Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 16:09:56, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖУЎАП ХАТҚА ЖҮЗЛЕНЕМИЗ

Усы жыл 14-январь күни редакциямызға Тақыятас районы «Абат мәкан» МПЖ, Рамазан көшеси, 8-жайда жасаўшы пуқара Мақсет Утемуратов: «2011-жылдың 22-август күнинен баслап Қарақалпақстан Республикасы Бюджеттен тысқары пенсия қорының Тақыятас районлық бөлими пенсия нызамының 8-статьясына муўапық, ис стажы толық болмаған ўақыттағы жасқа байланыслы пенсия, яғный, жәми 21 жыл 10 ай ис стажы есабынан 98 мың 077 сум муғдарында пенсия таярлағанлығын, мийнет дәптершесинде ислеген жумысларының барлығы толық көрсетилген болса да, Қарақалпақстан Республикасы Бюджеттен тысқары пенсия қорының Тақыятас районлық бөлими оның УМС «ККИрмонтажстрой», «Нукусский межрайонный торговый база» ҳәм ОРС «ККИрсовхозстрой» мәкемелериндеги жумыс ислеген дәўирлериндеги ҳүжжетлери мәмлекетлик архивке сақлаў ушын тапсырылмаған деп, есапқа алмай, аз муғдарда пенсия таярлағанлығын, мийнет дәптершесинде толық көрсетилген ислеген жумыслары бойынша қайтадан есаплап, пенсия таярланыўына әмелий жәрдем бериўди» сорап, мүрәжат еткен еди.

Биз усы жыл 17-январь күни Өзбекстан Республикасы Финанс министрлиги жанындағы Бюджеттен тысқары пенсия қорының Қарақалпақстан Республикасы басқармасына мүрәжат етип, пуқара М.Утемуратовтың мүрәжатын тийислисинше үйренип шығып, редакцияға жуўап бериўин сорандық. 27-январь күни редакциямызға Қарақалпақстан Республикасы Бюджеттен тысқары пенсия қорының басқарма баслығы А.Убайдуллаевтан жуўап хат келди.

Оның жуўап хаты бойынша «Еркин Қарақалпақстан» газетасының усы жыл 3-февраль күнги №13 (20723) санында «Жуўапта жуўап жоқ» атамасында сын мақала жәрияланды ҳәм усы күни «Еркин Қарақалпақстан» газетасы басшылығының Өзбекстан Республикасы Финанс министрлиги жанындағы Бюджеттен тысқары пенсия қоры Қарақалпақстан Республикасы басқарма баслығы А.Убайдуллаевқа усы сын мақалаға жуўап бериўин сорап, №5 санлы хат жиберилди.

Усы жылдың 2-март күни Өзбекстан Республикасы Финанс министрлиги жанындағы Бюджеттен тысқары пенсия қоры Қарақалпақстан Республикасы басқарма баслығының орынбасары Т.Сатыбалдиевтан төмендеги мазмунда жуўап хат келди: «Мәмлекетлик пенсиялар Өзбекстан Республикасының «Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында»ғы Нызамы ҳәм әмелдеги норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер тийкарында таярланады. Пенсия нызамының 7-статьясына муўапық, ер адамлар 60 жасқа толғанда ҳәм мийнет стажлары кеминде 25 жыл болған жағдайда жасы бойынша пенсия алыў ҳуқықына ийе болады. Пенсия нызамының 8-статьясында пенсия таярлаў ушын жетерли мийнет стажына ийе болмаған шахсларға жасы бойынша пенсиялар Пенсия нызамының 37-статьясы 1-бөлиминиң «а», «б», «в» ҳәм «г» бәнтлеринде нәзерде тутылған кеминде 7 жыл мийнет стажы болған жағдайда бар стажға тең үлесте (пропорционал) таярланыўы белгилеп қойылған. Пенсия нызамының 25статьясына муўапық, пенсия муғдары мийнет стажының мүддетине байланыслы болып, пенсияның таяныш муғдарынан, мийнет стажы ушын пенсияның асырылыўынан ҳәм пенсияға қосылатуғын үстемелерден ибарат болады. Пенсия нызамының 31-статьясына муўапық, пенсияны есаплап шығарыў ушын жумыстағы үзилислерге қарамастан ақырғы 10 жыллық мийнет искерлиги даўамындағы қәлеген избе-из бес жылдағы (пенсия сорап мүрәжат еткен шахстың таңлаўы бойынша) ис ҳақы алынады. Пенсия нызамының 48-статьясына муўапық, пенсия таярлаў ҳаққындағы қарар үстинен шағым район (қала) судына берилиўи мүмкин.

