңғыш қоныс» мәҳәллесинде қурылған Аталар дем алыў орайына жетип келди.

Байрам илажларын дәслепкилерден баслаған «Туңғыш қоныс» мәҳәллеси сол күни миллийлигимиз нышаны болған қара үй тигилип, байрамға сай безелген әтирап-аймақ жасы үлкенлер менен жасы кишилерге толы болыўы ҳәр бир адамда байрам кейпиятын пайда етти. Байрам салтанатында шығып сөйлегенлер барлық қатнасыўшыларды Наўрыз әййямы менен қызғын

қутлықлап, жақсы тилеклер тиледи. Кең дастурханға жайылған миллий тағамлар, ҳәр қыйлы буйымлары  көргизбеси жыйналғанлар нәзерине усынылды.

Жаслардың бос ўақтын мазмунлы өткериў мақсетинде «Закаўат»  интеллектуал ойынында аймақтың белсенди жаслары бес команда қурамында өз-ара беллескен болса, жас өспиримлер миллий ойынлар есапланған арқан тартысыў, миллий гүреслерде өзлерин сынады.

Мәҳәлле жетекшилериндеги бүгинги күндеги итибар қаратылып атырған жөнелислерден бири болған ўатансүйиўшилик илажлары ҳәр бир мәҳәлледе Қураллы Күшлер, Миллий гвардия хызметкерлери тәрепинен оқ жайдан атыў, шахматшашка ҳәм басқа да бағдарлар жасларда Ўатанды қорғаўға болған сүйиспеншилигин арттырыўда әҳмийетли болды. Ҳәр қыйлы ойын-заўық бағдарламасына кишкенелердиң қатнасыўы, әсиресе, сүмелек тағамынан ҳәммениң дәм татысыўы байрам қатнасыўшыларын және де руўхландырды.  Үш әўлад ушырасыўында жасыүлкен нураныйларымыз жасларға турмыс тәжирийбелери менен ертеңги уллы келешекти қурыўда  зәрүр болған үгит-нәсиятлар берди. Жаслар менен бирге ислесиўди жетилистириўде усындай илажлардың өткерилиўи әҳмийетли орын ийелейди.

Қулласы, күн даўамындағы тамашалар «Наўрыз фест» гала-концерти менен өз жуўмағына жетти. Аймақларда өткерилип атырған бундай Наўрыз тамашалары халқымыздың миллийлигин, онда жәмленген ең жоқары инсаныйлық пазыйлетлерди жасларға сиңдириўде оғада әҳмийетли есапланады.

Г.САПАРОВА,

Арнаўлы хабаршымыз.

СҮЎРЕТЛЕРДЕ: илажлардан көринислер.

Автордың түсирген сүўретлери.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF