МӘМЛЕКЕТЛИК САТЫП АЛЫЎЛАР ҲАҚҚЫНДА
Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик сатып алыў ҳаққында»ғы Нызамының нәтийжели орынланыўын, мәмлекетлик буйыртпашылар тәрепинен оның үзликсизлигин тәмийинлеў, соның менен бирге, мәмлекетлик сатып алыўдың әмелге асырылыўын тәртипке салыўды жетилистириў мақсетинде усы Нызамның қайсы мәмлекетлик сатып алыўына қолланылыўы мүмкинлиги, қайсыларына қолланылыўы мүмкин емеслигин анықлаў талап етиледи.
Әмелиятта бул жөнинде айырым түсинбеўшиликлер жүзеге келип, сол себепли бул мәселеге анықлық киргизиў мақсетке муўапық болып есапланады. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 27-сентябрьдеги ПҚ-3953-санлы қарарының 1-бөлиминде «Мәмлекетлик сатып алыў ҳаққында»ғы Нызамның төмендеги жағдайларда қолланылмаслығы белгилеп өтилген, яғный:
Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен тастыйықланатуғын дизимге муўапық стратегиялық субъектлер тәрепинен әмелге асырылатуғын мәмлекетлик сатып алыўларға;
мәмлекет тәрепинен қорғаў керек болған адамлардың қәўипсизлигин тәмийинлеў, Өзбекстан Республикасында қорғаныў қәбилетин, қәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм ишки тәртипти сақлаў ушын әмелге асырылатуғын, соның менен бирге, мәмлекет сырлары менен байланыслы болған мәмлекетлик сатып алыўларға;
айрықша жағдайлар жүз бергенде Өзбекстан Республикасының мүтәжликлерин тәмийинлеў ушын зәрүр болған товарлар (жумыслар, хызметлер)дың мәмлекетлик сатып алыўларына;
егер донор мәмлекетлердиң, тийисли халықаралық, ҳүкиметке қараслы болған ҳәм ҳүкиметке қараслы болмаған сырт ел шөлкемлериниң тәртип-қағыйдаларында ямаса Өзбекстан Республикасының кепиллиги астында сырт ел кредитлерин ҳәм сырт ел грантларын усыныў шәртлеринде товарларды (жумысларды, хызметлерди) сатып алыўдың басқа тәртиби көрсетилген болса;
Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўына, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси, халық депутатлары ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалық Кеңеслери сайлаўына, соның менен бирге, Өзбекстан Республикасының референдумларына таярланыў ҳәм оларды өткериў ушын әмелге асырылатуғын мәмлекетлик сатып алыўларға;
суд додалаўларында қатнасыў ушын адвокат (ўәкил) тайынланыўы менен байланыслы мәмлекетлик сатып алыўларға;
баҳалары нызам ҳүжжетлерине муўапық қатаң белгиленген товарлар (жумыслар, хызметлер)дың мәмлекетлик сатып алыўларына қолланылмайды.
Қарарда Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбар басқарыўы миллий агентлиги, Есап палатасы ҳәм Өзбекстан Республикасы Финанс министрлигиниң мәмлекетлик буйыртпашылар тәрепинен товарлар (жумыслар, хызметлер)ды кейинирек олар ҳаққындағы мағлыўматларды шәртнама дүзилген сәнеден баслап 3 күннен кешиктирместен мәмлекетлик сатып алыўлардың арнаўлы мәлимлеме порталына жайластырған ҳалда туўрыдантуўры шәртнамалар тийкарында сатып алыў режимин белгилеў ҳаққындағы усынысы қабыл етилген. Бунда, товарлар (жумыслар, хызметлер)дың мәмлекетлик сатып алыўлар бойынша дүзилген шәртнамалар ҳәм оларға қосымша келисимлер Өзбекстан Республикасы Экономикалық
раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги жанындағы «Жойбарлар ҳәм импорт контрактларды комплекс экспертиза етиў орайы» мәмлекетлик унитар кәрханасында комплекс экспертизадан өткерилмеслиги, бунда баҳасы базалық есаплаў муғдарының 25000 (бюджет буйыртпашылары ушын 6000) есе муғдарынан асқан шәртнамалар ҳәм оларға қосымша келисимлерден тысқары, белгиленген.
Мәмлекетлик буйыртпашылар тәрепинен мәмлекетлик сатып алыўдың арнаўлы мәлимлеме:
басланғыш баҳаны түсириў бойынша аукцион өткериў ҳаққында дағаза — оны өткериўден кеминде 5 күн алдын;
таңлаў өткериў ҳаққындағы дағаза — таңлаў қатнасыўшыларынан усынысларды қабыллаў мүддетиниң тамамланыўынан кеминде 10 күн алдын жайластырылады.
Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳәм Финанс министрлиги Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбар басқарыўы миллий агентлиги, басқа да мәпдар министрлик ҳәм ведомстволар менен биргеликте мәмлекетлик сатып алыўларды сапалы ҳәм үзликсиз өткериўге тосқынлық ететуғын машқалаларды анықлаў ҳәм оларды сапластырыў бойынша илажларды көриў менен байланыслы мәмлекетлик сатып алыўлар саласындағы ҳуқықты қолланыў әмелияты анализин турақлы түрде өткерип барыў белгиленген.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 27сентябрьдеги ПҚ-3953-санлы қарарына қосымшада мәмлекетлик буйыртпашылар тәрепинен туўрыдан-туўры шәртнамалар бойынша сатып алынатуғын товарлар (жумыслар, хызметлер) дизими келтирилген. Усы дизимге муўапық, 43 жағдайда туўрыдан-туўры шәртнамалар бойынша товарлар (жумыслар, хызметлер) сатып алыў ҳуқықы берилген. Әмелиятта шәртнамалар усы жағдайлар инабатқа алынып дүзилиўи тийис.
Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик сатып алыў ҳаққында»ғы Нызамы талапларының сапалы орынланыўын тәмийинлеўде, мәмлекетлик сатып алыўды нызамшылық тийкарында әмелге асырыўда айтылған қарардың талапларын қатаң орынлаў талап етиледи.
Б.ДӘЎЛЕТОВ,
Нөкис қалалық юридикалық хызмет көрсетиў
орайының бас юрисконсульти.