Пуқара Мақсет Утемуратовқа (1951-жылы 22-августта туўылған) Пенсия қоры Тақыятас районлық бөлими тәрепинен 20ll-жыл 22-сентябрь күнги жасы бойынша пенсия таярлап бериўди сорап жазған арзасы ҳәм қосымша тапсырған ҳүжжетлери тийкарында Пенсия нызамының 8-статьясына муўапық, мийнет стажы толық болмаған жасы бойынша пенсиясы 2011-жылдың 22-августынан баслап жәми 21 жыл 10 ай мийнет стажы (соннан талап етилген мийнет стажы 25 жыл) есабынан 98 077,08 сум муғдарында таярланған. Пуқара М.Утемуратовтың мийнет дәптершеси бойынша ислеген мийнет дәўирлери толығы менен мийнет стажы қурамына киргизилген.

Пенсия қоры Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен пуқара М.Утемуратовқа таярланған мийнет стажы толық болмаған жасы бойынша пенсия үйренип шығылғанда төмендегилер анықланды: Пуқара М.Утемуратов Пенсия нызамының 31-статьясы бойынша ақырғы 10 жыллық мийнет искерлиги даўамында ислеп тапқан ис ҳақы бойынша мағлыўматнамаларды усынбаған. Тек ғана Баҳалы ҳүжжетлерди экспертизалаў бойынша хожалық есабындағы «Архивист» кәрханасының 2011-жыл 4-августтағы 224-санлы, Қарақалпақстан Республикасы Орайлық мәмлекетлик архивиниң 2011-жыл 3-августтағы 545-санлы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ҳүжжетлердиң баҳалылығын анықлаў бойынша хожалық есабындағы кәрханасының 2011-жыл 9-августтағы 124санлы УМС «ККИрмонтажстрой», «Нукусский межрайонный торговый база» ҳәм ОРС «ККирсовхозстрой» кәрханаларының ҳүжжетлери келип түспегенлиги ҳаққындағы мағлыўматнамаларды усынған. Сол себепли Пенсия қоры Тақыятас районлық бөлими тәрепинен Пенсия нызамының 42-статьясы (мийнет дәптершеси (электрон мийнет дәптершеси) мийнет стажын тастыйықлаўшы тийкарғы ҳүжжет есапланады) бойынша пуқара М.Утемуратовқа мийнет стажы толық болмаған жасы бойынша пенсия таярлаўда мийнет дәптершесинде көрсетилген жазыўлар бойынша мийнет искерлиги дәўирлери толық есапқа алынған.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 17августтағы «Ис ҳақы, пенсиялар, стипендиялар ҳәм напақалар муғдарын асырыў ҳаққында»ғы ПП-6279-санлы Пәрманы тийкарында пуқара М.Утемуратовтың пенсия муғдары 2021-жылдың 1-сентябринен баслап жәми 21 жыл 10 ай мийнет стажы (соннан талап етилген мийнет стажы 25 жыл) есабынан 551 233,33 сумға қайта есапланған. Солай екен, нызам шеңберинде пуқара М.Утемуратовтың пенсия исиндеги ҳүжжетлер тийкарында оның муғдарын асырыў имканияты жоқ екенлигин мәлим етип билдиремиз».

Сағынбай ОРАЗЫМБЕТОВ,

өз хабаршымыз.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF